1 Петр 1 bob

Сәлемнама (1-2), Жоғалмайтуғын үмит (3-12), Мухаддес болыңлар! (13-25).

1 Ийса Масихтың елшиси Петрден, Понт, Галатия, Кападокия, Азия ҳәм Битиния үлкелерине тарқалып кеткен, сол үлкелерде жат жерли болып жасаған, Қудай тәрепинен таңлап алынғанларға сәлем!
2 Ийса Масихқа бойсынып, Оның қаны үстилериңизге себилип тазаланыўыңыз ушын, Қудай Әке сизлерди әзелден-ақ таңлап алды ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди мухаддес қылды. Сизлерге мийрим ҳәм тынышлық мол-мол етип берилсин!
3 Ийемиз Ийса Масихтың Әкеси – Қудайға алғыслар болсын! Себеби Ол Өзиниң шексиз мийрим-шәпәәти менен бизлерди жаңадан туўылдырды. Сонлықтан Ийса Масихтың өлимнен тирилиўи арқалы бизлерге жоғалмайтуғын үмит берди
4 ҳәм ширимейтуғын, пәк ҳәм ескирмейтуғын бир мийрасқа еристирди. Усы мийрас сизлер ушын аспанда сақлаўлы тур.
5 Заманның ақырында аян болыўға таяр турған қутқарылыўға ерисиўиңиз ушын, сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың қүдирети менен қорғалмақтасыз.
6 Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳәзир қысқа бир ўақыт ҳәр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де,
7 бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Өйткени от пенен тазаланғанда жоқ болып кететуғын алтыннан қымбатлырақ болған исенимиңиз сынаўдан өтип, сизлер Ийса Масих келгенде, мақтаў, даңқ ҳәм ҳүрметке сазыўар боласызлар.
8 Сизлер Масихты көрмеген болсаңыз да, Оны сүйесизлер. Ҳәзир Оны көре алмасаңыз да, Оған исенип, сөз бенен айтып жеткизиўге қыйын болған бир әжайып ҳәм уллы қуўаныш пенен шадланбақтасызлар.
9 Себеби исенимиңиздиң нәтийжесине, яғный жанларыңыздың қутқарылыўына ерисесизлер.
10 Сизлерге берилетуғын мийрим ҳаққында пайғамбаршылық етип айтқан пайғамбарлар бул қутқарылыў туўралы муқыятлап изленип изертледи.
11 Олардың ишинде болған Масихтың Руўхы Масихтың шегетуғын азаплары ҳәм сол азаплардан соң келетуғын уллылық ҳаққында алдын ала билдиргенде, олар булардың қай ўақытта ҳәм қалай болатуғынын изертледи.
12 Олардың изертлеп айтқанларының өзлериниң заманында емес, ал сизлердиң заманыңызда болатуғынын Қудай оларға ашық билдирди. Буларды, яғный Хош Хабарды аспаннан жиберилген Мухаддес Руўхтың қүдирети менен жәриялаўшылар сизлерге ҳәзир жәриялады. Ҳәтте, периштелер де буларды билиўди қатты қәлейди.
13 Солай етип, ақыл-ойыңызды ис-ҳәрекетке таярлап, сергек болыңлар. Ийса Масих келгенде сизлерге берилетуғын мийримнен толық үмит етиңлер.
14 Тил алғыш балалар сыяқлы болып, Қудайды билмеген өткен өмириңиздеги жаман қәлеўлериңиз бойынша жасамаңлар.
15 Керисинше, сизлерди шақырған Қудай мухаддес болғаны сыяқлы, сизлер де ҳәр бир ис-ҳәрекетиңизде мухаддес болыңлар.
16 Өйткени былай деп жазылған: «Мухаддес болыңлар, себеби Мен мухаддеспен» .
17 Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, ҳәр бир адамды ислерине қарай ҳүким ететуғын Қудайды «Әке» деп шақыратуғын болсаңыз, жат жерли болып жасайтуғын бул дүньядағы өмириңизде Қудайдан қорқып жасаңлар.
18 Хабарыңыз бар, ата-бабаларыңыздан қалған пайдасыз өмир тәризинен гүмис ямаса алтын сыяқлы өткинши нәрселер менен сатып алынбадыңлар.
19 Ал Қудайдың минсиз ҳәм кемшиликсиз Қозысы болған Масихтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылдыңлар.
20 Қудай дүньяны жаратпастан бурын усы мақсет пенен Масихты таңлап алып, Оны бул ақырғы күнлерде сизлер ушын жиберди.
21 Оны өлимнен тирилтип, даңққа еристирген Қудайға Ол арқалы исенесиз. Сол себепли исенимиңиз ҳәм үмитиңиз Қудайға қаратылған.
22 Ҳақыйқатқа бойсыныў арқалы өз жанларыңызды гүнадан тазалағанлықтан, туўысқанларыңызды туўысқанлық сүйиспеншилик пенен сүйесизлер. Солай етип, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер.
23 Сизлер өлетуғын нәсил арқалы емес, ал өлмейтуғын нәсил арқалы, яғный Қудайдың тири ҳәм мәңгилик сөзи арқалы жаңадан туўылдыңыз.
24 Өйткени: «Пүткил адамзат шөпке уқсайды, Оның барлық сән-салтанаты да дала гүлиндей, Шөп қуўрап қалар, гүллер төгилер.
25 Бирақ, Қудайдың сөзи мәңги сақланар» . Усы сөз – сизлерге жәрияланған Хош Хабар.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16