2 Коринфлилер 3 bob

Жаңа Келисимниң уллылығы (7-18).

1 Бизлерди және өзлерин мақтап атыр, деп ойлайсыз ба? Айырым адамлар сыяқлы, сизлерге көрсетиў ушын ямаса сизлерден алып басқаларға көрсетиў ушын, минезлемемиз жазылған хатларға бизлер мүтәжбиз бе?
2 Бизлердиң минезлеме хатымыз – сизлер боласызлар. Бул хат бизлердиң жүреклеримизде жазылған болып, оны барлық адамлар биледи ҳәм оқыйды.
3 Сизлер ҳақыйқаттан да, бизлердиң хызметимиз арқалы жазылған Масихтың хаты екениңизди анық көрсетесизлер. Бул хат сыя менен емес, ал тири Қудайдың Руўхы менен жазылды ҳәм ол тасқа емес, ал адамлардың жүреклерине ойып жазылды.
4 Бизлер Масих арқалы Қудай алдында усындай исенимге ийе болғанымыз себепли, буларды айтып атырмыз.
5 Бизлер хызметимизди уқыплы болғанымыз себепли атқарып атырмыз, демекши емеспен. Бизлердеги бар уқып өзимизден шықпаған, ал Қудайдан берилген.
6 Қудай бизлерди Жаңа Келисимниң хызметшилери қылды. Жаңа Келисим жазылған нызам тийкарында емес, ал Мухаддес Руўх тийкарында пайда болды. Себеби жазылған нызам өлимге ҳүким етеди, ал Мухаддес Руўх өмир береди.
7 Тасқа ойып жазылған ҳәриплерден ибарат болған Мухаддес Нызам уллылық пенен берилгенликтен, Израил халқы Муўсаның жүзинен шыққан өткинши нурға қарай алмаған еди. Өлимге ҳүким ететуғын Мухаддес Нызамға хызмет етиў соншелли уллы болса,
8 онда өмир беретуғын Мухаддес Руўхқа хызмет етиў оннан анағурлым көп уллылыққа ийе емес пе?
9 дамды ҳүким еткен Мухаддес Нызамға хызмет етиў уллы болған болса, ақланыў беретуғын Жаңа Келисимге хызмет етиў оннан гөре қаншелли уллырақ болады!
10 Ҳақыйқаттан да, жоқары уллылыққа ийе болған Жаңа Келисим пайда болғанда, бурын уллылыққа ийе болған Мухаддес Нызам өз уллылығын жойтты.
11 Солай етип, өткинши болған нәрсе уллы болса, мәңги қалатуғын нәрсе оннан да уллырақ.
12 Усындай үмитке ийе болғанымыз себепли үлкен батырлық пенен сөйлей аламыз.
13 Бизлер жүзиндеги өшип баратырған нурды Израил халқына көрсетпеў ушын жүзин перде менен жапқан Муўса сыяқлы ис тутпаймыз.
14 Бирақ, Израил халқының жүреги қайсар болғанлықтан, ҳәтте, усы күнге дейин олар Ески Келисимди оқығанда, олардың санасы сондай перде менен жабыўлы турғандай болады. Өйткени бул перде тек Масих арқалы алып тасланады.
15 Ҳақыйқаттан да, усы күнге дейин олар Муўсаның китабын оқығанда, жүреклери перде менен жабылғандай болып түсинбейди.
16 Деген менен, адам Ийемизге жүз бурғанда, сол перде алып тасланады.
17 Ийемиз – Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар.
18 Бизлердиң ҳәммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын көремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын өзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жәрдеминде иске асады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16