Елшилер 4 bob

Петр ҳәм Юхан жоқарғы кеңес алдында (1-22), Исениўшилердиң дуўа етиўи (23-31), Исениўшилердиң аўызбиршилиги (32-37).

1 Петр менен Юхан халыққа сөйлеп турғанда, руўханийлер, Ибадатхана сақшыларының басшысы ҳәм саддукейлер* олардың жанына топарласып келди.
2 Өйткени олардың халыққа тәлим берип, Ийсаның мысалында өлилердиң қайта тирилетуғынын жәриялағанына қатты ашыўлы еди.
3 Сонлықтан олар Петр менен Юханды услап алды да, ертеңге дейин қамап таслады. Себеби күн кеш болып қалған еди.
4 Бирақ, елшилердиң сөзин еситкен адамлардың көбиси исенди. Исенген ер адамлардың саны бес мыңға шамалас еди.
5 Келеси күни яҳудий басшылары, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер Ерусалимге жыйналды.
6 Бас руўханий Ханна менен Каяфа, Юхан, Искендер ҳәм бас руўханийдиң урпағынан болған басқа адамлар да сол жерде еди.
7 Олар Петр менен Юханды ортаға турғызып, олардан: – Сизлер буны қандай күш пенен ҳәм кимниң аты менен иследиңлер? – деп сорады.
8 Сонда Петр Мухаддес Руўхқа толып былай деди: – Халық басшылары ҳәм ақсақаллар!
9 Бул ләң адамға исленген жақсылық ҳәм оның қалай шыпа тапқаны ҳаққында бизлер бүгин тергелип атырған болсақ,
10 онда сизлердиң ҳәммеңиз ҳәм пүткил Израил халқы мынаны билип қойыңлар: бул адам сизлер атанақ ағашқа шегелеген, бирақ Қудай өлимнен қайта тирилткен Насыралы Ийса Масихтың атының қүдирети менен сап-саў болып, алдыңызда тур.
11 Усы Ийса Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Сиз, қурылысшылар тәрепинен керексиз деп тасланып, Бирақ, үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болған тас».
12 Ийсадан басқа ҳеш ким арқалы қутқарылыў жоқ. Қутқарылыўымыз ушын аспан астында адамларға берилген басқа ҳеш бир ат жоқ.
13 Кеңес ағзалары Петр менен Юханның билимсиз ҳәм қарапайым адамлар екенин байқап, олардың батыллығын көргенде таң қалысты. Олардың Ийса менен бирге болғанын билди.
14 Бирақ шыпа тапқан адамның Петр ҳәм Юхан менен турғанын көрип, оларға қарсы ҳеш нәрсе айта алмады.
15 Солай етип, кеңес ағзалары оларға сыртқа шығып кетиўди буйырды да, соңынан өз ара кеңесе баслап:
16 – Бул адамларға не ислесек екен? Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адам олардың анық кәрамат ислегенин биледи-ғо. Бизлер буны бийкарлай алмаймыз.
17 Бирақ, бул хабардың халық арасында және де көбирек жайылмаўы ушын, буннан былай Ийсаның аты менен ҳеш кимге ҳеш қашан сөйлемеңлер деп, қорқытып қояйық, – дести.
18 Соңынан оларды шақырып алып, Ийсаның аты менен ҳеш нәрсе айтпаўларын ҳәм үйретпеўлерин буйырды.
19 Бирақ, Петр менен Юхан оларға жуўап берип: – Өзлериңиз ойлап көриң: Қудайдың сөзлеринен гөре, сизлердиң сөзлериңизди тыңлаў Қудай алдында дурыс болар ма екен?
20 Бизлер көргенлеримизди ҳәм еситкенлеримизди айтпай тура алмаймыз, – деди.
21 Кеңес ағзалары жазалаў ушын ҳеш қандай себеп таба алмағанлықтан, оларды және қорқытты да, босатып жиберди. Өйткени болған ўақыя ушын пүткил халық Қудайға алғыслар айтып турған еди.
22 Себеби кәраматлы шыпа нәтийжесинде жазылған адамның жасы қырықтан асқан еди.
23 Петр менен Юхан босатылғаннан соң жолдасларына барып, бас руўханийлер менен ақсақаллардың өзлерине айтқан сөзлериниң ҳәммесин хабарлады.
24 Олар буны еситкенде, бир аўыздан Қудайға қарата бәлент даўыс пенен былай деди: – О, Қүдиретли Ийемиз! Аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин Сен жаратқансаң.
25 Өз хызметшиң бабамыз Даўыттың аўзы менен Мухаддес Руўх арқалы былай деген едиң: «Миллетлер неге қозғалаң көтерди? Халықлар неге пушқа шығатуғын жобалар дүзди?
26 Жер жүзиниң патшалары бас көтерди, Ҳүкимдарлар бирге жыйналып, Жаратқан Ийемизге ҳәм Ол тайынлаған Масихқа қарсы турды».
27 Ҳақыйқаттан да, Ҳирод пенен Понтий Пилат бул қалада басқа миллетлер ҳәм Израил халқы менен бирге Сен тайынлаған мухаддес хызметшиң Ийсаға қарсы топланды.
28 Олар буны Сениң қүдиретиң ҳәм еркиң менен алдын ала белгиленгенлерди әмелге асырыў ушын иследи.
29 Енди, О Ийемиз, олардың айбат етиўлерине нәзер салып, Сениң сөзиңди толық мәртлик пенен айтыўға Өз қулларыңа күшқуўат бере гөр!
30 Мухаддес хызметшиң Ийсаның аты менен аўырыўларға шыпа бериў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислер ислеў ушын қүдиретиңди көрсете гөр!
31 Дуўа етип болғанда, олар жыйналған жер силкинип кетти. Ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Қудайдың сөзин мәртлик пенен айта баслады.
32 Исениўшилердиң жыйнағындағы ҳәмме адам бир жан, бир тән еди. Ҳеш қайсысы да өз мал-мүлкин «меники» демейтуғын еди. Ал ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды.
33 Елшилер Ийемиз Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында күшли жигер менен, тәсирли түрде гүўалық беретуғын еди ҳәм олардың ҳәммеси Қудайдың уллы мийримине ийе еди.
34 Олардың арасында жоқшылықта жасайтуғын адам болған жоқ. Өйткени жерлери ямаса үйлери барлар оларды сататуғын еди. Түскен ақшаларын алып келип,
35 елшилердиң қолына салатуғын еди. Ақшалар ҳәр кимге мүтәжлигине қарай үлестирилетуғын еди.
36 Мысалы: Лебий урыўынан шыққан Юсуп деген кипрлы бир адам бар еди. Елшилер оған Барнаба, яғный «Жубаныш бериўши» дегенди аңлататуғын ат берген еди.
37 Ол өзине тийисли жерди сатты да, ақшасын әкелип, елшилердиң қолына салды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16