Елшилер 28 bob

Мальтада (1-10). Павелдиң Римге жетип барыўы (11-16), Павелдиң Римде ўаз айтыўы (17-30).

1 Аман қалғанымыздан соң, атаўдың атының Мальта екенин билдик.
2 Жергиликли адамлар бизлерге әдеттен тыс адамгершилик көрсетти. Жаўын жаўып, күн суўық болғанлықтан, олар от жағып, ҳәммемизди жақсы қабыл етти.
3 Павел бир қушақ отын жыйнап, оттың үстине салды. Сонда оттың ыссысынан қашқан бир уўлы жылан оның қолына жабысты.
4 Жергиликли адамлар Павелдиң қолына жыланның асылып турғанын көрип, бир-бирине: – Бул адам, сөзсиз, адам өлтирген қанхор екен. Теңизден аман қалған болса да, әдиллик қудайы оның тири қалыўына жол қоймады, – дести.
5 Бирақ Павел қолын силкип, жыланды оттың ишине ылақтырып жиберди ҳәм ҳеш қандай зыян көрмеди.
6 Олар Павелдиң денесиниң исип кетиўин ямаса бирден өлип қалып, жерге жығылыўын күтип тур еди. Бирақ узақ ўақыт күтип, оған ҳеш қандай зыян келмегенин көргенде, пикирлерин өзгертип: «Ол бир қудай», – дести.
7 Бизлер турған жердиң жақынында атаўдың басшысы болған Публий атлы адамның жер-мүлки бар еди. Ол бизлерди үйине қабыл етип, үш күн мийман қылды.
8 Сол ўақытта Публийдиң әкесиниң ыссылығы көтерилип, иши өтип аўырып жатырған еди. Павел оның жанына барып дуўа етти де, қолларын оның үстине қойып, шыпа берди.
9 Усы ўақыядан соң, атаўдағы басқа аўырыў адамлар да келип, шыпа табатуғын еди.
10 Олар бизлерге көп ҳүрмет көрсетти ҳәм жолға шығып баратырғанымызда керекли нәрселерди кемеге жүкледи.
11 Үш айдан соң, сол атаўда қыслап қалған «Егиз қудайлар» деп аталатуғын Искендериядан келген бир кеме менен жолға шықтық.
12 Сиракуз қаласына барып, үш күн қалдық.
13 Ол жерден жолымызды даўам етип, Региумға келдик. Ертеңине қубладан есе баслаған самалдың жәрдеми менен еки күнде Путеолийге бардық.
14 Ол жерден туўысқанларымызды таптық. Олардың өтиниши бойынша, бизлер олар менен бирге бир ҳәпте қалдық. Ақырында бизлер Римге келдик.
15 Хабарымызды еситкен Римдеги туўысқанларымыз бизлерди күтип алыў ушын Аппий майданы ҳәм «Үш мийманхана» ға дейин келди. Павел оларды көргенде Қудайға шүкирлик етип, жигерленип қалды.
16 Римге келгенимизде, Павелге өзин қараўыллайтуғын әскер менен өз алдына жасаўға рухсат етилди.
17 Үш күннен соң, Павел Римдеги яҳудий жетекшилерин бирге жыйналыўға шақырды. Олар жыйналғанда, Павел былай деди: – Туўысқанларым! Мен халқымызға ямаса ата-бабаларымыздың үрп-әдетлерине қарсы ҳеш нәрсе ислемесем де Ерусалимде тутқын болып, римлилердиң қолына тапсырылдым.
18 Олар мени тергеп болғаннан соң, босатып жибермекши болды. Өйткени маған өлим жазасын беретуғындай ҳеш қандай тийкар жоқ еди.
19 Бирақ, яҳудийлер буған қарсы шыққанлықтан, мен Рим патшасыҚайсардың ҳүкимин талап етиўге мәжбүр болдым. Деген менен, буны мен өз халқымды айыпламақшы болып ислемедим.
20 Сонлықтан сизлерди бул жерге усылар ҳаққында сөйлесип, ушырасыўға шақырдым. Себеби мен Израилдың үмити ушын мына шынжырлар менен байланғанман.
21 Олар Павелге: – Сен туўралы Яҳудиядан хат алмадық, ол жерден келген өзимиздиң адамлардың ҳеш бири сен туўралы жаман хабар да әкелмеди ямаса жаман нәрсе де айтпады.
22 Бирақ бизлер сениң пикириңди өзиңнен еситиўди қәлеймиз. Өйткени ҳәмме жерде сен тийисли болған бул топарға қарсы шығып атырғанын билемиз, – деди.
23 Олар Павел менен бир күнди белгилеп, сол күни көп адамлар менен бирге ол болып атырған жерге келди. Павел азаннан кешке дейин оларға Қудайдың Патшалығы туўралы гүўалық берип, түсиндирди. Муўсаның Нызамына ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларына тийкарланып, оларды Ийса ҳаққында айтылғанларға исендириўге ҳәрекет етти.
24 Айырымлары Павелдиң сөзлерине исенди, ал базылары исенбей қалды.
25 Өз ара бир келисимге келе алмай, Павел мына соңғы сөзлерин айтып турғанда олар кете баслады: – Мухаддес Руўх Ийшая пайғамбар арқалы ата-бабаларыңызға былай сөйлеп, дурыс айтқан:
26 «Бул халыққа барып, мыналарды айт: Тыңлап еситесизлер, бирақ ҳеш түсинбейсизлер, Қарайсызлар, бирақ ҳеш көрмейсизлер.
27 Себеби бул халықтың кеўли қайсар болып, Қулақлары питип қалған, олар көзлерин де жумып алған. Олай болмағанда, олардың көзлери көрер еди, Қулақлары еситер еди, кеўиллери түсинер еди. Олар Маған қайтып келсе, Мен оларға шыпа берер едим».
28 Мынаны билип қойыңлар: Қудай Өзиниң бул қутқарылыўын басқа миллетлерге берди. Олар буны қабыл алады. [ 29 ]
29 Павел кирейге алған жайында толық еки жыл болып, өзин көриўге келгенлердиң ҳәммесин қабыл етти.
30 Ол батыллық пенен, ҳеш бир тосқынлықсыз Қудайдың Патшалығы туўралы жәриялап, Ийемиз Ийса Масих ҳаққында тәлим берди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16