Галатиялылар 5 bob
1 Масих бизлерди еркин өмир сүриўимиз ушын азат қылды. Сонлықтан беккем турыңлар, өзлериңизге қайтадан қуллық мойынтырығын салыўға жол қоймаңлар.
2 Қараңлар! Мен, Павел, сизлерге мыналарды айтып атырман: егер сүннет етилсеңиз, Масихтың сизлерге ҳеш пайдасы жоқ.
3 Сүннет етилген ҳәр бир адамды және ескертип атырман: ол пүткил Мухаддес Нызамды орынлаўға парызлы.
4 Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы ақланыўға тырысып атырған сизлер Масихтан айырылдыңлар. Қудайдың мийриминен алысладыңлар.
5 Бирақ бизлер Мухаддес Руўх себепли исеним арқалы ақланыўдан үмит етип, интизарлық пенен күтпектемиз.
6 Ийса Масихқа исенетуғынлар ушын сүннетлениўдиң де, сүннетленбеўдиң де ҳеш қандай әҳмийети жоқ. Тек сүйиспеншилик пенен ҳәрекет еткен исеним ғана әҳмийетли.
7 Сизлер жақсы баратыр едиңлер. Ҳақыйқатқа бойсыныўды даўам етиўден сизлерди ким айнытты?
8 Бундай айнытыў сизлерди шақырған Қудай тәрепинен болмады.
9 Аз ғана ашытқы пүткил қамырды ашытады.
10 Сизлердиң басқаша пикир жүргизбейтуғыныңызға Ийем Ийса алдында исенимим кәмил. Бирақ, сизлердиң ақылыңызды шатастырған ким болыўына қарамай, жазасын тартады.
11 Маған келетуғын болсақ, туўысқанларым, егер елеге дейин сүннеттиң керек екенлигин жәриялап келгенимде, қуўдаланар ма едим? Егер олай болғанда, атанақ ағаш ҳаққында айтқан ўазларым себепли машқала туўылмас еди.
12 Қәне енди, сизлерди үгитлеп атырғанлардың ҳәммеси өзлерин ақта етсе!
13 Туўысқанлар! Қудай сизлерди азат болыўға шақырған. Тек азатлығыңызды өз тәбиятыңыздың қәлеўлериниң қурбаны қылмаң. Оның орнына бир-бириңизге сүйиспеншилик пенен хызмет етиңлер.
14 Пүткил Мухаддес Нызам бир сөзде жәмленген: «Өзиңди қалай сүйсең, жаныңдағы адамды да солай сүй» .
15 Бирақ бир-бириңиз бенен тислесип, бир-бириңизди жесеңлер, онда бир-бириңизди жоқ етиўден абайлы болыңлар!
16 Және айтажағым мынаў: Мухаддес Руўхқа бойсынып жасаңлар! Сонда өз тәбиятыңыздың жаман қәлеўлерине ҳеш қашан бойсынбайсызлар.
17 Өйткени адам тәбиятының жаман қәлеўлери Мухаддес Руўхқа, Мухаддес Руўх адам тәбиятының жаман қәлеўлерине қарсы. Олар бир-бирине қарсы болғанлықтан, сизлер ислеўди қәлеген нәрселериңизди ислей алмайсызлар.
18 Ал егер сизлер Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүрсеңлер, онда Мухаддес Нызам астында емессизлер.
19 Адамның гүнакар тәбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық,
20 бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жәнжелкешлик, күншиллик, ғәзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бөлиниў,
21 қызғаншақлық, мәскүнемшилик, айшы-әширет ҳәм усыларға уқсаған нәрселер. Сизлерди алдын ескерткенимдей, және ескертип атырман: усындай ис-ҳәрекетти ислеўшилер Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
22 Бирақ, адам өмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси – сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырқомлық, садықлық,
23 мүләйимлилик ҳәм өзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ.
24 Ийса Масихқа тийисли болғанлар өз тәбиятын қәлеўлери ҳәм нәпсилери менен бирликте атанақ ағашқа шегелеп қойған.
25 Мухаддес Руўх өмиримиздиң тийкары болғанлықтан, Оның жетелеўи менен жүрейик.
26 Даңқпараз болмайық, бир-биримиздиң ашыўымызға тийип, күншиллик етпейик.