Елшилер 3 bob

Петрдиң аяғы ләң адамға шыпа бериўи (1-10), Петрдиң Ибадатханадағы сөзи (11-26).

1 Бир күни Петр менен Юхан дуўа етиў ўақтында, түстен кейин саат үште Ибадатханаға баратыр еди.
2 Сол жерде иштен аяғы ләң болып туўылған бир адам бар еди. Ол Ибадатханаға келгенлерден садақа сораў ушын көтерип әкелинип, ҳәр күни Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырғызылатуғын еди.
3 Бул адам Ибадатханаға кирип баратырған Петр менен Юханды көрип, олардан садақа сорады.
4 Петр менен Юхан оған тигилип қарады. Соңынан Петр оған: – Бизлерге қара! – деди.
5 Сол адам олардан бир нәрсе алыўды дәметип, оларға дыққат пенен тигилип қалды.
6 Петр оған: – Менде гүмис ҳәм алтын жоқ, бирақ саған өзимде барымды беремен. Насыралы Ийса Масих аты менен айтаман, жүр! – деп
7 оның оң қолынан услады да, орнынан турғызды. Сол ўақытта-ақ оның аяқлары менен тобықларына күш енди.
8 Ол орнынан ушып турды да, жүре баслады. Былай-былай жүрип секириўи менен Қудайға алғыслар айтып, олар менен бирге Ибадатханаға кирди.
9 Пүткил халық оның жүрип баратырғанын ҳәм Қудайды алғыслап атырғанын көрип,
10 оның Ибадатхананың «Гөззал» деген қапысының қасында отырып, тиленшилик еткен адам екенин таныды. Оның менен жүз берген ўақыяға олар қатты ҳайран қалысып, аң-таң болысты.
11 Жаңағы адам Петр менен Юханнан айырылмай жүргенде, пүткил халық ҳайран қалысып, «Сулайманның айўаны» деп аталатуғын жерге, олардың қасына жуўырысып келди.
12 Буны көрген Петр халыққа қарата былай деди: – Израиллылар, буған неге аң-таң болып атырсызлар? Бул адамды бизлер өз күшимиз ямаса диншиллигимиз бенен жүргизгендей, неге бизлерге тигилип турсызлар?
13 Ибрайымның, Ысақтың, Яқыптың Қудайы, бизиң ата-бабаларымыздың Қудайы Өз хызметшиси Ийсаны уллылады. Сизлер Оны услап бердиңлер ҳәм Пилат Оны босатыўға қарар еткенде, Оннан Пилаттың алдында ўаз кештиңлер.
14 Мухаддес ҳәм ҳақ Адамнан ўаз кешип, бир адам өлтириўшиниң өзлериңизге босатылып берилиўин талап еттиңлер.
15 Сизлер Өмир Ийесин өлтирдиңлер, бирақ Қудай Оны өлимнен тирилтти. Бизлер буған гүўамыз.
16 Сизлер көрген ҳәм таныйтуғын бул адам Ийсаның аты менен, Оның атына деген исеним менен шыпа тапты. Ҳәммеңиздиң көз алдыңызда оған толық шыпа берген Ийсаға деген исеним еди.
17 Енди туўысқанларым, сизлердиң бул исти басшыларыңыз сыяқлы билмей ислегениңизди билемен.
18 Бирақ барлық пайғамбарлар арқалы Өз Масихының азап шегетуғынын алдын ала билдирген Қудай Өз сөзин усылай әмелге асырды.
19 Солай етип, тәўбе етиңлер ҳәм гүналарыңыздың жуўылыўы ушын Қудайға қайтыңлар.
20 Сонда Жаратқан Ийемиз сизлерге рәҳәтлениў ўақытларын береди ҳәм сизлер ушын алдын ала тайынланған Масихты, яғный Ийсаны жибереди.
21 Қудайдың әййемнен мухаддес пайғамбарлары арқалы айтқанындай, ҳәмме нәрсениң өз қәлпине келиўине дейин Ийса аспанда болыўы керек.
22 Өйткени Муўса былай деген еди: «Қудай Ийемиз сизлер ушын туўысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарады. Оның айтқан ҳәр бир сөзин тыңлаңлар.
23 Сол пайғамбарды тыңламаған ҳәр бир адам Қудайдың халқы арасынан жоқ етиледи».
24 Самуел пайғамбардан баслап, оннан кейин келип сөйлеген пайғамбарлардың ҳәммеси де усы күнлер ҳаққында болжаған еди.
25 Сизлер пайғамбарлардың ҳәм Қудайдың ата-бабаларыңыз бенен дүзген келисиминиң мийрасхорларысызлар. Себеби Қудай Ибрайымға былай деген еди: «Сениң әўладың арқалы жер жүзиндеги ҳәмме халықлар жарылқанады».
26 Ҳәр бириңизди жаман жолдан қайтарып, сизлерди жарылқаў ушын, Қудай Өзи тайынлаған хызметшисин ең алды менен сизлерге жиберди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16