Нызамнын кайталаныуы 12 bob

Сыйыныў ушын тек ғана бир орын (1-28). Жалған қудайларға табынбаңлар (29-32).

1 «Ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе сизлерге мүлик етип берип атырған елде өмириңиз даўамында усы қағыйда ҳәм нызамларды муқыятлы түрде орынлаңлар.
2 Сизлер жерлерин ийелейтуғын халықлардың бийик таўлардағы, төбешиклердеги ҳәм қойыў жапырақлы тереклердиң астындағы өз қудайларына табынатуғын орынларын бузып, пүткиллей жоқ қылыңлар.
3 Олардың қурбанлық орынларын бузың, кийели тасларын сындырып таслаң, кийели ағашларын жағып жибериң ҳәм қудайларының мүсинлерин майдалап таслаң. Солай етип, олардың қудайларының атларын ол жерден жоқ қылыңлар.
4 Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сол халықлардың табынғанындай етип сыйынбаңлар.
5 Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын, урыўларыңыз арасында бир жерди таңлап алады. Сизлер сол жерге барып, Оған сыйыныңлар.
6 Сизлер жандырылатуғын қурбанлықларыңызды, басқа қурбанлықларыңызды, үсирлериңизди, бағышлаған затларыңызды, ўәде етип атаған ҳәм ықтыярлы садақаларыңызды, ири ҳәм майда малларыңыздың биринши төллерин сол жерге алып барыңлар.
7 Ол жерде сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында өз шаңарағыңыз бенен бирге ишип-жеп, Оның барлық ислериңизге берекет бергени ушын шадланыңлар.
8 Бүгин бизлер усы жерде ислеп атырған ислеримизди сол жерде ислемеңлер. Бул жерде ҳәр ким өзи қәлегениндей сыйынып атыр.
9 Өйткени сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийениң мүлик етип берип атырған, тынышлыққа еристиретуғын жерине еле кирмедиңиз.
10 Деген менен, тез арада сизлер Иордан дәрьясынан өтип, Қудайыңыз Жаратқан Ийе мүлик етип, сизлерге беретуғын жерге орналасып аласыз. Жаратқан Ийе сизлерди дөгерегиңиздеги барлық душпанларыңыздан қорғап, тынышлыққа бөлейди. Кейин сизлер қәўип-қәтерсиз өмир сүресиз.
11 Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орналастырыў ушын, бир жерди таңлайды. Сонда мен сизлерге буйырған барлық жандырылатуғын қурбанлықларыңызды, басқа қурбанлықларыңызды, үсирлериңизди, бағышлаған затларыңызды ҳәм Жаратқан Ийеге ўәде етип атаған ең жақсы садақаларыңызды сол жерге алып барыңлар.
12 Сол жерде улларыңыз, қызларыңыз, қулларыңыз ҳәм шорыларыңыз, және де, қалаларыңызда жасайтуғын лебийлилер менен Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында шадланыңлар. Өйткени сизлер сыяқлы, лебийлилердиң өзлерине тийисли жер үлеси жоқ.
13 Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды дус келген жерде усыныўдан аўлақ болыңлар.
14 Буларды тек Жаратқан Ийе урыўларыңыз арасынан таңлаған орында ғана усыныңлар. Мен сизлерге буйырғанлардың ҳәммесин сол жерде орынлаңлар.
15 Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сизлерге берген берекетине жараса, жасап атырған ҳәр бир қалаңызда қәлегениңизше мал сойып, гөшин жеўиңизге болады. Адам ҳарам болсын, пәк болсын, жейран ямаса суўын гөшинен жегендей, бул гөштен жеўине болады.
16 Бирақ сизлер малдың гөшин қаны менен бирге жемеңлер, оның қанын суўдай етип, жерге ағызып жибериңлер.
17 Және де, дәнлериңиздиң, таза шарабыңыздың, зәйтүн майыңыздың үсирлерин, ири ҳәм майда малларыңыздың биринши төллерин, ўәде етип атаған ҳәм ықтыярлы садақаларыңызды ҳәм бағышлаған садақаларыңызды жасап атырған қалаларыңызда жемеңлер.
18 Ал сизлер буларды ул-қызларыңыз, қулларыңыз, шорыларыңыз ҳәм қалаларыңызда жасап атырған лебийлилер менен бирге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң алдында, Оның таңлаған жеринде жеңлер. Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлердиң барлық ислериңизге берекет бергенине шадланыўыңыз керек.
19 Елиңизде жасаған ўақтыңызда, лебийлилерди умытып кетиўден аўлақ болыңлар.
20 Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге берген ўәдеси бойынша шегараңызды кеңейткенде, гөш жеўди қәлесеңиз, қәлеген ўақтыңызда гөш жеўиңизге болады.
21 Қудайыңыз Жаратқан Ийе Өз атын орнатыў ушын таңлаған жер сизлер турған жерден узақ болса, мен буйырғандай, Жаратқан Ийе сизлерге берген ири ҳәм майда малларыңыздан сойып, өз қалаларыңызда қәлегениңизше гөш жеўиңизге болады.
22 Ҳарам адам болса да, пәк адам болса да, жейран ямаса суўын гөшиндей, сол гөштен жеўине болады.
23 Бирақ оның гөшин қаны менен бирге жемеңлер. Себеби денеге жан беретуғын қандур. Гөш пенен бирге жан жемеңлер, қанды суўдай етип, жерге ағызып жибериңлер
24 .
25 Усылай ислесеңиз өзлериңиз де, әўладларыңыз да абадан турмыс кеширесиз. Солай етип, сизлер Жаратқан Ийениң нәзеринде дурыс болған исти қылған боласыз.
26 Ал мухаддес қурбанлықларыңызды ҳәм усыған киретуғын ўәде етип атаған қурбанлықларыңызды болса, Жаратқан Ийениң таңлайтуғын жерине алып барыўыңыз тийис.
27 Жандырылатуғын қурбанлықларыңызды, олардың гөшин ҳәм қанын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында усыныңлар. Басқа қурбанлықларыңыздың қаны Қудайыңыз Жаратқан Ийениң қурбанлық орнының қасына төгилсин, ал олардың гөшинен жеўиңизге болады.
28 Мен сизлерге берип атырған бул буйрықлардың биреўин де қалдырмай орынлаңлар. Сонда өзлериңиз де, әўладларыңыз да ҳәмме ўақытта абадан турмыс кеширеди. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң нәзеринде жақсы ҳәм дурыс болған исти ислеген боласыз».
29 «Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлер жерлерин ийелейин деп атырған халықларды сизлердиң алдыңыздан қуўып, қырып таслайды. Кейин сизлер олардың жерлерин ийелеп, сол жерлерде жайласып аласыз.
30 Сол халықларды жоқ қылғаныңыздан кейин, олардың диний дәстүрлерин ислеп, дузағына түсиўден абайлы болыңлар. Сизлер: „Бул халықлар қудайларына қалай табынған екен? Бизлер де сондай қылайық“, – деп олардың қудайлары ҳаққында сорастырмаңлар.
31 Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге олардың табынғанындай етип, сыйынбаңлар. Себеби олар Жаратқан Ийе жек көретуғын ҳәр түрли жеркенишли ислерди ислейди. Ҳәттеки, ол халықлар қудайларына арнап, ул-қызларын отта жандырады.
32 Мен сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин муқыятлы түрде орынлаңлар. Бул буйрықларға ҳеш нәрсе қоспаң да, алып тасламаң да».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16