1 Коринфлилер 13 bob

Сүйиспеншилик ҳаққында (1-13).

1 Егер мен адамлардың ҳәм периштелердиң тиллеринде сөйлесем де, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мениң шыңғырлаған мыстан ҳәм даңғырлаған дәптен парқым болмай қалады.
2 Егер мен пайғамбаршылық қүдиретине ийе болсам, пүткил сырларды билсем ҳәм ҳәр түрли билимге ийе болсам, ҳәтте, таўларды көширетуғын күшли исенимим болса да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, онда мен ҳеш нәрсе емеспен.
3 Егер мен пүткил мал-мүлкимди жарлыларға үлестирип берсем, ҳәтте, өзимди қурбан етип, денемди отқа жағыўға тапсырсам да, бирақ сүйиспеншилигим болмаса, буннан маған ҳеш қандай пайда жоқ.
4 Сүйиспеншилик сабырлы ҳәм мийримли. Сүйиспеншилик қызғанбайды, мақтанбайды, менменлик қылмайды.
5 Сүйиспеншилик қопаллық ислемейди, өз пайдасын гөзлемейди, тез ашыўланбайды, кек сақламайды.
6 Сүйиспеншилик наҳақлыққа қуўанбайды, ал ҳақыйқатлыққа қуўанады.
7 Сүйиспеншилик ҳәмме нәрсени көтереди, ҳәмме ўақытта исенеди, ҳәмме ўақытта үмит етеди, ҳәммесине шыдайды.
8 Сүйиспеншилик ҳеш қашан таўсылып қалмайды. Бирақ, пайғамбаршылықлар жоқ болады, басқа тиллерде сөйлеў сыйы тоқтап қалады, билим де жоқ болады.
9 Өйткени бизлердиң билимимиз де, пайғамбаршылықларымыз да еле толық емес.
10 Бирақ, минсиз болған толық нәрсе келгенде, толық емес нәрсе жоқ болады.
11 Мен бала болған ўақтымда бала сыяқлы сөйлейтуғын, бала сыяқлы пикир жүргизетуғын ҳәм бала сыяқлы түсинетуғын едим. Ал ересек адам болғанымда, мен балаға тән қәсийетлерди тасладым.
12 Ҳәзир бизлер ҳәммесин гүңгирт айнада көргендей гүмилжи көрип турмыз. Бирақ ақырғы ўақыт келгенде, жүзбе-жүз көремиз. Ҳәзир мен толық билимге ийе емеспен, бирақ ақырғы ўақыт келгенде, Қудай мени толық билгендей, мен де Оны толық билетуғын боламан.
13 Солай етип, мына үш нәрсе мәңгиге қалады: исеним, үмит ҳәм сүйиспеншилик. Бирақ, булардың ең баслысы – сүйиспеншилик.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16