Елшилер 5 bob

Ханания ҳәм Сафира (1-11), Елшилердиң көп адамларға шыпа бериўи (12-16), Елшилердиң қуўдаланыўы (17-42).

1 Ал Ханания атлы адам ҳаялы Сафира менен мал-мүлкин сатып,
2 ақшаның бир бөлегин жасырып қалды да, қалған бөлегин елшилердиң қолына әкелип салды. Буннан оның ҳаялының да хабары бар еди.
3 Сонда Петр оған былай деди: – Ханания, неге шайтанға жүрегиңнен орын берип, Мухаддес Руўхты алдадың ҳәм сатылған жердиң ақшасының бир бөлегин өзиңе алып қалдың?
4 Жер сатылмай-ақ саған тийисли емес пе еди? Сатылғаннан соң да, ақшасын қәлегениңше жумсаўға еркли емес пе едиң? Неге бундай ис ислеўге нийет еттиң? Сен адамларды емес, Қудайды алдадың-ғо.
5 Ханания бул сөзлерди еситиўден-ақ жерге жығылып, жан тапсырды. Буны еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи.
6 Жас жигитлер орынларынан турып, оның денесин кепинледи де, алып кетип жерледи.
7 Арадан шама менен үш сааттай өткенде, болған ўақыядан хабарсыз Хананияның ҳаялы ишке кирип келди.
8 Петр оған: – Маған айтшы, жерди усынша ақшаға саттыңлар ма? – деди. – Аўа, соған, – деди ҳаял.
9 Петр оған былай деди: – Неге Ийемиздиң Руўхын сынап көриўге келистиңлер? Әнекей, күйеўиңди жерлегенлер есиктен кирип киятыр. Олар сени де алып кетеди.
10 Ҳаял сол ўақытта-ақ Петрдиң аяғына жығылып, жан тапсырды. Ишке кирген жас жигитлер оның өлип қалғанын көрип, сыртқа алып кетти де, күйеўиниң қасына жерледи.
11 Пүткил исениўшилер жәмәәтин ҳәм болған ўақыяларды еситкенлердиң ҳәммесин күшли қорқыныш бийледи.
12 Халық арасында елшилер арқалы көп кәраматлы белгилер көрсетилип, таң қаларлық ислер исленетуғын еди. Исениўшилердиң ҳәммеси Сулайманның айўанында жыйналып туратуғын еди.
13 Сырттан оларға қосылыўға ҳеш кимниң батылы бармайтуғын еди, бирақ халық оларға көп алғыслар айтатуғын еди.
14 Және де, Ийемизге исенип, исениўшилерге қосылған ер ҳәм ҳаяллардың саны барған сайын арта берди.
15 Ҳәтте, Петр өтип баратырғанда, ҳеш болмаса оның саясы аўырыўлардың бириниң үстине түссин деп, оларды көшелерге шығарып, кәтлер ҳәм төсеклердиң үстилерине жатқызып қойды.
16 Ерусалимниң дөгерегиндеги қалашалардан да көп адамлар жыйналып, аўырыўларды ҳәм жаўыз руўхлардан азап шеккенлерди алып келетуғын еди. Олардың ҳәммеси шыпа табатуғын еди.
17 Сонда бас руўханий ҳәм оның тәрепдарларының ҳәммеси, яғный саддукей топарының ағзаларының қызғаныштан ишлери жанып,
18 елшилерди услатты да, мәмлекет қамақханасына қаматып таслады.
19 Бирақ түнде Ийемиздиң бир периштеси қамақхананың қапыларын ашып, оларды сыртқа шығарды да:
20 – Барыңлар, Ибадатханада турып, бул жаңа өмир туўралы сөзлердиң барлығын халыққа айтыңлар, – деди.
21 Елшилер айтылғанды тыңлап, таң сәҳәрде Ибадатханаға барды да, тәлим бере баслады. Сол ўақытта бас руўханий ҳәм оның тәрепдарлары келип, жоқарғы кеңестиң адамларын, яғный Израил халқының барлық ақсақалларын жыйналыўға шақырды ҳәм елшилерди алып келиў ушын қамақханаға адам жиберди.
