Нызамнын кайталаныуы 8 bob
1 «Бүгин мен сизлерге берип атырған буйрықлардың ҳәммесин муқыятлы түрде орынлаңлар, сонда жасайсыз ҳәм көбейесиз. Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен жерин мүлик етип аласызлар.
2 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди қырық жыл даўамында шөлде алып жүрди, сол жүрген узақ жолыңызды есте сақлаңлар! Сизлердиң жүрегиңизде не бар екенин ҳәм Оның буйрықларына бойсынатуғыныңыз, я бойсынбайтуғыныңызды билиў ушын, сизлерге қыйыншылық жиберип, сынады.
3 Ол сизлерди аш қалдырып, бойсындырды. Кейин өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да көрмеген манна менен тойдырды. Буны адамның тек ғана нан менен емес, ал Жаратқан Ийениң аўзынан шыққан ҳәр бир сөзи менен жасайтуғынын сизлерге үйретиў ушын иследи.
4 Сол қырық жыл даўамында я кийимлериңиз тозбады, я аяқларыңыз исип кетпеди.
5 Мынаны есте тутыңлар: әке баласын қалай тәрбияласа, Қудайыңыз Жаратқан Ийе де сизлерди солай етип тәрбиялайды.
6 Сонлықтан Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынып, көрсеткен жолы менен жүриң ҳәм Оннан қорқың.
7 Ол сизлерди жақсы бир жерге алып барады. Ол жердиң дәрьялары, булақлары ҳәм таўлар менен ойпатлықларда жер астынан шығатуғын суўлары,
8 бийдайы, арпасы, жүзими, әнжири, анары, зәйтүн ағашлары ҳәм палы бар.
9 Сол елде тойып нан жейсизлер, ҳеш қандай мүтәжлик көрмейсизлер. Ол сондай ел, тасларынан темир, таўларынан мыс аласызлар.
10 Сол жерде ишип-жеп тойғаныңызда, сизлерге берген өнимдар ел ушын, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге шүкирлик билдириңлер.
11 Қудайыңыз Жаратқан Ийени умытпаңлар, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Оның буйрықларын, нызамларын ҳәм қағыйдаларын орынламай қалыўдан сақ болыңлар.
12 Және, қарныңыз тойып, сулыў үйлер салып, жайласып алғанда,
13 ири ҳәм майда малларыңыз көбейип, гүмис-алтынларыңыз ҳәм мал- дүньяңыз артқанда,
14 менмен болып кетпеңлер! Сизлерди Мысыр елиндеги қуллықтан алып шыққан Қудайыңыз Жаратқан Ийени умытпаңлар!
15 Жаратқан Ийе сизлерди зәҳәрли жыланлар ҳәм шаянларға толы сол үлкен ҳәм қорқынышлы шөлден, қурғақ ҳәм суўсыз жерлерден алып өтти. Ол жерде сизлер ушын жартастан суў шығарды.
16 Ата-бабаларыңыз көрмеген манна менен шөлде сизлерди тойдырды. Ақыбетинде сизлерге жақсылық алып келиў ушын, сизлерди қыйыншылыққа дуўшар етип, сынады.
17 Сизлер: „Усы мал-дүньяны өз күш-қуўатым менен таптым“, – деп ойламаңлар.
18 Ал сол мал-дүньяны жыйнаўға сизлерге күш-қуўат берген Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенин есиңизде тутыңлар. Ол ата- бабаларыңыз бенен дүзген келисимине садық болғаны ушын, оны бүгин орынлап атыр.
19 Бүгин мен сизлерди қатал ескертемен: егер Қудайыңыз Жаратқан Ийени умытып, басқа қудайлардың изине ерип кетсеңиз, оларға хызмет етип, алдында табынсаңыз, онда сөзсиз жоқ болып кетесиз!
20 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң алдыңыздан басқа халықларды жоқ қылып атырғанындай, Оған бойсынбағаныңыз ушын, сизлерди де жоқ қылады».