Нызамнын кайталаныуы 2 bob
1 «Кейин, Жаратқан Ийениң маған буйырғанындай, бизлер кейнимизге қайтып, Қамыс теңизине баратуғын жол менен шөлге кеттик. Сеир таўларының әтирапында узақ ўақыт жүрдик.
2 Ақырында Жаратқан Ийе маған былай деди:
3 „Усы таўлы үлкениң дөгерегинде жүргениңиз жетер. Енди арқа тәрепке қарай жүриңлер“.
4 Соннан кейин, халыққа мына буйрықларды бериўимди айтты: „Сеирде жасайтуғын туўысқанларыңыз болған Эсаўдың урпақларының жеринен өтесизлер. Олар сизлерден қорқады. Деген менен, өзлериңиз де абайлы болыңлар.
5 Оларға қарсы урыс ашпаңлар. Сизлерге олардың жеринен бир қарыс та жер бермеймен. Өйткени таўлы Сеир жерин Эсаўға мүлик етип бердим.
6 Олардан жейтуғын аўқатыңызды ҳәм ишетуғын суўыңызды гүмиске сатып алыңлар.
7 Қудайыңыз Жаратқан Ийе, яғный Мен сизлердиң қол урған ҳәр бир исиңизди жарылқадым. Усы ушы-қыйыры жоқ шөлде айланып жүргениңизде, сизлерди қорғадым. Мен қырық жыл даўамында сизлер менен бирге болдым ҳәм сизлердиң ҳеш қандай мүтәжлигиңиз болмады“.
8 Солай етип, бизлер Сеирде жасап атырған туўысқанларымыз Эсаў урпақларының жанынан өттик. Элат ҳәм Эсион-Геберден Иордан тегислигине баратуғын жолдан жүрдик, кейин жолымызды Моаб шөлине қарай бурдық.
9 Сонда Жаратқан Ийе маған: „Моаблыларға ҳүжим қылып, урыс ашпаңлар. Олардың жеринен сизлерге мүлик бермеймен. Өйткени Ар қаласын Луттың урпағына мүлик етип бердим“, – деди».
10 Бурын ол жерде анақлар сыяқлы узын бойлы, күшли ҳәм көп санлы эм халқы жасайтуғын еди.
11 Анақлар сыяқлы, эм халқы да рефа халқы деп есапланатуғын еди. Бирақ моаблылар оларды эм халқы деп атаған еди.
12 Сеирде бурын хор халқы жасайтуғын еди. Эсаўдың урпақлары ол жерди олардан тартып алған еди. Израил халқы Жаратқан Ийениң мүлик етип берген жеринде халықларды жоқ қылғанындай, Эсаўдың әўладлары да хор халқын жоқ етип, жерлерине жайласып алған еди.
13 «Жаратқан Ийе: „Қәнекей, жолға шығыңлар, Зеред дәрьясынан өтиңлер“, – деди. Бизлер Зеред дәрьясынан өттик.
14 Қадеш-Барниядан жолға шығып, Зеред дәрьясынан өтемен дегенше, отыз сегиз жыл жол жүрдик. Жаратқан Ийениң ант ишип айтқанындай, усы ўақытқа келип, Израил халқынан буннан алдынғы әўладтың барлық урысқа жарамлылары жоқ болған еди.
15 Ҳәттеки, Жаратқан Ийе оларды ордадан жоқ қылыў ушын, оларға қарсы қол көтерди.
16 Сол урысқа жарамлылардың барлығы өлип, халық арасынан жоқ болғаннан кейин,
17 Жаратқан Ийе маған былай деди:
18 „Бүгин Ар қаласының жолынан, Моаб жерлеринен өтесизлер.
19 Аммон халқына жақынласқаныңызда, оларға ҳүжим қылып, урыс ашпаңлар. Себеби аммонлардың жеринен сизлерге мүлик бермеймен. Мен ол жерди мүлик етип Луттың урпағына бердим“».
