Нызамнын кайталаныуы 21 bob

Кимниң өлтиргени биймәлим өлилер ҳаққында (1-9). Кимниң өлтиргени биймәлим өлилер ҳаққында (10-14). Туңғыш улдың мийраслық ҳуқықы (15-17). Бойсынбайтуғын ул (18-21). Ҳәр түрли нызамлар (22-23).

1 «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде далада жатырған бир өли дене табылса ҳәм оны кимниң өлтиргени белгисиз болса,
2 ақсақалларыңыз ҳәм қазыларыңыз барып, сол өлиниң дөгерегиндеги жақын қалалардың аралығын өлшеп шықсын.
3 Өлиге жақын болған қаланың ақсақаллары еле жумысқа қосылмаған, мойынтырық тағылмаған бир қашарды алсын.
4 Қала ақсақаллары қашарды жери сүрилмеген, ғәлле егилмеген ҳәм ишинде ҳәмме ўақытта суў ағып туратуғын бир сайға алып барсын. Сол сайда қашардың мойнын сындырсын.
5 Лебийли руўханийлер де сол жерге барсын. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийе Маған хызмет етсин ҳәм Мениң атым менен халықты жарылқасын деп, Лебий урыўын таңлап алды. Ҳәр түрли жәнжеллерди ҳәм бир-биреўге зорлық қылыў мәселелерин олар шешеди.
6 Өли дене табылған жерге ең жақын болған қаланың ақсақаллары сайда мойны сындырылған қашардың үстине қолларын жуўып,
7 былай деп айтсын: „Бул адамның қанын төккен бизлердиң қолларымыз емес, буны кимниң қылғанын да көрмедик.
8 Жаратқан Ийе, Өзиң Мысырдан азат еткен халқың израиллыларды кешире гөр. Халқың Израилды айыпсыз төгилген қанға жуўапкер қылма“. Соннан кейин, олар төгилген қанның жуўапкершилигинен азат болады.
9 Сонда Жаратқан Ийениң нәзеринде туўры ислерди қылған боласыз, араңыздағы айыпсыз қанды төгиў гүнасынан өзлериңизди тазалайсыз».
10 «Қудайыңыз Жаратқан Ийе саўашта душпанларыңызды сизлерге тәслим қылғанда ҳәм сизлер оларды тутқын қылғаныңызда,
11 олардың арасынан сулыў бир қызды көрип, унатып қалсаңыз, онда оған үйлениўиңизге болады.
12 Сол қызды үйиңизге әкелиң. Қыз шашын қырқып, тырнақларын алып тасласын.
13 Ол үстиндеги тутқынлық кийимин алмастырсын ҳәм бир ай даўамында әке-шешесин жоқлап, үйиңизде жасасын. Кейин жигит қызға жақынлап, оған күйеў, қыз оның ҳаялы болады.
14 Егер кейинирек қыз жигитке унамай қалса, оны азат қылып жиберсин. Сол қызды ҳаял болыўға мәжбүрлегени ушын, оны пулға сатпасын ҳәм оған қул сыпатында қатнас жасамасын».
15 «Егер бир адамның еки ҳаялы болса, ол биреўин сүйип, екиншисин жақсы көрмесе, екеўи де оған бир улдан туўып берсе, туңғыш улы жақсы көрмейтуғын ҳаялының баласы болса,
16 онда ол адам мал-мүлкин улларына мийрас етип бөлистирген күни жақсы көрген ҳаялының баласын үстин қойып, оған туңғышлық ҳуқықын бермесин.
17 Жақсы көрмейтуғын ҳаялының баласын туңғыш ул деп тән алсын ҳәм оған барлық мал- мүлкинен еки есе етип мийрас берсин. Өйткени сол ул әкесиниң белиндеги күштиң биринши жемиси болады. Туңғышлық ҳуқық оған тийисли».
18 «Егер де бир адамның тентек, қайсар, ата-анасына бойсынбайтуғын, оны қанша жазаласа да, тыңламайтуғын бир улы болса,
19 онда ата-анасы оны услап, қала дәрўазасында мәселе шешетуғын қала ақсақалларының алдына алып келсин.
20 Баланың ата-анасы оларға былай деп айтсын: „Улымыз тентек ҳәм бойсынбайды. Бизлердиң сөзлеримизге қулақ салмайды. Ол тамақсаў ҳәм мәскүнем“.
21 Соннан кейин, қаланың барлық адамлары сол баланы тас боран қылып өлтирсин. Солай етип, араңыздағы жаўызлықты жоқ қылыңлар. Пүткил Израил халқы бул ҳаққында еситип, қорқатуғын болады».
22 «Егер бир адам өлим жазасына тартылатуғын гүна ислесе, сизлер оны өлтирип, ағашқа асып қойсаңыз,
23 өли денени түн бойы ағашта асыўлы қалдырмаң. Оны сол күни жерлеңлер. Өйткени ағашқа асылған адам Қудай тәрепинен нәлетленгендур. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елди ҳарамламаңлар».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16