Нызамнын кайталаныуы 24 bob

1 «Егер де бир адам үйленип, кейин ала ҳаялынан шерменделик бир нәрсе таўып, оны унатпай қалса, ҳаялына талақ хат жазып берип, оны үйинен шығарып жибериўи мүмкин.
2 Ҳаял күйеўиниң үйинен кеткеннен кейин, басқа биреўге турмысқа шықса,
3 екинши күйеўи де оны унатпай қалып, ол да оған талақ хат жазып берип, үйинен шығарып жиберсе ямаса сол екинши күйеўи өлип қалса,
4 ажырасқан биринши күйеўи ҳаялға қайтадан үйлениўине болмайды. Себеби ҳаял ҳарамланған. Егер үйленсе, буннан Жаратқан Ийе жеркенеди. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елди гүнаға батырмаңлар.
5 Жақында үйленген адам урысқа бармасын, оған ҳәр түрли ўазыйпалар берилмесин. Ол бир жыл даўамында үйинде болып, ҳаялын бахытлы қылсын.
6 Ҳеш ким кепиллик сыпатында дигирманды ямаса дигирманның үстиндеги тасты да алмасын. Бундай ис қылыў адамның жанын кепилликке алған менен барабар болады.
7 Егер биреўдиң израиллы туўысқанларынан бирин урлап, оған қул сыпатында қарап, зулымлық қылғаны ямаса оны қул қылып сатып жибергени мәлим болса, онда бундай уры адам өлтирилсин. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар.
8 Жаман тери кеселлиги мәселесинде, лебийли руўханийлердиң сизлерге үйрететуғынларының ҳәммесин муқыятлы түрде орынлаңлар. Мениң лебийлилерге берген буйрықларыма әмел қылыңлар.
9 Сизлер Мысырдан шыққаннан кейин, жолда Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Мәриямға не қылғанын есиңизде сақлаңлар.
10 Израиллы туўысқаныңыздың биреўине бир нәрсени қарызға бергениңизде, кепилликке зат алыў ушын, оның үйине кирмеңлер.
11 Сыртта күтип турыңлар. Ол адам кепилликке беретуғын затын өзи сыртқа алып шықсын.
12 Егер ол кәмбағал адам болса, оның кепилликке берген кийимин түн бойы өзиңизде қалдырмаңлар.
13 Оннан алған кийимди қуяш батар ўақытта қайтарып бериңлер. Ол өз кийимин кийип уйықласын ҳәм сизге ақ пәтия берсин. Усылай ислеп, сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында дурыс ис қылған боласыз.
14 Кәмбағал ҳәм мүтәжликте жасап атырған жалланба жумысшының ис ҳақысын услап қалмаңлар. Ол израиллы болсын, қалаңыздың биринде жасап атырған келгинди адам болсын, ондай қылмаңлар.
15 Оның ис ҳақысын ҳәр күни қуяш батпастан алдын бериңлер. Себеби ол кәмбағал болғаны ушын, тиришилиги усыдан ибарат. Болмаса, ол адам сизлерге қарсы Жаратқан Ийеге налыйды ҳәм өзиңизге гүна арттырып аласыз.
16 Әкелер балаларының гүнасы ушын, балалар әкелериниң гүнасы ушын өлтирилмесин. Ҳәр бир адам өз гүнасы ушын өлим жазасын алсын.
17 Келгинди адамлардың ҳәм жетимлердиң ҳуқықын аяқ асты қылмаңлар. Жесир ҳаялдың кийимин кепилликке алмаңлар.
18 Мысырда қул болғаныңызды ҳәм Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерди сол жерден азат еткенин есиңизде сақлаңлар. Соның ушын да, мен сизлерге усы буйрықты берип атырман.
19 Атызыңыздағы егинди орғаныңызда, орылған бир баўды умытып қалдырған болсаңыз, оны алыў ушын кейниңизге қайтпаңлар. Оны келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар. Сонда Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизге берекет береди.
20 Зәйтүн ағашларыңыздың мийўелерин қағып алғаныңыздан кейин, шақаларда қалып қойғанларды және терип алыў ушын бармаңлар. Оларды келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар.
21 Және де, жүзимзарыңыздың мийўелерин тергениңизде де, шақаларында қалып кеткен жүзимлерди қайтадан терип алмаңлар. Буларды келгиндилерге ҳәм жетим-жесирлерге қалдырыңлар.
22 Мысырда қул болғаныңызды есиңизде сақлаңлар. Соның ушын да, мен сизлерге усы буйрықты берип атырман».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16