1 Коринфлилер 2 bob

Атанаққа шегеленген Масих ҳаққында жәриялаў (1-5), Мухаддес Руўх беретуғын Қудайдың даналығы (6-16).

1 Туўысқанларым, мен сизлерге барып, Қудайдың сырын жәриялағанымда, шешен сөзлер ямаса артықмаш даналық қолланбадым.
2 Себеби араңызда болған ўақтымда, тек Ийса Масихқа ҳәм Оның атанақ ағашқа шегелениўине ғана айрықша дыққат аўдарыўға қарар еттим.
3 Мен сизлерге ҳәлсизлик, қорқыныш ҳәм қатты дирилди менен бардым.
4 Сөйлеген сөзим ҳәм айтқан ўазым адам ақылының исендириўши сөзлерине емес, ал Мухаддес Руўхтың Өз қүдирети менен көрсеткен дәлилине тийкарланған еди.
5 Мениң бундағы мақсетим – исенимиңиздиң адамның ақылына емес, ал Қудайдың қүдиретине тийкарланыўы еди.
6 Деген менен, бизлер руўхый жетискен адамлар арасында дана сөзлер сөйлеймиз. Бирақ бул даналық усы дүньяның ҳәм оның өткинши ҳүкимдарларының даналығы емес.
7 Бизлер Қудайдың жасырын ҳәм сырлы болған даналығы ҳаққында сөз етип атырмыз. Қудай дүньяны жаратпастан бурын оны бизлердиң даңққа ерисиўимиз ушын арнап қойған еди.
8 Бул даналықты усы дүньядағы ҳүкимдарлардың ҳеш бири түсинбеди. Егер түсингенде, уллы Ийемизди атанақ ағашқа шегелемеген болар еди.
9 Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Көз көрип, қулақ еситпеген, Адамның ойына кирип те шықпаған нәрселерди, Қудай Өзин сүйетуғынлар ушын таярлап қойыпты».
10 Бирақ, Қудай буны бизлерге Өзиниң Мухаддес Руўхы арқалы ашып берди. Өйткени Мухаддес Руўх ҳәмме нәрсени, ҳәтте, Қудайдың терең ой-пикирлерин де биледи.
11 Адамның ойларын оның ишиндеги руўхтан басқа ким биле алады? Сол сыяқлы, Қудайдың ой-пикирлерин де Оның Мухаддес Руўхынан басқа ҳеш ким биле алмайды.
12 Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еттик.
13 Бизлер бул сыйлар ҳаққында адамның ақылы үйреткен сөзлер менен емес, ал Мухаддес Руўх үйреткен сөзлер менен сөйлеймиз. Яғный, руўхый нәрселерди руўхый сөзлер менен түсиндиремиз.
14 Өз тәбияты бойынша жасайтуғын адам Қудайдың Руўхы беретуғын нәрселерди қабыл етпейди. Себеби ол буларды ақмақлық деп санайды. Оларды тек Мухаддес Руўхтың жәрдеминде түсиниў керек болғанлықтан, ол түсине алмайды.
15 Мухаддес Руўхқа бойсынатуғын адам Мухаддес Руўх тәрепинен берилген ҳәмме нәрсени түсине алады, бирақ оны Мухаддес Руўхқа бойсынбайтуғын адамлар түсине алмайды.
16 «Жаратқан Ийемиздиң ойындағысын ким биле алады? Оған ким ақыл бере алады?» Бирақ, бизлер Масихтың ақыл-ойына ийемиз.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16