1 Коринфлилер 3 bob

Қудайдың хызметкерлери ҳаққында (1-23).

1 Туўысқанларым! Мен сизлерге Мухаддес Руўхқа бойсынатуғынларға сөйлегендей, сөйлей алмадым. Мен сизлерге гүнакар тәбиятқа бойсынатуғынларға, яғный Масих пенен болған қатнаста еле гөдеклик дәрежесинде болғанларға сөйлегендей, сөйледим.
2 Мен сизлерге күшли аўқат емес, ал сүт бердим. Өйткени сизлер еле күшли аўқатты жеўге әззилик қылатуғын едиңиз. Ҳәтте, ҳәзир де оны жеўге әззилик қыласызлар.
3 Себеби сизлер еле де гүнакар тәбиятыңызға бойсынасызлар. Араңызда қызғаншақлық ҳәм тартыслардың болғаны, сизлердиң гүнакар тәбиятыңызға бойсынып, исенбейтуғын адамлар сыяқлы жасап атырғаныңызды көрсетпей ме?
4 Бириңиз: «Мен Павелге тийислимен», басқа бириңиз: «Мен Аполосқа тийислимен» десе, сизлер исенбейтуғын адамлар сыяқлы болып қалмайсызлар ма?
5 Олай болса, Аполос ким? Павел ким? Аполос ҳәм мен – сизлердиң тек исенимге келиўиңиз ушын қойылған Қудайдың хызметкерлеримиз ғана. Ийемиз ҳәр биримизге хызмет тапсырған.
6 Туқымды мен ектим, Аполос суўғарды. Бирақ, егинди Қудай өсирди.
7 Солай етип, еккен адам да, суўғарған адам да әҳмийетли емес, ал егинди өсирген Қудай әҳмийетли.
8 Еккен адам менен суўғарған адамның мақсети бир. Олардың ҳәр бири өз мийнетиниң ҳақысын алады.
9 Бизлер Қудай менен бирге ислеймиз. Ал сизлер – Қудайдың атызы ҳәм имаратысыз.
10 Қудайдың өзиме берген мийрими менен, мен уста қурыўшы сыяқлы тийкар салдым. Басқалары усы тийкардың үстине имарат салмақта. Бирақ, ҳәр бир адам қалай салып атырғанына дыққат аўдарсын.
11 Өйткени ҳеш бир адам салынған тийкардан басқа, яғный Ийса Масихтан басқа бир тийкар сала алмайды.
12 Усы тийкардың үстине адамлар алтыннан, гүмистен, ҳасыл таслардан, ағаштан, пишеннен ямаса сабаннан имарат салады.
13 Деген менен, ҳәр бир адамның ислеген иси ақырзаманда ашылып, отта белгили болады. Себеби ҳәр бир адамның исиниң қандай екенлигин от сынап береди.
14 Кимниң салғаны отқа шыдаса, ол сыйлық алады.
15 Ал шыдамай жанып кетсе, зыян көреди. Оның өзи қутылады, бирақ оттың ишинен қашқандай болып қутылады.
16 Өзлериңиздиң Қудайдың ибадатханасы екениңизди ҳәм Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме?
17 Егер ким де ким Қудайдың ибадатханасын бузса, оны Қудай урады. Өйткени Қудайдың ибадатханасы – мухаддес ҳәм сол ибадатхана сизлерсиз.
18 Ҳеш бир адам өзин өзи алдамасын. Егер араңыздағы бириңиз өзин бул дүньяның көз қарасы бойынша данаман деп есапласа, Қудай нәзеринде дана болыў ушын, бул дүньяның көз қарасы бойынша «ақылсыз» болсын.
19 Себеби бул дүньяның даналығы Қудай нәзеринде ақылсызлық болады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ол даналарды олардың ҳийлелери менен қолға түсиреди» .
20 Және де: «Даналардың ой-пикирлериниң пуш екенлигин Ийемиз биледи» , – деп жазылған.
21 Сонлықтан ҳеш бир адам адамлар менен мақтанбасын. Өйткени ҳәммеси сизлерге тийисли:
22 Павел де, Аполос та, Кифа да, дүнья да, өмир ҳәм өлим де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, ҳәммеси сизлерге тийисли.
23 Сизлер Масихқа тийислисиз, ал Масих Қудайға тийисли.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16