Елшилер 9 bob

Саулдың тәўбе етиўи (1-19), Саул Дамаскта ҳәм Ерусалимде (20-31), Петрдиң ләң болған адамға шыпа бериўи (32-35), Петрдиң Тавитаны тирилтиўи (36-43).

1 Ал Саул Ийемиздиң шәкиртлерине еле өлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да,
2 Дамасктағы мәжилисханаларға хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди.
3 Ол жол жүрип Дамаскқа жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди.
4 Саул жерге жығылып: – Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? – деген даўысты еситти
5 Саул: – Сен кимсең, Ийем? – деп сорады. – Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман.
6 Ал енди орныңнан турып, қалаға бар. Нени ислеў тийис екенлигиң саған айтылады, – деген даўыс еситилди.
7 Саул менен киятырғанлардың тиллери тутылып, тоқтап қалды. Себеби олар даўысты еситсе де, ҳеш кимди көрмеген еди.
8 Саул жерден турды. Бирақ көзлерин ашқанда, ҳеш нәрсе көре алмады. Сонлықтан олар оның қолынан услап, Дамаскқа жетеклеп апарды.
9 Оның көзлери үш күн бойы көрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип жемеди.
10 Дамаскта Ханания атлы Ийсаның шәкирти бар еди. Ийемиз оған көринип: – Ханания, – деди. – Усы жердемен, Ийем, – деп жуўап берди ол+.
11 Ийемиз оған: – Орныңнан тур да, «Туўры көше» деген көшеге барып, Яҳуданың үйиндеги Саул атлы бир тарсуслы адамды сора. Ол ҳәзир дуўа етип атыр.
12 Ол өзине көрсетилген аянда жанына Ханания атлы бир адамның келип, көзлериниң қайтадан көриўи ушын үстине қолларын қойып дуўа еткенин көрген еди, – деди.
13 Ханания жуўап берип: – Ийем! Бул адамның Сениң Ерусалимдеги мухаддеслериңе қанша жаманлық ислегенин мен көп адамлардан еситкен едим.
14 Бул жерге де ол Сениң атыңа сыйынатуғынлардың ҳәммесин тутқынға алыў ушын, бас руўханийлерден бийлик алып келген, – деди.
15 Ийемиз оған: – Бар! Өйткени Мен бул адамды атымды басқа миллетлерге, патшаларға ҳәм Израил улларына жеткизиў ушын таңладым.
16 Мениң атым ушын қаншама азап шегетуғынын Өзим оған көрсетемен, – деди.
17 Солай етип, Ханания барды да, сол үйге кирди ҳәм қолларын Саулдың үстине қойып: – Туўысқаным, Саул! Саған киятырған жолыңда көринген Ийемиз Ийса көзлериңниң ашылып, Мухаддес Руўхқа толыўың ушын мени жиберди, – деди.
18 Сол ўақытта-ақ көзлеринен перде түскендей болып, Саул және көре баслады. Ол орнынан турып, суўға шомылдырылды ҳәм
19 аўқат жеп, күшке енди.Саул бир неше күн Дамасктағы шәкиртлердиң жанында қалды.
20 Ол дәрҳал Ийсаның Қудайдың Улы екенлигин мәжилисханаларда жәриялай баслады.
21 Оны еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысып: «Мынаў Ерусалимде усы Ийсаның атына сыйынатуғынларды қырған адам емес пе? Ол бул жерге де сондай адамларды тутқын етип, бас руўханийлерге апарыў ушын келген жоқ па еди?» – дести.
22 Бирақ Саул күннен-күнге руўхый күшке толысып барды. Ийсаның Масих екенлиги ҳаққында дәлиллер келтирип, Дамаскта жасайтуғын яҳудийлерди таң қалдыратуғын еди.
23 Арадан көп күнлер өткенде, яҳудийлер Саулды өлтириўге тил бириктирди.
24 Бирақ, олардың бул нийети Саулға белгили болып қалды. Яҳудийлер оны өлтириў ушын күни-түни қаланың дәрўазасын аңлыды.
25 Деген менен, Саулдың шәкиртлери бир күни түнде оны себетке салды да, қаланың дийўалынан түсирип жиберди.
26 Саул Ерусалимге келип, сол жердеги шәкиртлерге қосылыўға тырысты. Бирақ оның Ийсаның шәкирти болғанына исенбей, олардың ҳәммеси оннан қорқатуғын еди.
27 Сонда Барнаба оны елшилерге ертип келди. Ол Саулдың жолда Ийемизди қалай көргенин, Ийемиздиң оның менен сөйлескенин ҳәм оның Дамаскта қалай Ийсаның аты менен батыл түрде ўаз айтқанын оларға айтып берди.
28 Солай етип, Саул Ерусалимде олар менен бирге араласып, Ийемиздиң аты менен қорқпастан ўаз айтып жүрди.
29 Ол грекше сөйлейтуғын яҳудийлер менен сөйлесип, тартысатуғын еди. Ал олар Саулды өлтириўге ҳәрекет етти.
30 Туўысқанлар буны билгенде оны Кесарияға апарып, сол жерден Тарсусқа жиберди.
31 Солай етип, пүткил Яҳудия, Галила ҳәм Самария бойлап исениўшилер тынышлыққа еристи. Ийемизден қорқып жасаған жәмәәт беккемленип, Мухаддес Руўхтың қоллап-қуўатлаўы менен саны өсе берди.
32 Сонда Петр ел аралап жүрип, Лиддада жасайтуғын исениўшилерди көриўге келди.
33 Ол сол жерде ләң болып сегиз жылдан бери төсек тартып жатырған Еней атлы бир адамды көрди.
34 Петр оған: – Еней, Ийса Масих саған шыпа береди. Орныңнан турып, төсегиңди жыйна, – деди. Еней сол ўақытта-ақ орнынан турды.
35 Лидда ҳәм Шаронда жасайтуғынлардың дерлик ҳәммеси буны көрип, Ийемиздиң жолына түсти.
36 Яффада Ийсаның шәкирти болған Тавита атлы бир ҳаял бар еди. Тавита – грекше «Доркас», яғный «кийик» дегенди аңлатады. Ол ҳәмме ўақыт жақсылық ислеп, жарлыларға қайыр-садақа беретуғын еди.
37 Сол күнлери Тавита аўырып, қайтыс болды. Адамлар оның денесин жуўып, жоқарыдағы бөлмеге қойды.
38 Лидда Яффаға жақын болғанлықтан, Петрдиң сол жерде екенин еситкен шәкиртлер оған еки адамды жиберип: «Тезирек бизлерге кел», – деп өтиниш етти.
39 Петр орнынан турып, олар менен бирге кетти. Үйге келгенде, оны жоқарыдағы бөлмеге алып барды. Барлық жесир ҳаяллар Петрдиң әтирапына жыйналды. Олар жылап турып, Доркастың өзлери менен бирге жасаған ўақтында тиккен ишки кийимлери менен көйлеклерин оған көрсетти.
40 Петр ҳәммени сыртқа шығарып жиберди де, дизе бүгип, дуўа етти. Соңынан өлиге бурылып: – Тавита, орныңнан тур! – деди. Ҳаял көзлерин ашты да, Петрди көрип, тикейип отырды.
41 Петр қолын берип, оны орнынан турғызды. Соңынан исениўшилер менен жесир ҳаялларды шақырды да, тирилген Тавитаны оларға көрсетти.
42 Бул ўақыя туўралы хабар пүткил Яффаға мәлим болып, көп адамлар Ийемизге исенди.
43 Петр көп күн Яффада, Симон атлы тери ийлеўшиниң үйинде қалды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16