2 Коринфлилер 10 bob
1 «Бизлер менен бирге болған ўақтында жуўас, бирақ арамызда болмаған ўақтында қатал», – деп айырымларыңыз сөз қылатуғын мен, Павел, Масихтың мүләйимлилиги ҳәм сабырлылығы менен сизлерден өтинемен:
2 сизлерге барғанымда, өзимди қатал тутыўға мәжбүр қылмаңлар. Өйткени бизлерди бул дүньядағы адамлар сыяқлы денесиниң қәлеўи бойынша жасап атыр, деп санайтуғын гейбиреўлерге қарсы қатал боламан деген нийетим бар.
3 Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен урыспаймыз
4 Бизлердиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Қудайдың қүдиретине ийе болған қураллар.
5 Сол қураллар менен сандырақ сөзлерди ҳәм Қудайды билиўге тосқынлық қылатуғын ҳәр қандай менменликти жоқ қыламыз, Масихқа бойсынбайтуғын ҳәр бир ой-пикирди Масихқа тутқын етип бойсындырамыз.
6 Сизлер Масихқа толық бойсынғаныңызда, Оған бойсынбаған араңыздағы ҳәр бир адамды жазалаўға таярмыз.
7 Сизлер тек сыртқы көриниске қарап баҳа бересизлер. Егер ким де ким өзиниң Масихқа тийисли екенине исенсе, онда ол бизлердиң де Масихқа тийисли екенимизди билсин.
8 Ийемиздиң бизлерге берген бийлиги менен бираз көбирек мақтансам да, уялмайман. Бул бийлик сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын берилген.
9 Мен хатларым менен сизлерди қорқытып атырғандай болып көрингим келмейди.
10 Себеби гейбиреўлер: «Хатларында ол қатал ҳәм күшли, бирақ жүзбе-жүз көрискенимизде ҳәлсиз ҳәм сөзге де шебер емес», – дейди екен.
11 Бирақ, бундай адамлар билип қойсын: сизлерден узақта болып, хатларымызда не десек, араңызда болғанымызда да, солай ис тутамыз.
12 Өзлерин әҳмийетли етип көрсетип атырған айырым адамлар менен өзлеримизди теңлестиргимиз ямаса салыстырғымыз келмейди. Олар өзлерин өз өлшемлери менен баҳалайды ҳәм өзлерин өзлери менен ғана салыстырады. Олар қаншелли ақылсыз!
13 Бирақ, бизлер ҳәдден тыс дәрежеде мақтанбаймыз. Ал, Қудайдың бизлер ушын белгилеген жер шегарасы ишиндеги мийнетимиз бенен мақтанамыз. Бизлердиң араңызда ислеген мийнетимиз де усы жер шегарасы ишинде исленди.
14 Сизлер жасайтуғын жер усы жер шегарасы ишинде жайласқанлықтан, бизлер сизлерге Масихтың Хош Хабарын биринши болып жеткизгенимизде, шегарадан тыс шығып кетпедик.
15 Бизлер басқалардың мийнети менен мақтанып ҳәддимизден аспаймыз. Керисинше, исенимиңиздиң өсиўи менен араңыздағы мийнетимиздиң көлеми кеңейе бериўинен үмит етемиз.
16 Солай етип, бизлер Хош Хабарды сизлерден узағырақ жерлерге жәриялай аламыз. Өйткени басқаның ислеген хызмети менен мақтаныўды қәлемеймиз.
17 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын» .
18 Себеби өзин өзи мақтаған адам емес, ал Ийемиз мақтаған адам ҳақыйқаттан қәдирлениўге ылайықлы.