Галатиялылар 2 bob

Басқа елшилердиң Павелди қабыл етиўи (1-10), Павелдиң Петрди әшкаралаўы (11-21).

1 Арадан он төрт жыл өткеннен соң, Барнаба менен бирликте және Ерусалимге бардым. Жаныма Титусты да алдым.
2 Ол жерге Қудайдан алған аяным себепли бардым. Сол жердеги жәмәәт жетекшилери менен жеке сөйлесип, басқа миллетлер арасында өзим жәриялап жүрген Хош Хабарды баян еттим. Ислеген мийнетим ҳәм ҳәзир ислеп атырған ис-ҳәрекетимниң зая кетпеўи ушын усылай иследим.
3 Ал олар мениң жанымдағы Титустың грек болыўына қарамай, оны сүннет етилиўге мәжбүрлемеди.
4 Бирақ арамызға жасырын кирген айырым жалған туўысқанлар бар еди. Олар бизлерге Ийса Масих берген азатлықты көре алмай, бизлерди яҳудийлердиң нызамының қулы қылмақшы еди.
5 Ал бизлер Хош Хабардың ҳақыйқаты сизлер менен бәрқулла бирге болсын деп, оларға бир дем де бойсынып, тәслим болмадық.
6 Ерусалим жәмәәтиниң жетекшилери қаншелли атақлы болса да, мен ушын бәри бир: Қудай адамларды айырмайды. Олар мениң жәриялаў исиме қосымша ҳеш нәрсе жүклемеди.
7 Керисинше, Хош Хабарды яҳудийлерге жәриялаў иси Петрге исенип тапсырылғандай, басқа миллетлерге жәриялаў иси маған исенип тапсырылғанын олар билди.
8 Себеби Петрди яҳудийлер ушын елши етип тайынлаған Қудай мени де басқа миллетлер ушын елши етип тайынлады.
9 Жәмәәтлердиң тиреклери есапланған Яқып, Кифа ҳәм Юхан Қудайдың маған берген мийримин мойынлап, маған ҳәм Барнабаға бирдемлик қолларын созды. Солай етип, бизлердиң басқа миллетлерге, ал өзлериниң яҳудийлерге кетиўин мақул көрди.
10 Тек еле де жарлыларға жәрдем бериўди естен шығармаўымызды өтиниш етти. Мен де бул исти шын кеўилден ислеўге тырысып киятырған едим.
11 Кифа Антиохияға келгенде, оның қәтесин бетине айтып әшкара еттим.
12 Өйткени Яқыптың жанынан базы адамлар келместен алдын Кифа басқа миллет исениўшилери менен бирге аўқат жейтуғын еди. Бирақ сол яҳудийлер келгенде қорқып, сүннет етилмеген басқа миллет исениўшилеринен өзин шетке алды ҳәм олар менен байланысты үзди.
13 Басқа яҳудийлер де Кифаға уқсап еки жүзлилик иследи. Ҳәтте, Барнаба да олардың еки жүзлилигине берилди.
14 Олардың Хош Хабардың ҳақыйқаты бойынша ис тутпай атырғанын көргенимде, ҳәммениң алдында Кифаға былай дедим: «Сен яҳудий бола тура, яҳудий сыяқлы емес, ал басқа миллет адамы сыяқлы жасап атырсаң. Енди қалайынша сен басқа миллет адамларын яҳудийлесиўге мәжбүрлейсең?
15 Бизлер яҳудий болып туўылдық, басқа миллетлер сыяқлы гүнакар емеспиз.
16 Бирақ та, адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы емес, ал Ийса Масихқа деген исеними арқалы ақланатуғынын билемиз. Сонлықтан бизлер де Мухаддес Нызамды орынлап жасағанымыз арқалы емес, ал Масихқа деген исенимимиз бенен ақланамыз деп, Ийса Масихқа исендик. Себеби ҳеш бир адам Мухаддес Нызамды орынлап жасағаны арқалы ақланбайды».
17 Егер Ийса Масих арқалы ақланыўды излеп, өзлеримиз гүнакар болып шықсақ, Масих бизлерди гүнаға жетелеўши болғаны ма? Ҳеш қашан!
18 Егер мен өзим бузған яҳудий үрп-әдетлерин қайтадан тиклесем, онда мен өзимниң нызам бузыўшы екенимди дәлиллеген боламан.
19 Қудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында өлгенмен.
20 Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман.
21 Мен Қудайдың мийримин қәдирсиз деп есапламайман. Егер де Мухаддес Нызам арқалы ақланыў мүмкин болғанда, онда Масих бийкарға өлген болар еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16