1 Коринфлилер 6 bob

Исениўши адамлар арасындағы даўлар ҳаққында (1-11), Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! (12-20).

1 Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң биреўге даўы болса, исениўшилер алдында емес, ал судтағы исенбейтуғын адамлар алдында даўласыўға қалай батылы барады?
2 елешекте биз исениўшилердиң дүньяны ҳүким ететуғынын билмейсизлер ме? Егер сизлер дүньяны ҳүким ететуғын болсаңыз, кишкене даўларды шешиў қолыңыздан келмегени ме?
3 Бизлер, ҳәтте, периштелерди де ҳүким етемиз. Солай екен, турмыс ислерин ҳүким ете алыўымыз да сөзсиз-ғо.
4 Солай болса да, турмыс ислерине байланыслы даўлар пайда болғанда, сизлер исениўшилер жәмәәтинде ҳеш қандай абырайға ийе болмаған судтағы исенбейтуғын адамларды төреши қыласызлар ма?
5 Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. Исениўши туўысқанларының арасындағы даўларды шешетуғын араңызда бирде бир ақыллы адам жоқ болғаны ма?
6 Бирақ туўысқан туўысқанға қарсы даўласады, оның үстине исенбейтуғынлар алдында даўласады!
7 Негизинде, бир-бириңизге қарсы даўыңыздың болыўының өзи сизлер ушын қатты уят нәрсе. Оннан гөре, наҳақлыққа шыдағаныңыз жақсырақ болмас па еди? Тоналғаныңыз жақсырақ болмас па еди?
8 Сизлер оның орнына өзлериңиз наҳақлық ислеп, биреўди тонап атырсыз. Ол да болса, өзиңиздиң туўысқаныңыз.
9 Наҳақлардың Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер,
10 урылар, нәпсиқаўлар, мәскүнемлер, жалахорлар ҳәм тонаўшылар Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
11 Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Қудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳәм ақландыңыз.
12 Сизлер: «Не ислесем де ериклимен» дейсизлер, бирақ ҳәмме нәрсе де пайдалы емес. Дурыс, «Мен не ислесем де ериклимен», бирақ ҳеш бир нәрсе де мени қул қылмаўы керек.
13 «Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған», – дейсизлер. Деген менен, Қудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады.
14 Қудай Ийемизди өлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Өз қүдирети менен тирилтеди.
15 Денелериңиздиң Масихтың мүшелери екенлигин билмейсизлер ме? Масихтың мүшелерин алып, бузық ҳаялдың мүшелери қылыўға бола ма? Ҳеш қашан!
16 Бузық ҳаял менен қосылған адам оның менен бир дене болатуғынын билмейсизлер ме? Себеби Мухаддес Жазыўда: «Екеўи бир дене болады», – делинген-ғо.
17 Бирақ, Ийемиз бенен қосылған адам Оның менен бир руўх болады.
18 Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам өз денесине қарсы гүна ислейди.
19 Денеңиздиң өзлериңиз Қудайдан алған ҳәм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер өзиңизге тийисли емессиз.
20 Өйткени Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, өз денеңиз бенен Қудайды алғыслаңлар.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16