2 Юхан 1 bob

Ҳақыйқат ҳәм сүйиспеншилик (1-13).

1 Мен, Юхан ақсақалдан, Қудай тәрепинен таңланған ханымға ҳәм оның балаларына сәлем! Мен сизлерди шын жүректен сүйемен. Тек мен емес, ал ҳақыйқатты билгенлердиң ҳәммеси де сизлерди сүйеди.
2 Себеби бизлерде ҳақыйқат бар ҳәм ол бизлер менен мәңги бирге болады.
3 Әкемиз Қудайдан ҳәм Әкениң Улы Ийса Масихтан келген мийрим, реҳим ҳәм тынышлық, бизлерде ҳақыйқатлық ҳәм сүйиспеншилик арқалы бирге болсын.
4 Сениң балаларыңның арасындағы гейбиреўлериниң Әкемизден алған буйрық бойынша ҳақыйқат жолы менен жүргенин билип, қатты қуўандым.
5 Енди сеннен өтинемен, қымбатлы ханым, ҳәммемиз бир-биримизди сүйейик. Мен саған жаңа буйрықты емес, бизлер әўел бастан қабыл еткен буйрықты жазып атырман.
6 Сүйиспеншилик – бул Қудайдың буйрықлары бойынша жасаў. Әўел бастан еситкениңиз сыяқлы, Оның буйрығы – сүйиспеншилик пенен жасаўдан ибарат.
7 Дүнья жүзинде Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тән алмайтуғын көплеген алдаўшылар пайда болды. Бундай адам – алдаўшы ҳәм Масихқа қарсы турыўшы.
8 Мийнетимиздиң жемисин жойтпай, ылайықлы сыйлық алыўыңыз ушын өзлериңизге сақ болыңлар.
9 Масихтың тәлийматы менен жасамай, шектен шығып кеткен адамда Қудай жоқ. Оның тәлийматы менен жасайтуғын адамда ҳәм Әке, ҳәм Ул бар.
10 Егер ким де ким сизлерге келип, бул тәлийматты әкелмесе, оны үйлериңизге қабыл алмаңлар, оған сәлем де бермеңлер.
11 Өйткени оған сәлем берген адам оның жаман ислерине шерик болған болады.
12 Сизлерге жазатуғын көп нәрселерим бар, бирақ оларды қағаз бетине сыя менен жазыўды қәлемеймен. Қуўанышымыз толы болыўы ушын жаныңызға келип, жүзбе-жүз сөйлесемен деген үмиттемен.
13 Қудай таңлаған сиңлиңниң балалары саған сәлем айтып атыр.
  • 1



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16