Ефеслилер 1 bob

Сәлемнама (1-2), Руўхый жарылқаў (3-14), Павелдиң исениўшилер ушын дуўа етиўи (15-23).

1 Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, Масих Ийсаға садық болған Ефес қаласындағы исениўшилерге сәлем!
2 Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
3 Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға алғыс-мақтаўлар болсын! Ол бизлерди Масих арқалы аспандағы ҳәр түрли руўхый жарылқаў менен жарылқады.
4 Қудай Өзиниң алдында мухаддес ҳәм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Қудай бизлерди сүйип,
5 Ийса Масих арқалы Өзиниң балалары қылып асырап алыў ушын, алдын ала белгиледи. Бул Оның әжайып қәлеўи бойынша болды.
6 Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Өзине алғыс айтыўымыз ушын, Қудай усылай иследи.
7 Масих пенен қатнаста болған бизлер Оның қаны арқалы қутқарылдық, яғный Қудайдың бай мийрими бойынша гүналарымыз кеширилди.
8 Қудай бул бай мийримин пүткил ақыл-даналық пенен үстилеримизге жаўдырып,
9 Өз еркиниң сырын бизлерге ашып берди. Бул Оның Масих арқалы жобаластырған әжайып мақсети бойынша болды.
10 Белгиленген ўақыт болғанда әмелге асатуғын Қудайдың жобасы – жердегилердиң ҳәм аспандағылардың ҳәммесин Масихтың басшылығында бирлестириўден ибарат.
11 Ҳәмме нәрсени Өз қәлеўи менен иске асыратуғын Қудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масих арқалы таңлап алындық.
12 Бул Масихқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды.
13 Ҳақыйқат сөзин, яғный қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды еситип, Масихқа исенгениңизде, сизлер де ўәде етилген Мухаддес Руўх пенен мөрленип, Қудайға тийисли болдыңлар.
14 Қудайға тийисли болған бизлердиң толық қутқарылыўымызға дейин бул Мухаддес Руўх – Қудайдың бизлерге ўәде еткен мийрасының гиреўи. Булардың ҳәммеси бизлердиң уллы Қудайды алғыслаўымыз ушын болды.
15 Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери,
16 мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Және де, дуўа еткенимде, сизлерди бәрқулла тилге аламан.
17 Ийемиз Ийса Масихтың Қудайы, даңқ-салтанатқа ийе Әке Өзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳәм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп, Қудайдан сорап атырман.
18 Қудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳәм Оның исениўшилерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң көзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман.
19 Және де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳәрекет еткен Қудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин сизлер билсин деп те, дуўа етип атырман.
20 Қудай усы күш пенен Масихта ҳәрекет етип, Оны өлимнен қайта тирилтти ҳәм аспанда Өзиниң оң жағына отырғызды.
21 Қудай Масихты барлық ҳәкимшилик ҳәм бийликтен, пүткил қүдирет ҳәм ҳүкимдарлықтан, тек усы заманда емес, ал келешек дәўирде де аталатуғын ҳәмме атлардан жоқары қойды.
22 Ҳәмме нәрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жәмәәтиниң басы қылды.
23 Исениўшилер жәмәәти Масихтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масихтың толылығына ийе.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16