2 Коринфлилер 4 bob

Ылай ыдыслардағы ғәзийне (1-15), Өткинши қыйыншылықлар ҳәм мәңгилик даңқ (16-18).

1 Сонлықтан биз хызметшилер бул хызметти Қудайдың мийрим-шәпәәти менен ислеп атырғанымыз себепли, руўхымызды түсирмеймиз+.
2 Сонлықтан биз хызметшилер бул хызметти Қудайдың мийрим-шәпәәти менен ислеп атырғанымыз себепли, руўхымызды түсирмеймиз.
3 Егер бизлер жәриялап атырған Хош Хабар жабық болса*, ол набыт болатуғынлар ушын жабық болады.
4 Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын көрмесин деп, бул дүньяның ҳәкими – шайтан олардың жүрек көзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Қудайдың қандай екенин көрсеткен Масихтың даңқын билдиреди.
5 Бизлер өзлеримиз ҳаққында жәриялап атырған жоқпыз. Ал Масих Ийсаны ҳәммемиздиң Ийемиз деп, Ийса ушын сизлердиң хызметшилериңиз екенлигимиз ҳаққында жәриялап атырмыз.
6 Себеби «Қараңғылықтан нур жарқырасын» , – деп буйырған Қудай Масихтың жүзинде жарқыраған Өзиниң даңқын билиўимиз ушын жүреклеримизди жақты қылды.
7 Биз елшилер усы ғәзийнени ылай ыдыс сыяқлы болған денемизде алып жүрмиз. Бул уллы қүдиреттиң бизлерден емес, ал Қудайдан екенлиги көринип тур.
8 Бизлер ҳәр тәреплеме қысқыдамыз, бирақ езилмеймиз. Албыраймыз, бирақ үмитсизликке берилмеймиз.
9 Қуўдаланамыз, бирақ Қудай бизлерди таслап кетпейди. Бизлерди жығылтады, бирақ жоқ болып кетпеймиз.
10 Ийсаның өмири денемизде ашық көринсин деп, бизлер бәрқулла азап шегип, Ийсаның өлимине шерик боламыз.
11 Өйткени Ийсаның өмири бизиң өлетуғын денемизде ашық көринсин деп, жасап атырған бизлер Ийса ушын өлим қәўпине үзликсиз дуўшар болып атырмыз.
12 Солай етип, бизлердиң өлим қәўпине дуўшар болып атырғанымыз арқалы сизлер мәңгилик өмирге ерисип атырсызлар.
13 Забурда: «Мен исендим ҳәм соның ушын сөйледим» , – деп жазылған. Усындай исенимди пайда еткен Мухаддес Руўхқа ийе болғанымыз себепли, бизлер де исенемиз ҳәм сонлықтан сөйлеймиз.
14 Себеби Ийемиз Ийсаны өлимнен тирилткен Қудайдың бизлерди де Ийса менен бирге тирилтетуғынын ҳәм сизлер менен бирликте Өзиниң алдында турғызып қоятуғынын билемиз.
15 Булардың ҳәммеси сизлердиң пайдаңыз ушын болып атыр. Солай етип, бизлердиң басымыздан кеширген қыйыншылықларымыз себепли, Қудайдың сизлерге деген мийрими артады. Сол мийрим еле де көп адамларға жетип барыўы арқалы Қудайға көп шүкирликлер айтылады ҳәм Ол даңққа бөленеди.
16 Сонлықтан руўхымызды түсирмеймиз. Бизлердиң көринетуғын денемиз тозып баратырған болса да, ишки дүньямыз күннен-күнге жаңаланып атыр.
17 Өйткени ҳәзирги өткинши ҳәм арзымас қыйыншылықларымыз бизлерге ҳәдден тыс уллы ҳәм мәңгилик даңқ алып келеди.
18 Бизлер көзге көринетуғын қыйыншылықларға емес, ал көзге көринбейтуғын уллылыққа қараймыз. Себеби көзге көринетуғын нәрселер өткинши, ал көзге көринбейтуғын нәрселер мәңги болады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16