Ефеслилер 2 bob

Өлимнен өмирге өтиў (1-10), Ийса Масих арқалы бирлесиў (11-22).

1 Сизлер бир ўақытлары айып ҳәм гүналарыңыз себепли өли едиңлер.
2 Сонда сизлер бул дүньяның әдети бойынша, ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳәким – шайтанға, яғный ҳәзир Қудайға қулақ аспайтуғын адамларда ҳәрекет етиўши руўхқа бойсынып жасайтуғын едиңлер.
3 Бир ўақытлары бизлердиң ҳәммемиз де усындай адамлардың арасында өз гүнакар тәбиятымыз бойынша жасадық. Денемиздиң ҳәм ой-нийетимиздиң жаман қәлеўлерин орынладық. Сол себептен басқалар сыяқлы бизлер де тәбиятымыз бойынша Қудайдың ғәзебине ылайықлы адамлар едик.
4 Бирақ, мийрим-шәпәәтке бай болған Қудай бизлерди соншелли сүйгенликтен,
5 гүналарымыз себепли өли болсақ та, бизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Сизлер Оның мийрими менен қутқарылдыңыз.
6 Бизлер Масих Ийса менен қатнаста болғанлықтан, Қудай бизлерди Масих пенен бирге тирилтип, Оның менен бирге Аспан Патшалығында отырғызды.
7 Қудай Масих Ийса арқалы бизлерге реҳим етип, Өз мийриминиң шексиз байлығын келешек дәўирлерде көрсетиў ушын усылай иследи.
8 Сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Қудайдың сыйы болғанлықтан,
9 ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды.
10 Себеби бизлер Қудайдың дөретпесимиз. Өзи алдын ала таярлаған жақсы ислерин ислеп жасаўымыз ушын, Ол бизлерди Масих Ийса арқалы жаратты.
11 Сонлықтан мыналарды еске түсириңлер: сизлер бир ўақытлары бутқа табыныўшы миллет адамы болып туўылып, денесиндеги ети қол менен кесилип сүннет етилген яҳудийлер тәрепинен «сүннетсизлер» деп аталатуғын едиңиз.
12 Ол ўақытлары сизлер Масих пенен байланысы жоқ, Израил халқына жат ҳәм Қудайдың оларға берген ўәдесиниң Келисиминен бийнесип адамлар едиңлер. Бул дүньяда үмитсиз ҳәм қудайсыз болып жасадыңлар.
13 Бирақ бурын Қудайдан узақ болған сизлер енди Масих Ийса менен қатнас жасап, Масихтың қаны арқалы Қудайға жақын болдыңлар.
14 Өйткени Масихтың Өзи – яҳудийлер менен басқа миллетлерди бирлестирген бизиң жарастырыўшымыз. Ол Өз денесин қурбан етип, арадағы айырып турған дийўалды, яғный душпанлықты жоқ қылды.
15 Яҳудийлер менен басқа миллетлерден Өзи менен байланыста болатуғын бир жаңа халықты жаратыў мақсетинде, Ол буйрық ҳәм қағыйдалардан ибарат болған яҳудийлердиң нызамын бийкар етти. Буны тынышлықты орнатып,
16 душпанлықты жоқ қылған атанақ ағаш арқалы екеўин бир жаңа халық қылып, Қудай менен жарастырыў ушын иследи.
17 Масих келип, Қудайдан узақ болған сизлерге ҳәм Қудайға жақын болған яҳудийлерге тынышлық Хош Хабарын жәриялады.
18 Ол арқалы бизлер ҳәммемиз бир Мухаддес Руўх пенен Әкемиз Қудайдың алдына бара аламыз.
19 Солай етип, енди сизлер жат ҳәм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Қудайдың шаңарағының ағзаларысыз.
20 Сизлер елшилер ҳәм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы – Масих Ийсаның Өзи болады.
21 Онда пүткил имарат қуралып, Ийемизге тийисли бир мухаддес Ибадатхана болыў ушын өсип барады.
22 Масих пенен қатнаста болған сизлер де Қудай Мухаддес Руўхы арқалы жасайтуғын мәкан болыўыңыз ушын, ҳәммеңиз бирликте қуралып барасызлар.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16