1 Коринфлилер 15 bob

Масихтың қайта тирилиўи ҳаққында (1-11), Өлилердиң тирилиўи ҳаққында (12-34), Тирилген дене ҳаққында (35-58).

1 Туўысқанларым, мен сизлерге жәриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қәлеймен. Сизлер оны қабыл еттиңлер ҳәм оның тийкарында исенимиңизди беккемлеп атырсызлар.
2 Егер сизлер мен өзлериңизге жәриялаған усы Хош Хабарды исеним менен беккем тутсаңыз, ол арқалы қутқарыласыз. Болмаса, бийкарға исенип жүрген боласызлар.
3 Өзим алған ең әҳмийетли нәрсени мен сизлерге жеткизген едим. Яғный, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Масих бизлердиң гүналарымыз ушын өлди.
4 Және де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қәбирге қойылды ҳәм үшинши күни өлимнен қайта тирилди.
5 Ол Кифаға, кейин он еки шәкиртине көринди.
6 Соңынан бир ўақыттың өзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанымызға көринди. Олардың көбиси еле тири, базылары қайтыс болды.
7 Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге көринди.
8 Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да көринди.
9 Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Қудайдың жәмәәтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен.
10 Бирақ, мен ҳәзир ким болған болсам, Қудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳәммесинен көп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Қудайдың мийрими мийнет етти.
11 Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нәрсе ҳаққында жәриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз.
12 Масих өлимнен қайта тирилди, деп жәриялап атырған болсақ та, қалай араңыздағы базы адамлар өлимнен тирилиў жоқ дейди?
13 Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады.
14 Масих тирилмеген болса, онда бизлердиң жәриялағанларымыз да, сизлердиң исенимиңиз де бийкар болады.
15 Ҳәтте, бизлер Қудай ҳаққында жалған гүўалық берген адамлар болып қаламыз. Өйткени бизлер Қудай Масихты тирилтти, деп гүўалық берген едик. Егер өлилер ҳақыйқаттан да қайта тирилмейтуғын болса, онда Қудай да Масихты тирилтпеген болады.
16 Егер өлилер тирилмейтуғын болса, онда Масих та тирилмеген болады.
17 Масих тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳәм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған боласызлар.
18 Олай болса, Масихқа тийисли болып дүньядан өткен адамлар да набыт болған болады.
19 Егер бизлер тек бул дүньядағы өмиримизде ғана Масихтан үмит ететуғын болсақ, онда бизлер ҳәмме адамлар ишиндеги ең аянышлы адамлар болғанымыз.
20 Бирақ, Масих ҳақыйқаттан да өлимнен қайта тирилди! Ол өлилер ишинен биринши болып тирилиўи арқалы өлилердиң тирилетуғынын дәлилледи.
21 Бир адам арқалы өлим келгени сыяқлы, бир Адам арқалы өлимнен тирилиў келди.
22 Яғный, Адамата менен қатнасы болған пүткил адамзат өлетуғыны сыяқлы, Масих пенен қатнасы болған барлық адамлар тирилип, өмирге ериседи.
23 Бирақ, ҳәр бири өз гезеги бойынша тириледи: ең алды менен Масих, соңынан Масих қайтып келгенде, Оған тийисли болғанлар тириледи.
24 Буннан кейин, Масих ҳәр бир ҳәкимшиликти, ҳәр бир бийликти ҳәм қүдиретти сапластырып, патшалықты Әкемиз Қудайға тапсырғанда, ақырзаман болады.
25 Себеби Қудай барлық душпанларын Масихтың аяғының астына бастырмағанша, Масих патшалық етиўи тийис.
26 Жоқ қылынатуғын соңғы душпан – өлим болады.
27 Өйткени Мухаддес Жазыўда: «Қудай барлығын Оның аяқларының астына бастырып, Оған бойсындырды», – делинген. Бирақ, бул «барлығын» деген сөздиң ишинде барлығын Масихқа бойсындырған Қудай нәзерде тутылмағаны анық.
28 Барлығы Улға бойсынғанда, Ул да барлығын Өзине бойсындырған Қудайға бойсынады. Усылай етип, Қудай ҳәмме нәрсе үстинен толық бийлик жүргизеди.
29 Егер қайта тирилиў жоқ болса, өлилер ушын суўға шомылдырылғанлар не болады? Өлилер ҳеш қашан тирилмейтуғын болса, адамлар не себептен өлилер ушын суўға шомылдырылады?
30 Және де, бизлер не ушын ҳәр саат сайын өзимизди қәўип астына қоямыз?
