Елшилер 8 bob

Ерусалим жәмәәтиниң қуўдаланыўы (1-3), Филип Самарияда (4-8), Сыйқыршы Симон (9-25), Филип ҳәм эфиопиялы ўәзир (26-40).

1 Степанның өлтирилиўин Саул да мақуллаған еди. Сол күнниң өзинде-ақ, Ерусалимдеги исениўшилер жәмәәтине қарсы күшли қуўдалаў басланды. Елшилерден басқа исениўшилердиң ҳәммеси Яҳудия менен Самария үлкелериниң ҳәмме жерлери бойлап тарқап кетти.
2 Айырым исениўши адамлар Степанды жерлеп, оны қатты азалады.
3 Бирақ Саул исениўшилер жәмәәтине қатты азап берди. Ол үйме-үй кирип, еркек пе, ҳаял ма, ҳәммесин сүйреп шығарып, қамаққа салдырды.
4 Ал тарқалып кеткен исениўшилер ел аралап, Қудайдың сөзин жәриялап жүрди.
5 Филип Самарияның бир қаласына келип, ол жердегилерге Масих ҳаққында жәриялады.
6 Филиптиң сөзин еситкен ҳәм ол көрсеткен кәраматлы белгилерди көрген халық оның сөзлерин дыққат пенен тыңлады.
7 Өйткени жин урған көп адамлардан жаўыз руўхлар қышқырысып шығып, көплеген ләң ҳәм ақсақ болғанлар шыпа табатуғын еди.
8 Солай етип, сол қала үлкен қуўанышқа бөленди.
9 Сол қалада көп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен шуғылланатуғын, Самария халқын таң қалдырып киятырған ҳәм өзин уллы адам деп есаплайтуғын Симон атлы бир адам бар еди.
10 Ең қарапайым адамлардан баслап ең абырайлы адамларға дейин, ҳәммеси оны дыққат пенен тыңлап: «Онда уллы қүдирет деп аталатуғын Қудайдың қүдирети бар», – дейтуғын еди.
11 Симон оларды көп ўақытлардан бери сыйқыршылық пенен таң қалдырып киятырғанлықтан, оны ҳәмме тыңлайтуғын еди.
12 Бирақ олар Қудайдың Патшалығы ҳәм Ийса Масихтың аты ҳаққында Хош Хабарды жәриялаған Филиптиң сөзлерине исенгенде, еркеклер де, ҳаяллар да суўға шомылдырылды.
13 Симонның өзи де исенип суўға шомылдырылғаннан соң, Филиптиң жанынан айырылмады. Көрсетилген белгилер ҳәм уллы кәраматларды көрип, ол таң қалды.
14 Ерусалимдеги елшилер самариялылардың Қудайдың сөзин қабыл еткенин еситип, оларға Петр менен Юханды жиберди.
15 Екеўи сол жерге барып, самариялы исениўшилердиң Мухаддес Руўхты алыўы ушын дуўа етти.
16 Себеби еле олардың ҳеш қайсысына Мухаддес Руўх түспеген болып, олар тек Ийемиз Ийсаның аты менен суўға шомылдырылған еди.
17 Петр менен Юхан олардың үстилерине қолларын қойып дуўа еткенде, олар Мухаддес Руўхты алды.
18 Елшилердиң бул қол қойыў ҳәрекети менен Мухаддес Руўх берилгенин көрген Симон оларға ақша усынып:
19 – Маған да усындай қүдирет бериңлер, мен кимниң үстине қолларымды қойсам да, ол Мухаддес Руўхты қабыл қылатуғын болсын, – деди.
20 Бирақ Петр оған былай деди: – Қудайдың сыйын ақшаға сатып алыўды ойлағаның ушын, ақшаң өзиң менен бирге қурып кетсин.
21 Бул исте сениң пайың да, үлесиң де жоқ. Өйткени кеўлиң Қудай алдында ҳақ емес.
22 Енди бул жаўыз нийетиң ушын тәўбе етип, Ийемизге жалбарын! Мүмкин, кеўлиңдеги бул нийетти Ол кеширер.
23 Себеби сениң ашшы қызғанышқа толы екениңди ҳәм жаманлықтың шырмаўында екениңди көрип турман.
24 Симон жуўап берип: – Мен ушын Ийеңизге сизлер дуўа етиңлер, айтқанларыңыздың ҳеш бири басыма түспесин, – деди.
25 Петр менен Юхан Ийемиздиң сөзи ҳаққында гүўалық берип айтқаннан соң, Самарияның көп аўылларында Хош Хабарды жәриялап, Ерусалимге қайтты.
26 Сонда Ийемиздиң бир периштеси Филипке былай деди: – Орныңнан турып, қубла тәрепке, Ерусалимнен Газаға баратуғын шөл жолына барю
27 Филип орнынан турып, жолға шықты. Сол ўақытта Эфиопияның ҳаял патшасы Кандакияның ўәзирлеринен бири, оның барлық қазнасын басқаратуғын бир ақта сыйыныў ушын Ерусалимге барып,
28 сол жол менен қайтып киятыр еди. Ол арбасында Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырған еди.
29 Мухаддес Руўх Филипке: – Барып, сол арбаға жақынлас, – деди.
30 Филип жуўырып арбаның қасына барғанда, оның Ийшая пайғамбардың китабын оқып отырғанын еситип: – Не оқып отырғаныңды түсинесең бе? – деп сорады.
31 Эфиопиялы: – Биреў маған жол-жорық көрсетпесе, қалай түсине аламан, – деди де, Филиптен арбаға минип отырыўды өтиниш етти.
32 Ол Мухаддес Жазыўдың мына жерин оқып отырған еди: «Ол қой сыяқлы баўызланыўға алып барылды, Жүн қырқыўшының алдында қозы қалай үндемей турса, Ол да солай аўзын ашпады.
33 Ол хорланып, әдил ҳүким алыўдан жуда болды. Оның урпақларын ким тилге алады? Өйткени Оның бул дүньядағы өмири таўсылды».
34 Ўәзир Филиптен: – Өтинемен, маған айтшы: пайғамбар ким туўралы айтып атыр? Өзи туўралы ма ямаса басқа биреў туўралы ма? – деп сорады.
35 Сонда Филип Мухаддес Жазыўдың усы жеринен баслап, Ийса ҳаққында Хош Хабарды оған айтып берди.
36 Олар жол жүрип киятырғанда, суў бар жерге келди. – Мине, бул жерде суў бар-ғо, суўға шомылдырылыўыма не тосқынлық қылады? – деди ўәзир. [ 37 ]
37 Соңынан арбаны тоқтатыўды буйырды. Филип пенен екеўи суўға түсти ҳәм ол Филиптиң қолынан суўға шомылдырылды.
38 Олар суўдан шыққанда, Ийемиздиң Руўхы Филипти бирден алып кетип, ўәзир оны қайтып көрмеди. Солай болса да, ол қуўанышлы түрде жолын даўам етти.
39 Ал Филип Азот қаласында пайда болды. Ол Кесарияға барғанша барлық қалаларды аралап, Хош Хабарды жәриялап жүрди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16