Нызамнын кайталаныуы 10 bob

Муўсаның буйрықларды қайтадан алыўы (1-11) Шығ 34:1-10. Қудайдың талаплары (12-22).

1 «Сол ўақытта, Жаратқан Ийе маған былай деди: „Бурынғы тасқа уқсаған еки тас жонып алып, Мениң алдыма, таўға шық. Және, ағаштан бир сандық исле.
2 Мен усы тасларға алдын өзиң сындырып таслаған таслардағы буйрықларды жазаман. Кейин сен тасларды сандыққа салып қоясаң“.
3 Солай етип, мен акация ағашынан бир сандық иследим. Бурынғы таслардай етип, еки тас жонып алдым. Соннан кейин, еки тасты алып, таўға шықтым.
4 Таўда жыйналған күниңизде, Жаратқан Ийе от ишинен сизлерге айтқан он буйрықты алдынғыдай етип, сол еки тасқа және жазды да, оны маған берди.
5 Мен таўдан төмен түсип, Жаратқан Ийе буйырғанындай, тасларды сандықтың ишине салып қойдым. Таслар ҳәзир де сол сандықтың ишинде турыпты».
6 Израиллылар Беерот-Бене-Яақаннан шығып, Мосерағажүрип кетти. Харон сол жерде өлип, жерленди. Оның орнына баласы Элазар бас руўханий болды.
7 Израиллылар ол жерден Гудгодаға, кейин болса, ағын суўлар үлкеси болған Иотбатаға барды.
8 Сол ўақытта Жаратқан Ийе Келисим сандығын көтерип жүрсин ҳәм дәргайымда хызмет етип, Мениң атым менен адамларға ақ пәтия берсин, деп Лебий урыўын таңлап алған еди. Олар бүгин де усы хызметти орынлап киятыр.
9 Соның ушын, лебийлилер туўысқанлары болған басқа урыўлар сыяқлы жерден үлес алмады. Өйткени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң оларға берген ўәдеси бойынша Жаратқан Ийениң Өзи олардың ырысқы-несийбесин береди.
10 «Мен алдынғыдай, таўда және қырық күн, қырық түн қалдым. Сонда Жаратқан Ийе және бир мәрте мениң жалбарыныўымды еситип, сизлерди өлтирмейтуғын болды.
11 Соннан кейин, Ол: „Қәне, тур, бул халықты баслап бар. Оларды Мен ата-бабаларына беремен деп ант ишкен жерге алып бар. Олар сол жерге барып, оны мүлик етип, ийелеп алсын“, – деди».
12 «Енди, ҳәй, Израил халқы, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерден бир нәрсени ғана талап қылады: Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқып, Оның жоллары менен жүриңлер, Оны сүйиңлер, шын жүрегиңиз ҳәм жан- тәниңиз бенен Оған хызмет етиңлер.
13 Мен бүгин сизлерге берип атырған Жаратқан Ийениң буйрықларына ҳәм қағыйдаларына әмел қылыңлар, сонда абадан турмыс кеширесиз.
14 Аспан да, пүткил аспан әлеми де, жер жүзи ҳәм оның ишиндеги барлық та Қудайыңыз Жаратқан Ийеге тийислидур.
15 Деген менен, Жаратқан Ийе сизлердиң ата-бабаларыңызды сүйди. Мине, Ол бүгин көрип турғаныңыздай, олардың урпағы болған сизлерди барлық халықлардың арасынан таңлап алды.
16 Жүреклериңизди Жаратқан Ийеге бағышлаңлар, буннан былай қайсар болмаңлар.
17 Себеби Қудайыңыз Жаратқан Ийе, қудайлардың Қудайы, ийелердиң Ийесидур. Ол ҳеш кимге еки жүзлилик қылмайтуғын, ҳеш қандай пара алмайтуғын уллы, қүдиретли ҳәм айбатлы Қудайдур.
18 Ол жетим-жесирлердиң ҳуқықын қорғайды, келгиндилерди сүйип, оларға аўқат ҳәм кийим береди.
19 Сизлер де келгиндилерди сүйиўиңиз керек, өйткени өзлериңиз де Мысырда келгинди болған едиңиз.
20 Қудайыңыз Жаратқан Ийеден қорқып, тек ғана Оған хызмет етиңлер. Оған садық қалып, Оның аты менен ант ишиңлер.
21 Ол сизлердиң даңқыңыздур. Өз көзиңиз бенен көрген сол уллы ҳәм таң қаларлық ислерди сизлер ушын ислеген Қудайыңыздур.
22 Сизлердиң ата-бабаларыңыз Мысырға барғанда, олар бары-жоғы жетпис адам еди. Ал ҳәзир болса, Қудайыңыз Жаратқан Ийе сизлерди аспандағы жулдызлар сыяқлы сансыз етип көбейтти»



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16