Елшилер 7 bob

Степанның сөзи (1-53), Степанның өлтирилиўи (54-60).

1 Сонда бас руўханий Степаннан: – Усы дурыс па? – деп сорады.
2 Степан былай деп жуўап берди: – Туўысқанларым ҳәм ағаларым, маған қулақ салыңлар! Бабамыз Ибрайым Харанға көшип орналаспастан бурын Месопотамияда болған ўақтында уллы Қудай оған көринип:
3 «Елиңди ҳәм ағайинтуўғанларыңды қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар», – деген еди.
4 Солай етип, Ибрайым халдейлилердиң елинен шығып, Харанға орналасты. Әкесиниң өлиминен кейин, Қудай оны сол жерден алып, ҳәзир сизлер жасап атырған бул елге көширди.
5 Деген менен, Қудай бул жерде оған ҳеш қандай мийрас, бир қарыс жер де бермеген еди. Бирақ, сол ўақытта Ибрайымның баласы жоқ болса да, Қудай бул жерди оған ҳәм оның урпақларына мүлик қылып беретуғынын ўәде еткен еди.
6 Және де, Қудай оған былай деген еди: «Сениң урпақларың жат жерде жат болып, төрт жүз жыл қуллықта жасайды ҳәм зулымлық көреди.
7 Бирақ Мен оларды қул еткен халықты жазалайман. Буннан соң, олар сол жерден шығып, Маған бул жерде сыйынады».
8 Соңынан Қудай Ибрайым менен мухаддес келисим дүзип, сүннетлеў рәсимин оның белгиси қылды. Солай етип, Ибрайым Ысақтың әкеси болып, оны сегизинши күни сүннет етти. Ысақ Яқыптың, Яқып он еки уллы аталарымыздың әкеси болды.
9 Юсупты күнлеген аталарымыз оны Мысырға сатып жиберди. Бирақ Қудай оның менен бирге болып,+
10 барлық қыйыншылықларынан қутқарды. Мысыр патшасы Фараонның алдында оған даналық ҳәм мийрим-шәпәәтлик берди. Фараон оны Мысырдың ҳәм сарайындағы барлық адамлардың үстинен басшы қылып қойды.
11 Соңынан пүткил Мысыр ҳәм Канан еллеринде ашлық болып, үлкен қыйыншылықлар басланды. Ата-бабаларымыз жеўге аўқат таба алмай қалды.
12 Мысырда ғәлле бар екенин еситкен Яқып аталарымызды сол жаққа биринши мәрте жоллады.
13 Олар Мысырға екинши мәрте келгенде, Юсуп туўысқанларына өзиниң ким екенин танытты ҳәм Фараонға оның шығысы белгили болды+.
14 Юсуп әкеси Яқыпты ҳәм барлығы жетпис бес адамнан ибарат болған ҳәмме ағайин-туўғанларын өзине шақыртып алды.
15 Солай етип, Яқып Мысырға көшип кетти. Оның өзи де, ата-бабаларымыз да сол жерде қайтыс болды.
16 Олардың сүйеги Шикемге алып келинип, Ибрайымның сол жерде Хамордың улларынан гүмис ақшаға сатып алған қәбирине қойылды.
17 Қудайдың Ибрайымға берген ўәдесиниң орынланатуғын ўақты жақынлағанда, Мысырдағы халқымыздың саны жүдә көбейип қалған еди.
18 Сол ўақытта Мысырда Юсупты танымайтуғын басқа бир патша тахтқа отырды.
19 Ол халқымыздан ҳийлекерлик пенен пайдаланып, зулымлық иследи ҳәм олардың жаңа туўылған балаларының тири қалмаўы ушын далаға таслаўға мәжбүрледи.
20 Сол ўақытта Муўса дүньяға келди. Ол жүдә сулыў бала болып, үш ай әкесиниң үйинде бағылды.
21 Ол далаға тасланғанда, оны Фараонның қызы таўып алып, өз баласындай қылып тәрбиялап өсирди.
22 Муўса мысырлылардың барлық билим тараўларынан тәлим алып, сөзинде де, исинде де күшли болды.
23 Ол қырық жасқа толғанда, оның кеўлинде өз туўысқанлары болған израиллылардың жағдайын барып көриў нийети пайда болды.
24 Олардың бирине әдилсизлик исленгенин көрген Муўса оны жақлады да, әдилсизлик ислеген мысырлыны өлтирип, зулымлық көрген адам ушын өш алды.
25 Ол: «Қудайдың мен арқалы өзлерин қутқаратуғынын туўысқанларым түсинер», – деп ойлаған еди. Бирақ олар түсинбеди.
26 Ертеңине Муўса төбелесип атырған еки израиллыны ушыратып қалғанда, оларды жарастырмақшы болып: – Жигитлер, сизлер туўысқансыз-ғо. Неге бир-бириңизге жәбир берип атырсызлар? – деди.
27 Бирақ, жақынына жәбир берген адам Муўсаны ийтерип жиберип: – Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды?
28 Кеше мысырлыны өлтиргениңдей, мени де өлтирмекшимисең? – деди.
29 Бул сөзди еситкенде Муўса Мидиян елине қашып кетип, сол жат жерде жасады. Ол сол жерде еки балалы болды.
30 Қырық жыл өткеннен соң, Синай таўының дөгерегиндеги шөлде, жанып турған путаның жалынында Муўсаға бир периште көринди.
