Елшилер 6 bob

Жети хызметши (1-7), Степанның қолға алыныўы (8-15).

1 Масихтың шәкиртлериниң саны өсип атырған сол күнлерде грекше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлер тәрепинен еврейше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлерге қарсы наразылық пайда болды. Себеби күнделикли жәрдем бөлистирилгенде, олардың жесирлерине кеўил аўдарылмайтуғын еди.
2 Сонда он еки елши ҳәмме шәкиртлерди бир жерге жыйнап: – Қудайдың сөзин жәриялаў исин таслап, дастурхан басында хызмет еткенимиз дурыс болмас.
3 Туўысқанларым! Араңызда жақсы аты шыққан, Мухаддес Руўх пенен даналыққа толған жети адамды таңлаңлар. Оларға усы исти тапсырайық.
4 Ал бизлер өзлеримизди дуўа етиўге ҳәм Қудайдың сөзин жәриялаўға бағышлайық, – деди.
5 Бул сөз пүткил жәмәәтке унады. Олар исеними күшли ҳәм Мухаддес Руўхқа толы болған Степанды, және де Филипти, Прохорды, Никанорды, Тимонды, Парменди ҳәм яҳудий динине өткен антиохиялы Николасты сайлап,
6 елшилердиң алдында турғызды. Елшилер дуўа етип, олардың үстилерине қолларын қойды.
7 Солай етип, Қудайдың сөзи жайылып, Ерусалимдеги шәкиртлердиң саны көбейе берди. Руўханийлердиң көбиси де елшилердиң тәлимин қабыл алып, исене баслады.
8 Қудайдың мийрими менен қүдиретине толы болған Степан халық арасында уллы таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсететуғын еди.
9 Деген менен, киренели, искендериялы ҳәм Киликия менен Азиядан болған адамлардың «Еркинлер мәжилисханасы» деген мәжилисхананың айырым ағзалары Степанға қарсы шығып, оның менен тартыса баслады.
10 Бирақ ол даналық ҳәм Мухаддес Руўх пенен сөйлегенликтен, олар қарсы тура алмады.
11 Сонда олар бир неше адамды үгитлеп: «Оның Муўсаға ҳәм Қудайға тил тийгизгенин еситтик», – деп айтқызды.
12 Солай етип, олар халықты, ақсақалларды ҳәм диний муғаллимлерди өшегистирип, бас салып Степанды услады да, оны жоқарғы кеңестиң алдына алып келди.
13 Олар әкелген жалған гүўалар: – Мына адам Ибадатханаға ҳәм Муўсаның Нызамына үзликсиз қарсы сөйлеп жүр.
14 Бизлер оның: «Насыралы Ийса Ибадатхананы жоқ қылады, Муўсаның бизлерге берген үрп-әдетлерин өзгертеди», – дегенин еситтик, – деди.
15 Жоқарғы кеңесте отырғанлардың ҳәммеси Степанның жүзине тигилип қарап, оның жүзиниң периштениң жүзине уқсас екенин көрди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16