Нызамнын кайталаныуы 11 bob
1 «Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйиңлер. Оның тапсырмаларына, қағыйдаларына, нызамларына ҳәм буйрықларына ҳәмме ўақытта әмел қылыңлар.
2 Бүгин мынаны есиңизде тутыңлар: Қудайыңыз Жаратқан Ийениң тәрбиясын алып жасаған балаларыңыз емес, ал сизлер боласыз. Сизлер Оның уллылығын, күшли қолын созғанын, қүдиретин,
3 Мысырда фараон ҳәм оның пүткил елине ислеген кәраматларын ҳәм белгилерин,
4 Мысыр ләшкерлерине, атларына, саўаш арбаларына нелер ислегенин, мысырлылар сизлердиң изиңизден қуўғанда, оларды Қамыс теңизиниң астына қалай мантықтырып, оларды қалайынша толығы менен жоқ қылғанын көрдиңиз.
5 Усы жерге жетип келемен дегенше, Жаратқан Ийе сизлер ушын шөлде не ислегенин,
6 Рубен урыўынан Элиабтың уллары Датан менен Абирамға не ислегенин билесиз. Пүткил Израил халқының көз алдында жер ашылып, оларды, шаңарақларын, шатырларын ҳәм оларға тийисли болғанлар менен барлық жаныўарларын жутып жиберди.
7 Жаратқан Ийениң ислеген барлық уллы ислерин өз көзиңиз бенен көрдиңиз».
8 «Сонлықтан бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықлардың ҳәммесине әмел қылыңлар. Сонда сизлер күшли боласыз ҳәм Иордан дәрьясынан өтип, мүлик етип алатуғын елди қолға киргизесиз.
9 Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңызға ҳәм олардың урпақлары болған сизлерге беремен деп ант ишкен сүт ҳәм пал ағып турған елде узақ өмир сүресиз.
10 Сизлер мүлик етип, ийелеў ушын баратырған ел, өзлериңиз шығып келген Мысыр елиндей емес. Палыз атызын тәрбиялағандай, Мысырда туқым егип, аўыр мийнет пенен егинлериңизди суўғарар едиңлер.
11 Бирақ сизлер мүлик етип, ийелеў ушын баратырған ел таў ҳәм ойпатлықлардан ибарат болып, оның жери жаўын менен суўғарылады.
12 Бул жерге Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Өзи ғамхорлық қылып, жыл басынан ақырына дейин ол жерди Өзи гүзетип турады.
13 Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйип, шын жүрегиңиз ҳәм жан-тәниңиз бенен Оған хызмет етиў ушын, бүгин мен сизлерге жеткерип атырған буйрықларға жақсылап қулақ салсаңыз,
14 Жаратқан Ийе жериңизге гүз ҳәм бәҳәр жаўынларын өз ўақтында жаўдырады. Солай етип, дәниңизди, таза шарабыңызды ҳәм зәйтүн майыңызды жыйнап аласыз.
15 Жаратқан Ийе атызларыңызда малларыңыз ушын от-шөп өсиреди, сизлердиң наныңыз мол болады.
16 Бирақ абайлы болыңлар! Және, азғырылып жолдан адаспаңлар. Басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынбаңлар.
17 Болмаса, Жаратқан Ийе сизлерге ғәзепленип, аспанды жаўып таслайды ҳәм жаўын жаўмай, жер өз өнимин бермей қалады. Нәтийжеде, Жаратқан Ийе сизлерге берип атырған жақсы елде тез қырылып, жоқ болып кетесиз.
18 Мениң усы сөзлеримди ақыл-ойыңыз бенен жүрегиңизде сақлаңлар ҳәм қолыңызға белги қылып байлап, маңлайыңызға нышан қылып тағып қойыңлар.
19 Буларды балаларыңызға үйретиң. Үйде отырғанда да, жолда жүргенде де, жатқанда да, турғанда да усылар туўралы айтып бериң.
20 Есиклериңиздиң жақлаўларына, қалаларыңыздың дәрўазаларына жазып қойың.
21 Солай етип, Жаратқан Ийениң ата-бабаларыңызға беремен, деп ант ишкен елде сизлердиң де, балаларыңыздың да өмири узақ болсын ҳәм жердиң үстинде аспан қанша турса, сол жерде сонша жасаңлар.
22 Мен бүгин сизлерге жеткерип атырған бул буйрықлардың ҳәммесин муқыятлы түрде орынласаңыз, Қудайыңыз Жаратқан Ийени сүйип, Оның жолларынан жүрсеңиз ҳәм Оған садық болсаңыз,
23 Жаратқан Ийе бул халықлардың барлығын сизлердиң алдыңыздан қуўып жибереди. Сизлер өзлериңизден гөре, көбирек ҳәм күшлирек болған халықлардың жерлерин мүлик етип, ийелеп аласыз.
24 Аяғыңыз тийген ҳәр бир жер сизлердики болады. Сизлердиң жер шегараларыңыз қубладағы шөлден арқадағы Лебанон таўларына, шығыстағы Евфрат дәрьясынан батыстағы теңизге дейин созылады.
25 Сизлерге ҳеш ким қарсы тура алмайды. Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге ўәде бергениндей, аяғыңызды басқан ҳәр бир жердеги адамларды сизлерден қорқып, титирейтуғын қылады.
26 Мине, бүгин мен сизлерге таңлаўыңыз ушын, жарылқаў менен нәлетти усынып атырман.
27 Егер де бүгин мен сизлерге жеткерип атырған Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына бойсынсаңыз, онда жарылқаў аласыз.
28 Бирақ егер де Қудайыңыз Жаратқан Ийениң буйрықларына қулақ салмай, өзлериңиз танымайтуғын басқа қудайлардың изинен кетип, сизлерге бүгин буйырған жолдан азғырылсаңыз, онда нәлетке ушырайсыз.
29 Қудайыңыз Жаратқан Ийе мүлик етип берип атырған елге сизлерди алып киргеннен кейин, Гериззим таўында жарылқаўларды, Эбал таўында нәлетлерди жәриялаңлар.
30 Бул еки таў Иордан дәрьясының батыс тәрепинде, усы дәрьяның тегислигинде жасайтуғын қананлылардың жеринде жайласқан. Олар Гилгалға жақын Море теребинф тереклиги қасында.
31 Сизлер тез арада Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерге беретуғын елди мүлик етип, ийелеў ушын, Иордан дәрьясынан өтесиз. Ол жерди қолға киргизип, жайласып алғаннан кейин,
32 мен бүгин сизлерге жеткерип атырған қағыйдалардың ҳәм нызамлардың биреўин де қалдырмай орынлаңлар».