31 Муўса бул көриниске таң қалды. Анықлап көриў ушын жақынлағанда, Жаратқан Ийемиздиң:
32 «Мен сениң ата-бабаларыңның Қудайыман, Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Қудайыман», – деген даўысы еситилди. Муўса қорққанынан қалтырап, қараўға жүрексине алмады.
33 Соңынан Жаратқан Ийемиз оған былай деди: «Аяқ кийимиңди шеш! Өйткени сен турған жер мухаддес.
34 Мен халқымның Мысырда азап-ақырет шегип атырғанын көрдим, оның наласын еситип, оны қутқарыў ушын аспаннан түстим. Енди бар, Мен сени Мысырға жиберемен».
35 Бул: «Ким сени басшы ҳәм қазы қылып қойды?» – деп адамлар тән алмаған – сол Муўса еди. Қудай оны путада көринген периште арқалы басшы ҳәм қутқарыўшы қылып жиберди.
36 Мысырда, Қызыл теңизде ҳәм қырық жыл бойы шөлде таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсетип, халықты Мысырдан шығарған усы Муўса еди.
37 Израил улларына: «Қудай сизлерге өз туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады», – деген де – усы Муўса еди.
38 Синай таўында өзине сөйлеген периштениң сөзлерин ата-бабаларымызға жеткизген ҳәм шөлде жыйналған Израил халқы менен бирге болған да сол еди. Ол бизлерге жеткизиў ушын Қудайдың тири сөзлерин алған еди.
39 Бирақ, ата-бабаларымыз оған бойсыныўды қәлемеди ҳәм оны тән алмай, кеўиллери Мысырға аўды.
40 Олар Харонға: «Бизлерди баслап жүретуғын қудайлардың мүсинлерин соғып бер, себеби бизлерди Мысыр елинен шығарған сол Муўсаға не болғанын билмеймиз», – деди.
41 Сол күнлерде олар бузаўдың мүсинин соғып, сол бутқа қурбанлық берди. Олар өз қоллары менен соққан бутқа қуўанып, кеўил көтеристи.
42 Сонлықтан Қудай олардан жүзин терис бурып, оларды аспан денелерине табыныўға таслап қойды. Бул пайғамбарлардың китабында жазылғандай болды: «Ҳәй, Израил халқы! Сизлер шөлде қырық жыл бойы, Маған қурбанлық ҳәм сыйлар бердиңиз бе?
43 Өзлериңиз табыныў ушын ислеген бутларды: Молохтың шатырын ҳәм қудайыңыз Рефанның жулдызын Көтерип жүрдиңлер-ғо. Сонлықтан Мен сизлерди Бабилонның аржағына сүргин қыламан».
44 Ата-бабаларымыздың шөлде Гүўалық шатыры бар еди. Муўса оны өзине сөйлеген Қудайдың буйырғанындай, көрген үлги бойынша ислеген еди.
45 Шатыр әўладтан-әўладқа өтип, атабабаларымыз Ешуаның басшылығында Қудай қуўып жиберген халықлардың жерлерин ийелегенде, оны өзлери менен бирге алып жүрди. Шатыр Даўыттың заманына дейин болды.
46 Қудай алдында мийримге ерискен Даўыт Яқыптың Қудайы ушын мәкан қурыўға рухсат сорады.
47 Бирақ, Қудай ушын үй салған Сулайман болды.
48 Деген менен, Қүдиретли Қудай адамның қолы менен салынған мәканларда жасамайды. Ол пайғамбар арқалы былай деген еди:
49 «Аспан – Мениң тахтым, Жер – аяқ басарым, Сизлер Маған қандай үй салып бережақсызлар? Мениң дем алатуғын орным қай жерде екен?
50 Булардың ҳәммесин Мениң қолым жаратпады ма?»
51 Ҳәй, өжетлер, шын кеўилден Қудайға бойсынбайтуғынлар, Оның сөзин тыңламайтуғынлар! Сизлер ата-бабаларыңызға уқсап, Мухаддес Руўхқа бәрқулла қарсы турасызлар.
52 Ата-бабаларыңыз пайғамбарлардың қайсы бирин қуўдаламады? Олар ҳақ Адамның келиўин алдын ала болжағанларды да өлтирди-ғо. Сизлер де енди Оған сатқынлық ислеп, Оны өлтирдиңлер.
53 Сизлер периштелер арқалы берилген Мухаддес Нызамды алсаңлар да, оны орынламадыңлар!
54 Кеңес ағзалары бул сөзлерди еситкенде ашыўға минип, Степанға қарсы тислерин қайрады.
55 Ал Мухаддес Руўхқа толған Степан көзлерин аспанға тигип, Қудайдың салтанатын ҳәм Қудайдың оң тәрепинде турған Ийсаны көрди.
56 Сонда ол: – Қараңлар, аспанның ашылғанын ҳәм Адам Улының Қудайдың оң тәрепинде турғанын көрип турман, – деди.
57 Ал олар қулақларын жаўып, қатты қышқырысты. Ҳәммеси бирден Степанға топылды да,
58 оны қаланың сыртына сүйреп шығарып, оған тас ылақтыра баслады. Гүўалар өз кийимлерин Саул атлы бир жас жигиттиң аяғының жанына қойды.
59 Олар тас ылақтырып атырғанда, Степан: «Ийем Ийса, руўхымды қабыл ет», – деп дуўа етти.
60 Соңынан ол дизе бүкти де, бәлент даўыс пенен: «О Ийем, бул гүнаны олардың мойнына жүклеме!» – деди. Усыны айтып болып, ол жан тапсырды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16