1 Коринфлилер 11 bob

Жәмәәт жыйналысында орамал тартыў ҳаққында (2-16), Ийемизди еслеў кешеси ҳаққында (17-34).

1 Мениң Масихтан өрнек алғаным сыяқлы, сизлер де меннен өрнек алыңлар.
2 Мени ҳәр бир исте ядыңызға түсирип, мен сизлерге үйреткен дәстүрлер бойынша ис тутып атырғаныңыз ушын сизлерди мақтайман.
3 Бирақ, мен мына нәрсени де билиўиңизди қәлеймен: ҳәр бир ер адамның басы Масих, ҳаялдың басы күйеўи, ал Масихтың басы Қудай.
4 Жәмәәт жыйналысында басын жаўып дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ер адам өз басын* бийабырай қылады.
5 Ал, басын жаўмай дуўа еткен ямаса пайғамбаршылық қылған ҳәр бир ҳаял өз басын бийабырай қылады. Бундай ҳаялдың шашын алдырып таслаған ҳаялдан парқы болмайды.
6 Егер ҳаял басын жапқысы келмесе, шашын кестиргени жақсы. Бирақ, ҳаял шашын кестириўди ямаса алдырыўды айып деп билсе, басын жабыўы керек.
7 Ер адам басын жаппасын. Өйткени ер адам Қудайға усатып жаратылған ҳәм Оның даңқын көрсетеди. Ал ҳаял ер адамның даңқын көрсетеди.
8 Себеби ер адам ҳаялдан емес, ал ҳаял ер адамнан жаратылды.
9 Ер адам ҳаял ушын емес, ал ҳаял ер адам ушын жаратылды.
10 Сонлықтан ҳәм периштелер себепли, ҳаял өзиниң бийлик астында екенин көрсетиў ушын басын жабыўы керек.
11 Деген менен, Ийемизге тийисли адамлардың өмиринде ҳаял ер адамнан, ер адам ҳаялдан ғәрезли.
12 Өйткени ҳаял ер адамнан жаратылғаны сыяқлы, ер адам да ҳаялдан туўылады. Бирақ, ҳәммесин Қудай жаратқан.
13 Өзлериңиз ақыл жуўыртып көриңлер: ҳаялдың Қудайға басын жаппай дуўа етиўи әдепке жата ма?
14 Мәдениятыңыздың өзи узын шаш ер адам ушын уят екенин,
15 бирақ ҳаял ушын абырай екенин үйретпей ме? Себеби узын шаш ҳаялға жаўлық сыпатында берилген.
16 Бул ҳаққында тартысыўды қәлейтуғын адам бар болса, ол билсин, бизлерде де, Қудайдың жәмәәтлеринде де буннан басқа әдет жоқ.
17 Енди мына жол-жорықты берип атырып, сизлерди мақтамайман: өйткени жыйналысларыңыздың пайдасынан гөре, зыяны көп.
18 Бириншиден, жәмәәтте жыйналғаныңызда араңызда бөлиниўлер бар екенин еситип атырман. Буған жарым-жарты болса да исенемен.
19 Себеби, әлбетте, дурыс пикир жүргизиўшилер анықланыўы ушын, араңызда ҳәр түрли пикир жүргизиўши топарлар болыўы тийис.
20 Сизлер бөлинип турып, Ийемизди еслеў кешесин өткизиў ушын бирге жыйналсаңыз, бул шын мәнисиндеги Ийемизди еслеў кешеси болмайды.
21 Өйткени ҳәр ким өзиниң аўқатын басқалардан бурын жеўге асыққанлықтан, биреў аш қалады, биреў мәс болады.
22 Сизлердиң ишип-жеўиңиз ушын үйлериңиз жоқ па? Қудайдың жәмәәтин писент етпей, жоқшылықта жасайтуғынларды уялтқыңыз келе ме? Сизлерге не деймен? Сизлерди мақтайын ба? Яқ, бул ушын мақтамайман!
23 Сизлерге тапсырған мына жол-жорығымды мен Ийемизден алдым: қолға услап берилетуғын күни түнде Ийемиз Ийса қолына нанды алды да,
24 шүкирлик билдирди ҳәм нанды сындырып, былай деди: «Бул – сизлер ушын қурбан болатуғын Мениң денем. Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар».
25 Сол сыяқлы, кешки аўқаттан соң кесени алып былай деди: «Бул кесе – Мениң қаным менен бекитилетуғын Жаңа Келисим. Оны ҳәр ишкениңизде Мени еслеп турыўыңыз ушын, усылай ислеп турыңлар».
26 Себеби бул наннан ҳәр жегениңизде ҳәм бул кеседен ҳәр ишкениңизде, Ийемиз қайта келиўге дейин Оның өлими ҳаққында жәриялаған боласызлар.
27 Сонлықтан ким де ким ылайықсыз түрде Ийемиздиң бул нанын жеп, кесесинен ишсе, Ийемиздиң денесине ҳәм Оның қанына қарсы гүна ислеген болады.
28 Ҳәр бир адам өзин тексерип көрсин, соңынан нанды жеп, кеседен ишсин.
29 Өйткени ким де ким Ийемиздиң денесин писент етпей, ылайықсыз түрде нанды жеп, кеседен ишсе, өз-өзин Қудайдың ҳүкимине дуўшар қылған болады.
30 Сол себептен араңыздағы көплериңиз ҳәлсиз ҳәм аўырыўсыз, өлип қалған адамлар да көп болды.
31 Егер бизлер өз-өзимизди тексерип көргенимизде, Қудай тәрепинен ҳүким етилмеген болар едик.
32 Бирақ, дүнья менен бирге ҳүким етилмеўимиз ушын, Ийемиз бизлерди жазалап, тәрбиялайды.
33 Солай етип, туўысқанларым, Ийемизди еслеў кешесин өткизиў ушын жыйналғаныңызда, бир-бириңизди күтиңлер.
34 Егер ким де ким аш болса, үйинде аўқатланып келсин. Сонда жыйналысыңыз Қудайдың ҳүкимине ушырамайды. Басқа мәселелерге келсек, олар бойынша өзим барғанымда жол-жорық беремен.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16