2 Петр 2 bob
1 Бирақ, бурын Израил халқы арасында жалған пайғамбарлардың болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да жалған устазлар болады. Олар араңызға жасырын түрде азғын тәлийматлар киргизип, ҳәтте, өзлерин Өз қанын төлеп сатып алған Ийесин де тән алмайды. Солай етип, бундайлардың ис-ҳәрекети оларды тез арада набыт болыўға алып келеди.
2 Көп адамлар олардың бузықлығына ереди. Олар себепли ҳақыйқат жолына тил тийеди.
3 Олар нәпсиқаўлық пенен, өзлери ойлап тапқан жалған сөзлер айтып, сизлерден пайдаланады. Олардың ҳүкими әўелден-ақ таяр турған болып, олар көп кешикпей набыт етиледи.
4 Себеби Қудай гүна ислеген периштелерди де аямаған. Оларды ҳүким етилетуғын күнге дейин сақлансын деп, тас түнек дозаққа ылақтырып, қараңғылыққа қамап қойыпты.
5 Қудай қудайсызлардың дүньясына суў тасқынын жибергенде, әййемги дүньяны да аямады. Бирақ, ҳақыйқатлық жаршысы болған Нухты ҳәм оннан басқа жети адамды аман сақлап қалды.
6 Содом ҳәм Гомора қалаларын да ҳүким етип, күлге айландырды. Бул арқалы келешекте қудайсызлардың басына түсетуғынларды мысал етип көрсетти.
7 Ал ар-намыссыз адамлардың бузықлығынан азап шеккен ҳақ адам Лутты Қудай қутқарды.
8 Олардың арасында жасаған бул ҳақ адамның олардың наҳақ ислерин көрип ҳәм еситип турып, пәк кеўли күн сайын қыйналатуғын еди.
9 Солай етип, Қудай Өз жолы менен жүретуғын адамларды қыйыншылықлардан қалай қутқарыўды ҳәм наҳақ адамларды ҳүким шығарылатуғын қыяметқайым күнине дейин қалай сақлап, жазалаўды биледи.
10 Әсиресе өзиниң гүнакар тәбиятының бузық қәлеўлерине берилип, Қудайдың бийлигин менсинбейтуғын наҳақ адамлардың тәғдири усылай болады. Сол сыяқлы, уятсыз ҳәм өжет адамлар болған жалған устазлар уллылыққа ийе болғанларға тил тийгизиўден қорқпайды.
11 Периштелердиң күш ҳәм қүдирети жалған устазлардан анағурлым уллырақ болса да, периштелер Қудай алдында оларды масқаралап айыпламайды.
12 Бирақ бул жалған устазлар өзлери түсинбейтуғын затларға тил тийгизеди. Услап алынып набыт қылыныў ушын туўылған санасыз ҳәм тәбийғый сезим бойынша жасайтуғын ҳайўанлардай болған олар сол ҳайўанлар сыяқлы набыт болады.
13 Олар ислеген жаман ислерине ылайық жаза алады. Булар күндиз айшы-әширетке берилиўди өмирдиң мазмуны деп биледи. Сизлердиң жүзиңизди қара қылып, дақ түсиретуғын бул адамлар сизлер менен бирге зыяпатта отырғанда, өз өтиригинен рәҳәтленеди.
14 Олардың көзлери бузықшылыққа толған болып, олар үзликсиз гүна ислейди. Исеними ҳәлсиз адамларды жолдан азғыратуғын бул адамлар – нәпсиқаў ҳәм ғарғыс урған адамлар.
15 Туўры жолды таслап адасқан олар наҳақ жол менен пайда көриўди жақсы көрген Босор улы Биламның жолын тутты.
16 Бирақ ол ислеген гүнасы ушын әшкара етилген еди: тилсиз ешек тилге кирди, ол адамдай болып сөйлеп, пайғамбардың ақылсыз исине тосқынлық жасаған еди.
17 Бул адамлар суўсыз булақлар, даўыл айдаған думан. Олар ушын тас түнек қараңғылық таяр тур.
18 Өйткени олар надурыс жол менен жүретуғын адамлардан жаңа ғана қутылғанларды бос ҳәм лап сөзлер менен алдап, гүнакар тәбияттың бузық қәлеўлерине баслайды.
19 Өзлери азғынлықтың қулы бола тура, оларға азатлықты ўәде етеди. Себеби адам неден жеңилсе, соның қулы болады-ғо.
20 Адамлар Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масихты билип, дүньяның напәкликлеринен қутылғаннан соң, және сол нәрселердиң дузағына түсип, олардан жеңилсе, онда кейинги аўҳалы бурынғыдан да бетер болады.
21 Өйткени ҳақыйқатлық жолын билгеннен соң, берилген мухаддес буйрықтан жүз бурғаннан гөре, бул жолды ҳеш билмеген олар ушын жақсырақ болар еди.
22 Олардың өмиринде ушырасатуғын бундай аўҳалға мына нақыл сөзлер туўры келеди: «Ийт өз қусығына қайтады, Шошқа жуўындырылғаннан соң, Барып батпаққа аўнайды».