3 Юхан 1 bob

Сәлемнама (1-4), Аўызбиришилик ҳәм алаўызлық (5-15).

1 Мен, Юхан ақсақалдан, шын жүрегимнен сүйетуғын сүйикли туўысқаным Гаюсқа сәлем!
2 Сүйикли туўысқаным! Руўхый өмириң саў болғандай, ҳәмме нәрседе табысқа ерисип, дениң саў болыўы ушын дуўа етип атырман.
3 Айырым туўысқанларымыз келип, сениң ҳақыйқатқа садық екениң ҳәм ҳақыйқат жолы менен жүргениң ҳаққында гүўалық бергенде қатты қуўандым.
4 Мениң ушын балаларымның ҳақыйқат жолы менен жүргенин еситиўден артық қуўаныш жоқ.
5 Сүйикли туўысқаным! Бийтаныс болыўына қарамай, сен туўысқанларымызға шын жүректен жәрдем берип атырсаң.
6 Олар исениўшилер жәмәәти алдында сениң сүйиспеншилигиң ҳаққында гүўалық берди. Оларды Қудайға минәсип түрде жолға атландырып жиберсең, жақсы ис қылған болар едиң.
7 Себеби олар исенбейтуғын адамлардан ҳеш қандай жәрдем қабыл етпей, Ийсаның аты ушын жолға шыққан еди.
8 Сонлықтан ҳақыйқатқа шерик болыўымыз ушын бундай адамларды қоллап-қуўатлаўымыз керек.
9 Мен исениўшилер жәмәәтине базы нәрселерди жазған едим, бирақ олардың арасында биринши болыўды жақсы көретуғын Диотреф бизлерди қабыл етпей атыр.
10 Сонлықтан егер барсам, оның ислерин әшкара етемен. Ол бизлерди жаман сөзлер менен надурыс айыплап жүр. Булар жетпегендей, ол туўысқанларды да қабыл етпей атыр, ҳәтте, қабыл қылмақшы болғанларға тосқынлық жасап, оларды жәмәәттен қуўып атыр.
11 Сүйикли туўысқаным, жаман емес, жақсы өрнек ал. Жақсылық ислейтуғын адам Қудайдан. Жаманлық ислейтуғын адам Қудайды көрген емес.
12 Димитрий ҳаққында ҳәмме адам, ҳақыйқаттың өзи де жақсы гүўалық берип атыр. Бизлер де жақсы гүўалық берип атырмыз. Гүўалығымыздың дурыс екенин сен билесең.
13 Саған жазажақ көп нәрселерим бар еди, бирақ сыя ҳәм қәлем менен жазыўды қәлемеймен.
14 Сени тез арада көриў үмитиндемен, сонда жүзбе-жүз сөйлесемиз.
15 Аман бол! Дослар саған сәлем айтып атыр. Сен де сол жердеги досларға атпа-ат сәлем айтып қой.
  • 1



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16