Галатиялылар 3 bob
1 Ҳәй, ақылсыз галатиялылар! Сизлерди ким сыйқырлап таслады? Ийса Масихтың атанақ ағашқа шегеленип қойылғаны көз алдыңыздан кетпестей етип сүўретленип берилген жоқ па еди?
2 Сизлерден бир нәрсени ғана билмекшимен: сизлер Мухаддес Руўхты қалай алдыңлар? Мухаддес Нызамды орынлап па ямаса өзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенип пе?
3 Сизлер соншелли ақылсыз болғаныңыз ба? Мухаддес Руўх пенен баслап, енди неге адамның ис-ҳәрекети менен минсизликке ерисиўге тырысып атырсызлар?
4 Бийкарға сонша азап шектиңиз бе?! Ҳақыйқаттан да, бийкарға ма?!
5 Сизлерге Мухаддес Руўхын берген ҳәм араңызда кәраматлар көрсеткен Қудай буны Мухаддес Нызамды орынлағаныңыз ушын ислеп атыр ма ямаса өзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенгениңиз ушын ба?
6 Ибрайымның мысалын алып қарайық: «Ол Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ақланған деп санады» .
7 Солай етип, мынаны билип қойыңлар: исенгенлердиң ҳәммеси Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болады.
8 Мухаддес Жазыў Қудайдың басқа миллетлерди исеними арқалы ақлайтуғынын болжап, Ибрайымға: «Барлық халықлар сен арқалы жарылқанады» , – деп қуўанышлы хабарды алдын ала жиберген еди.
9 Солай етип, исенгенлер исениўши Ибрайым менен бирге жарылқанады.
10 Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланатуғынына исенетуғынлардың ҳәммесине нәлет жаўады. Өйткени Мухаддес Нызамда былай деп жазылған: «Мухаддес Нызам китабында жазылған ҳәмме нәрсени бәрқулла орынлап жасамайтуғын ҳәр бир адам нәлетий болады» .
11 Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ҳеш бир адам Қудай алдында ақлана алмайтуғыны анық. Себеби: «Исеними менен ақланған жасайды» , – деп жазылған.
12 Мухаддес Нызамның тийкары исеним емес. Керисинше: «Мухаддес Нызамда буйырылғанларды орынлаған олар арқалы жасайды» , – деп жазылған.
13 Масих бизлер ушын нәлетленгенликтен, Қудайдың Ибрайымға берген жарылқаўы Масих Ийса арқалы басқа миллетлерге несип етеди ҳәм бизлер ўәде етилген Мухаддес Руўхты исенимимиз арқалы аламыз. Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нәлетинен қутқарды.
14 Өйткени: «Ағашқа асылған ҳәр бир адам нәлетий» , – деп жазылған.
15 Туўысқанларым! Адамлар өмиринен мысал келтирейин: адамлар арасында дүзилген келисимди бийкарлаўға ямаса оған бир нәрсе қосыўға болмайды.
16 Қудай Ибрайымға ҳәм оның урпағына ўәде бергенде: «сениң урпағыңнан болғанларға» деп көп адамларды нәзерде тутып айтқан жоқ, ал «сениң урпағыңнан болғанға» деп, тек бир адамды, яғный Ийса Масихты нәзерде тутып айтқан еди.
17 Мениң айтажағым мынаў: төрт жүз отыз жылдан соң пайда болған Мухаддес Нызам Қудайдың алдын ала дүзген келисимин бийкарлап, ўәдесиниң күшин жоқ қылмайды.
18 Себеби егер Қудайдың берген мийрасы Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы берилгенде, онда ол ўәде бойынша болмайды. Бирақ Қудай мийрасты Ибрайымға ўәде бойынша берди.
19 Ондай болса, Мухаддес Нызам не ушын берилген? Ол гүналарымызды ашып көрсетиў ушын, келисимге қосымша етип берилген. Өзи Қудайдың ўәдеси ҳәм Ибрайымның урпағы болған Масих келгенге дейин ғана Мухаддес Нызам ҳәрекет етеди. Ол периштелер арқалы тәўеллешиниң қолы менен берилген еди.
20 Ал тәўеллеши тек бир тәрепке тийисли емес. Бирақ Қудай – жалғыз.
21 Олай болса, Мухаддес Нызам Қудайдың ўәделерине қарсы ма? Ҳеш қашан! Өйткени егер де өмир бере алатуғын нызам берилген болса, онда адамлар, әлбетте, нызам арқалы ақланар еди.
22 Бирақ, Ийса Масихқа деген исенимге тийкарланған ўәде исенгенлерге берилиў ушын, Мухаддес Жазыў пүткил барлықты гүнаның тутқыны деп жәриялады.
23 Бул исеним пайда болыўдан алдын бизлер Мухаддес Нызамның бақлаўы астында болып, келешек исенимниң айқынласыўына шекем Мухаддес Нызамның тутқыны едик.
24 Басқаша айтқанда, исеним арқалы ақланыўымыз ушын, Масих келиўге дейин Мухаддес Нызам тәрбияшымыз болды.
25 Бирақ исеним пайда болғаннан соң, бизлер енди тәрбияшымыз болған Мухаддес Нызамның қол астында емеспиз.
26 Себеби Масих Ийсаға исенгениңиз ушын, ҳәммеңиз Қудайдың балаларысыз.
27 Суўға шомылдырылғанда Масих пенен бирлесип, ҳәр бириңиз Масих сыяқлы болдыңлар.
28 Ендигиден былай, яҳудий менен гректиң, қул менен азат адамның, еркек пенен ҳаялдың арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Өйткени ҳәммеңиз Масих Ийсада бирсиз.
29 Егер Масихқа тийисли болсаңыз, онда Ибрайымның урпағысыз, Қудайдың ўәдеси бойынша мийрасхорларсыз.