20 Бурын бул жер де рефа халқының ели деп есапланатуғын еди. Рефа халқы олардан алдын сол жерде жасаған еди. Аммон халқы оларды замзумлар деп атайтуғын еди.
21 Замзумлар анақ халқындай узын бойлы, күшли ҳәм көп еди. Бирақ Жаратқан Ийе оларды аммон халқының алдында қыйратты. Аммонлар замзумлардың жерлерин басып алып, сол жерге жайласып алған еди.
22 Жаратқан Ийе Сеирде жасайтуғын Эсаў урпағы ушын да солай ислеп, хор халқын олардың алдында қыйратты. Эсаў әўладлары хорлардың жерлерин басып алып, сол жерге жайласқан еди. Олар бүгин де сол жерде жасайды.
23 Кафтордан келген кафторлылар да Газаға дейин созылған аўылларда жасайтуғын аў халқын жоқ етип, олардың жерлерине жайласып алған еди.
24 «Бизлер Моаб жеринен өткенимизден кейин, Жаратқан Ийе бизлерге: „Енди жолға шығыңлар! Арнон дәрьясынан өтиңлер! Мине, амор халқының Хешбондағы патшасы Сихонды ҳәм оның елин сизлерге тәслим қыламан. Оған ҳүжим қылып, жерин ийелеп баслаңлар.
25 Бүгиннен баслап Мен жер жүзиндеги халықларды сизлерден ҳүрейи ушып, қорқатуғын қыламан. Олар сизлер туўралы еситкенде, қорқыўдан титирейтуғын болады“, – деди».
26 «Соннан кейин, мен Кедемот шөлинен Хешбон патшасы Сихонға елшилер арқалы тынышлық келисимин усынып, мына хабарды жибердим:
27 „Сизиң елиңизден өтип кетиўимизге рухсат бериңиз. Бизлер оңға да, солға да бурылмай туўры жолдан өтип кетемиз.
28 Жейтуғын аўқатымызды да, ишетуғын суўымызды да сизден гүмиске сатып аламыз. Тек ғана жериңизден өтип кетсек болды.
29 Сеирде жасайтуғын Эсаў әўладлары менен Арда жасайтуғын Моаб халқы өз шегараларынан өтиўимизге рухсат берди. Сиз де жериңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Иордан дәрьясынан өтип, Қудайымыз Жаратқан Ийе бизлерге беретуғын жерге жетип алайық“.
30 Деген менен, Хешбон патшасы Сихон жеринен өтиўимизге рухсат бермеди. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе бүгин көрип турғаныңыздай, Сихонды сизлерге тәслим қылыў ушын, оның жүрегин тас етип, өжет қылып қойған еди.
31 Жаратқан Ийе маған: „Мине, Сихонды ҳәм оның елин саған тәслим қылып атырман. Енди оның елин қолға киргизип, ийелеп алыўды басла“, – деди.
32 Сихон бизлер менен урысыў ушын, Яҳаста барлық әскерлери менен бизлерге қарсы шықты.
33 Қудайымыз Жаратқан Ийе оны бизлерге тәслим қылды. Сихонды, оның улларын ҳәм пүткил халқын қырып тасладық.
34 Олардың барлық қалаларын қолға киргизип, ҳәммесин жоқ қылдық. Еркек, ҳаял ҳәм балаларынан ҳеш бирин аман қалдырмадық.
35 Тек ғана олардың ҳайўанларын ҳәм қалаларындағы мал-мүликлерин өзлеримизге олжа етип алдық.
36 Арнон сайының шетинде жайласқан Ароерден ҳәм сайдың ишиндеги қаладан баслап Гиладқа дейин ҳеш бир қала бизлерден үстем келмеди. Себеби Қудайымыз Жаратқан Ийе ҳәммесин бизлерге тәслим қылған еди.
37 Бирақ Қудайымыз Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша аммонлардың елине, Яббоқ дәрьясының бойларындағы ҳәм таўлы үлкедеги қалаларға жақынламадық».