Галатиялылар 4 bob

Павелдиң галатиялылар ушын тәшиўишлениўи (8-20), Ажар ҳәм Сара мысалы (21-31).

1 Және айтажағым мынаў: мийрасхор ҳәмме нәрсениң ийеси болса да, бала ўақтында оның қулдан айырмашылығы жоқ.
2 Ол әкесиниң белгилеген ўақтына дейин тәрбияшылар менен үй басқарыўшысының бақлаўы астында болады.
3 Усы сыяқлы, бизлер де балалық ўақтымызда, яғный ҳақыйқатлықты толық түсинбеген ўақтымызда дүньяның мәниссиз қағыйдаларының қулы едик.
4 Бирақ ўақты келгенде, Қудай Өз Улын жиберди.
5 Ол Мухаддес Нызамның қулы болғанлардың қутқарылыўы ушын ҳәм бизлердиң Қудайдың балалары болыўымыз ушын ҳаялдан туўылып, Мухаддес Нызамға бойсынып жасады.
6 Сизлер енди Қудайдың балалары болдыңлар. Сонлықтан Ол Өз Улының Руўхын жүреклериңизге жиберди. Усы Руўх арқалы сизлер Қудайды: «Әке, Әкежаным!» деп шақырыўыңызға болады.
7 Сол себептен сен енди қул емессең, ал Қудайдың перзентисең. Қудайдың перзенти болғаның ушын, Қудай сени мийрасхор етти.
8 Бурын сизлер Қудайды билмей, негизи Қудай болмаған нәрселерге қул болдыңлар.
9 Енди болса, Қудайды билип алдыңлар, туўрырағы, сизлерди Қудай таныйды. Солай екен, неге енди және дүньяның ҳәлсиз ҳәм қәдирсиз қағыйдаларына қайтып баратырсызлар. Қайтадан және олардың қуллары болмақшымысызлар?
10 Күнлер, айлар, мәўсимлер ҳәм жылларды белгилейсизлер.
11 Сизлер ушын бийкарға мийнет еттим бе, деп тәшиўиштемен.
12 Туўысқанларым! Сизлерден өтиниш етемен, мен сыяқлы болыңлар. Себеби мен де сизлер сыяқлы болдым. Сизлер маған ҳеш қандай жаманлық ислемедиңлер.
13 Хош Хабарды сизлерге биринши мәрте ден-саўлығымның ҳәлсизлиги себепли жәриялағанымнан хабарыңыз бар.
14 Мениң ден-саўлығымның жағдайы сизлер ушын бир сынақ болса да, менменсип, маған тәкаббирлик етпедиңлер. Керисинше, мени Қудайдың бир периштесиндей, ҳәтте, Ийса Масихтай қабыл еттиңлер.
15 Енди сол қуўанышыңыз қаяқта?! Сизлерге өзим гүўаман: қолларыңыздан келсе, көзлериңизди ойып, маған берер едиңлер.
16 Енди сизлерге ҳақыйқатты айтаман деп, душпаныңыз болдым ба?
17 Мухаддес Нызамды орынлаўды талап еткенлер сизлерди өз тәрепине аўдарыўға тырысып атыр, бирақ бул жақсы нийет емес. Өзлерине бағыныўға тырысыўыңыз ушын, олар сизлерди бизлерден айырмақшы.
18 Жақсы нийет пенен тырысыў – бул жақсы нәрсе. Бул тек мен сизлердиң араңызда болғанымда емес, ал бәрқулла усылай болса жақсы.
19 Балаларым! Масих сыяқлы болмағаныңызша, мен сизлерди қайтадан туўып атырғандай, толғақ азабын шекпектемен.
20 Ҳәзир жаныңызда болып, даўысымды мүләйим қылып өзгертсем еди. Өйткени сизлерди не қыларымды билмей, аң-таң болып турман.
21 Мухаддес Нызам астында жасаўды қәлеген сизлер маған айтыңларшы, Мухаддес Нызамның не дейтуғынын билмейсизлер ме?
22 Себеби Ибрайымның еки улы болды: биреўи шоры ҳаялдан, екиншиси азат ҳаялынан еди, деп жазылған.
23 Шоры ҳаялдан болған улы әпиўайы жол бойынша, ал азат ҳаялдан болған улы ўәде бойынша туўылды.
24 Бунда тымсал мәниси бар. Бул еки ҳаял еки келисимди аңлатады. Биреўи қуллықта болатуғын балаларды туўатуғын Ажар – Синай таўында дүзилген келисимниң тымсалы.
25 Арабстандағы Синай таўының тымсалы болған Ажар ҳәзирги Ерусалимди аңлатады. Өйткени бул қала өз халқы менен еле де Мухаддес Нызамның қуллығында.
26 Бирақ, аспандағы Ерусалимниң тымсалы болған Сара азат, ол бизлердиң анамыз.
27 Себеби былай деп жазылған: «Ҳәй, бала туўмайтуғын нәсилсиз ҳаял шад бол! Толғақ азабын билмейтуғын ҳаял, Даўысыңды көтерип, бақыр! Өйткени жалғыз баслы ҳаялдың балалары, Күйеўи бар ҳаялдың балаларынан көп» .
28 Туўысқанлар! Сизлер де Ысақ сыяқлы ўәде бойынша туўылған балаларсыз.
29 Әпиўайы жол менен туўылған Мухаддес Руўхтың ўәдеси бойынша туўылғанды қалай қуўдалаған болса, ҳәзир де солай болып атыр.
30 Бирақ, Мухаддес Жазыў не дейди? «Шорыны ҳәм оның баласын қуўып жибер, Себеби шорының улы, Азат ҳаялдың улы менен бирликте, Мийрасқа шерик бола алмайды» .
31 Солай етип, туўысқанлар, бизлер шоры ҳаялдың емес, ал азат ҳаялдың балаларымыз.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16