22 Бирақ, сақшылар қамақханаға барғанда елшилерди таппай, излерине қайтып келди де, мыналарды хабарлады:
23 – Қамақхананың беккем етип жабылғанын, қапылардың аўзында қараўыллардың турғанын көрдик. Бирақ, қапыларды ашқанымызда, иштен ҳеш кимди таппадық.
24 Бул сөзлерди еситкен Ибадатхана сақшыларының басшысы менен бас руўханийлер: «Бул не болғаны» десип, албырасып қалды.
25 Сонда олардың қасына бир адам келип: – Әне, сизлер қамаққа салған адамлар Ибадатханада тәлим берип тур, – деп хабарлады.
26 Солай етип, сақшылардың басшысы сақшылар менен бирге кетип, елшилерди алып келди. Бирақ халықтың өзлерин тас пенен урыўынан қорқып, оларға зорлық ислемеди.
27 Олар елшилерди алып келип, жоқарғы кеңестиң алдында турғызып қойды. Бас руўханий елшилерди сораўға тутып:
28 – Бул ат пенен тәлим бермең, деп қатаң буйырған едик-ғо. Бирақ сизлер өз тәлийматыңызды пүткил Ерусалим қаласына жайыпсызлар. Бул Адамның қанының төгилиўине де бизлерди жуўапкер қылмақшысызлар, – деди.
29 Петр менен басқа елшилер былай деп жуўап берди: – Адамларға емес, Қудайға бойсыныў тийис!
30 Атабабаларымыздың Қудайы сизлер атанақ ағашқа шегелеп өлтирген Ийсаны қайта тирилтти.
31 Израилдың тәўбе етип, гүналарының кеширилиўи ушын, Қудай Оны Көсем ҳәм Қутқарыўшы қылып, Өзиниң оң тәрепине көтерди.
32 Бизлер бул ислердиң гүўасымыз. Сондай-ақ, Қудайдың Өзине бойсынатуғынларға беретуғын Мухаддес Руўхы да буларға гүўа.
33 Жоқарғы кеңес ағзалары буны еситкенде ашыўға минип, елшилерди өлтирмекши болды.
34 Бирақ, пүткил халықтың ҳүрметине ийе болған нызам муғаллими Гамалиел атлы бир парисей кеңесте орнынан турып, елшилерди аз-маз ўақытқа сыртқа шығарып турыўды буйырды.
35 Соңынан ол кеңес ағзаларына былай деди: – Израиллылар! Бул адамларға ислейжақ исиңизди абайлап ислеңлер.
36 Себеби буннан бурын өзин уллы деп есаплаған Теудас атлы бир адам шыққан еди. Оған төрт жүзге шамалас адам қосылды. Бирақ ол өлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап, жоқ болып кетти.
37 Оннан соң, халықтың есабы алынған күнлерде галилалы Яҳуда шығып, бир топар адамларды изине ертти. Ол да өлтирилип, изине ергенлердиң ҳәммеси тарқап кетти.
38 Сонлықтан енди сизлерге айтатуғыным мынаў: бул адамларға тиймеңлер, оларды тынышына қойыңлар. Өйткени бул ис-ҳәрекет адамлардан болса, ол иске аспайды.
39 Бирақ Қудайдан болса, бул адамларды жоқ қыла алмайсызлар. Және де, Қудайға қарсы урысыўшы болып қалыўыңыз да мүмкин.
40 Кеңес ағзалары Гамалиелдиң мәсләҳәтин қабыл етти де, елшилерди ишке шақыртып, оларды қамшылатты ҳәм Ийсаның аты менен ўаз айтпаўды буйырып, босатып жиберди.
41 Елшилер Ийсаның аты себепли масқараланыўға миясар болғаны ушын жоқарғы кеңестен қуўанышлы түрде шығып кетти.
42 Олар ҳәр күни Ибадатханада ҳәм үйме-үй тәлим бериўин, Ийсаның Масих екени ҳаққында Хош Хабарды жәриялаўын тоқтатқан жоқ.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16