31 Туўысқанларым, сизлердиң Ийемиз Масих Ийса менен болған байланысыңызды мақтаныш етип, ант ишемен: мен ҳәр күни өлим менен жүзбе-жүз ушыраспақтаман.
32 Егер адамлардың ойы бойынша өлилер тирилмейтуғын болса, Ефестеги жабайы ҳайўанлар сыяқлы болған адамлар менен гүресип, өлим қәўпи астында қалғанымның маған қандай пайдасы бар? Егер өлилер тирилмейтуғын болса: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық, себеби ертең өлемиз-ғо!»
33 Усылай пикир жүргизетуғын адамлардан алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы әдетлерден айырады.
34 Есиңизди жыйып, өзиңизге келиңлер ҳәм енди қайтып гүна ислемеңлер. Айырымларыңыз Қудайды билмейди. Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман.
35 Бирақ, биреў: «Өлилер қалай тириледи? Қандай дене менен келеди?» – деп сораўы мүмкин.
36 Не деген ақылсызлық! Сениң еккен туқымың өлмесе, көгерип шықпайды-ғо.
37 Сен еккениңде, көгерип турған өсимликти емес, ал тек туқымды, бийдай ямаса басқа бир өсимликтиң туқымын егесең.
38 Қудай туқымға Өз қәлеўи бойынша дене береди. Туқымлардың ҳәр бирине өз алдына бир дене береди.
39 Тири жанлардың денеси бирдей емес. Адамлардың денеси басқа, ҳайўанлардың денеси басқа, қуслардың ҳәм балықлардың денеси басқа болады.
40 Аспан денелери бар, жер денелери де бар. Аспандағы денелердиң сулыўлығы басқа, жердеги денелердиң сулыўлығы басқа.
41 Қуяштың сулыўлығы басқа, айдың сулыўлығы басқа, жулдызлардың сулыўлығы басқа. Сулыўлығы бойынша, жулдыз жулдыздан парық қылады.
42 Өлилердиң тирилиўи де сондай болады. Ширийтуғын дене көмиледи, бирақ ол ширимейтуғын болып тириледи.
43 Дене хорлық пенен көмиледи, салтанат пенен тириледи. Ҳәлсиз болып көмиледи, күшли болып тириледи.
44 Тәбийғый дене көмиледи, бирақ ол руўхый дене болып тириледи. Тәбийғый дене бар болғаны сыяқлы, руўхый дене де бар.
45 Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Биринши адам – Адам-ата тири жан болды» . Ал соңғы Адам – Ийса Масих өмир бериўши руўх болды.
46 Бирақ, биринши болып руўхый дене емес, ал тәбийғый дене келди. Руўхый дене кейнинен келеди.
47 Биринши адам жерден, яғный топырақтан болды. Екинши адам аспаннан келди.
48 Топырақтан болған Адам-ата қандай болса, топырақтан болған адамлар да сондай болады. Аспаннан келген Ийса Масих қандай болса, аспанға тийисли болған адамлар да сондай болады.
49 Бизлер топырақтан болған Адам-атаға қалай уқсайтуғын болсақ, аспаннан келген Ийса Масихқа да солай уқсайтуғын боламыз.
50 Туўысқанларым, мениң сизлерге айтып атырғаным мынаў: бизлердиң ет пенен қаннан ибарат болған тәбийғый денемиз Қудайдың Патшалығын мийрас етип ала алмайды. Ширип кететуғын денемиз мәңгилик өмирге ерисе алмайды.
51 Eнди мен сизлерге бир сырды ашып бермекшимен: бизлердиң ҳәммемиз шетимизден өлмеймиз, бирақ ҳәммемиз өзгеремиз.
52 Бирден көзди ашыпжумғанша, соңғы кәрнай шалынғанда, өзгерип кетемиз. Аўа, кәрнай шалынғанда, өлген исениўшилер ширимейтуғын денеде тириледи, тири болған бизлер де өзгерип кетемиз.
53 Себеби бизлердиң бул ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын дене болып өзгериўи тийис.
54 Ширийтуғын ҳәм өлетуғын денемиз ширимейтуғын ҳәм өлмейтуғын болып өзгерсе, Мухаддес Жазыўда айтылған мына сөзлер иске асады: «Өлим жоқ етилди, ол жеңилди!»
55 «Ҳәй өлим, жеңисиң қәне? Ҳәй өлим, уўлы ийнең қәне?»
56 Өлимниң уўлы ийнеси – гүна. Гүна өз күшин Мухаддес Нызамнан алады.
57 Бирақ, Қудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди Ийемиз Ийса Масих арқалы жеңиске еристире береди.
58 Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳәм Ийемиздиң хызметинде бәрқулла ғайратлы болыңлар. Өйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16