1 Юхан 4 bob
1 Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, ҳәр қандай руўхқа исенбеңлер. Бирақ руўхлардың Қудайдан болғанын ямаса болмағанын билиў ушын, оларды сынап көриңлер. Өйткени дүньяда көп жалған пайғамбарлар пайда болды.
2 Қудайдың Руўхын мынадан билесизлер: Ийса Масихтың адам денесинде келгенин тән алған ҳәр қандай руўх Қудайдан.
3 Ийсаны тән алмаған ҳәр бир руўх Қудайдан емес. Бул – Масихқа қарсы турыўшының руўхы. Сизлер оның келетуғынын еситкен едиңлер. Мине, ол әлле қашан дүньяда.
4 Ҳәй, перзентлерим, сизлер Қудайдансызлар ҳәм жалған пайғамбарларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы.
5 Жалған пайғамбарлар дүньядан. Сол себепли, олар дүньяға тийисли сөзлерди сөйлейди ҳәм дүнья оларды тыңлайды.
6 Ал бизлер Қудайданбыз. Ким де ким Қудайды билсе, бизлерди тыңлайды. Ал ким де ким Қудайдан болмаса, бизлерди тыңламайды. Ҳақыйқат Руўхы менен жалған руўхты усыннан билемиз.
7 Ҳәй, сүйикли туўысқанларым, бир-биримизди сүйейик! Өйткени сүйиспеншилик Қудайдан. Ҳәр бир сүйиўши адам Қудайдан туўылған ҳәм Қудайды биледи.
8 Сүймейтуғын адам Қудайды билмейди. Себеби Қудай – сүйиспеншилик.
9 Қудай бизлерге деген сүйиспеншилигин былай көрсетти: Қудай Өзиниң жалғыз Улын дүньяға жиберип, бизлерге Ол арқалы өмир берди.
10 Мине, сүйиспеншилик – усы: бизлер Қудайды емес, ал Қудай бизлерди сүйип, Өз Улын бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбанлық қылып жиберди.
11 Ҳәй, сүйикли туўысқанларым! Қудай бизлерди усылай сүйген болса, бизлер де бир-биримизди сүйиўге парызлымыз.
12 Ҳеш ким ҳеш қашан Қудайды көрген емес. Бирақ егер бир-биримизди сүйсек, Қудай бизлерде болады ҳәм Оның сүйиспеншилиги бизлерде кәмал табады.
13 Бизлердиң Онда, Оның бизлерде екенин, Оның бизлерге берген Руўхы арқалы билемиз.
14 Әке Өз Улын дүньяның Қутқарыўшысы қылып жибергенин бизлер көрдик ҳәм бул туўралы гүўалық беремиз.
15 Ким де ким Ийсаны Қудайдың Улы деп тән алса, Қудай онда, ол да Қудайда болады.
16 Бизлер Қудайдың бизлерге деген сүйиспеншилигин билемиз ҳәм оған исенемиз. Қудай – сүйиспеншилик. Ким де ким сүйиспеншилик пенен жасаса, ол Қудайда, Қудай да онда болады.
17 Солай етип, ҳүким шығарылатуғын қыямет-қайым күнинде мәрт болыўымыз ушын, Қудайдың сүйиспеншилиги бизлерде кәмал табады. Өйткени бизлер бул дүньяда Масих сыяқлы боламыз.
18 Сүйиспеншиликте қорқыў жоқ. Керисинше, минсиз сүйиспеншилик қорқыўды қуўып шығарады. Себеби қорқыў жаза менен байланыслы болады. Қорқатуғын адам сүйиспеншиликте минсизликке ериспеген.
19 Бизлер бир-биримизди сүйемиз, өйткени дәслеп Қудай бизлерди сүйди.
20 Егер ким де ким: «Қудайды сүйемен» деп, туўысқанын жек көрсе, ол өтирикши. Себеби көзге көринетуғын туўысқанын сүймеген адам көзге көринбейтуғын Қудайды қалай сүйе алады?
21 «Қудайды сүйетуғын адам өз туўысқанын да сүйиўи тийис», – деген буйрықты бизлер Масихтан алғанбыз.