Елшилер 26 bob

 Павелдиң өзин ақлаўы (32).

1 Агриппа Павелге: – Өзиңди ақлап сөйлеўиңе рухсат бериледи, – деди. Сонда Павел қолын көтерип ишарат етти де, өзин ақлап сөйлей баслады:
2 – Патша Агриппа! Яҳудийлердиң маған тағып атырған барлық айыпларына қарсы бүгин өзимди сизиң алдыңызда ақлап атырғаным ушын бахтиярман, деп есаплайман.
3 Себеби әсиресе сиз яҳудийлердиң үрп-әдетлерин ҳәм тартыслы мәселелерин жақсы билесиз. Сонлықтан мени сабырлылық пенен тыңлаўыңызды өтиниш етемен.
4 Дәслеп өз елимде, соңынан Ерусалимде жаслығымнан бери қалай өмир сүргенимди пүткил яҳудийлер биледи.
5 Олар мени көп ўақыттан бери таныйды ҳәм егер қәлесе, динимиздиң ең қатал бағыты бойынша парисей болып жасағаным туўралы гүўалық бере алады.
6 Енди болса, Қудайдың ата-бабаларымызға берген ўәдесинен үмит еткеним ушын, мен усы жерде турып, ҳүким етилип атырман.
7 Бизиң он еки урыўымыз күни-түни Қудайға бар ықласы менен хызмет етип, бул ўәдениң орынланыўынан үмит етеди. О, патшам! Мени яҳудийлер, мине, усы үмит себепли айыпламақта.
8 Қудайдың өлилерди тирилтиўин сизлер неге исенип болмайтуғын нәрсе, деп есаплайсызлар?
9 Ҳақыйқатында мен де Насыралы Ийсаның атына қарсы қолымнан келген ҳәмме нәрсени ислеўим керек, деп ойлайтуғын едим.
10 Мен буны Ерусалимде иследим де. Бас руўханийлерден алған бийлик пенен исениўшилердиң көбисин қамаққа салдырдым. Оларға өлим жазасы берилиўи ушын даўыс беретуғын едим.
11 Мәжилисханама-мәжилисхана жүрип, оларды тез-тез жазалап, Ийсаға тил тийгизиўге мәжбүрлейтуғын едим. Оларға қәҳәрли болғаным соншелли, ҳәтте, оларды жат қалаларда да қуўдаладым.
12 Бир мәрте мен бас руўханийлерден бийлик ҳәм тапсырма алып, Дамаскқа қарай жолға шықтым.
13 О, патшам! Тал түсте жолда баратырғанымда, аспаннан түсип, мениң ҳәм жолдасларымның әтирапын жарқыратып жиберген қуяштың сәўлесинен де жарық бир нур көрдим.
14 Ҳәммемиз жерге жығылғанымызда, бир даўыстың маған еврей тилинде сөйлегенин еситтим: «Саул, Саул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? Қудайға қарсы турсаң*, өзиңе зыян болады».
15 «Ийем, Сен кимсең?» – деп сорадым мен. Ийемиз жуўап берип былай деди: «Мен – сен қуўдалап атырған Ийсаман.
16 Қәне, тикейип, орныңнан тур! Мени көргениң ҳәм Мениң саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бериўиң ушын, және де, сени Өз хызметиме тайынлаў ушын саған көриндим. Сен көргенлериң ҳәм саған көрсетежақ нәрселерим ҳаққында гүўалық бересең.
17 Мен сени өз халқыңның ҳәм басқа миллетлердиң қолынан қутқараман.
18 Басқа миллетлердиң көзлерин ашып, оларды қараңғылықтан жақтыға, шайтанның қолы астынан Қудайға апарыў ушын сени оларға жиберип атырман. Солай етип, олардың гүналары кеширилип, Маған деген исенимлери менен мухаддес адамлардың арасынан үлес алсын».
19 Сонлықтан, патша Агриппа, аспаннан берилген аянға бағынбай тура алмадым.
20 Дәслеп Дамаск, соңынан Ерусалим ҳәм пүткил Яҳудия үлкесиндеги яҳудийлерге, және басқа миллетлерге де тәўбе етип Қудайға қайтыўды ҳәм тәўбеге ылайық ислер ислеўди жәриялап жүрдим.
21 Яҳудийлердиң мени Ибадатханада услап, өлтирмекши болғанының себеби усы.
22 Бирақ бүгинги күнге дейин маған Қудай жәрдем берип келмекте. Сонлықтан үлкен-киши, ҳәммеге гүўалық берип, усы жерде турман. Мениң айтып турғанларым пайғамбарлардың ҳәм Муўсаның болжап айтқанларынан басқа емес.
23 Олар Масихтың азап шегетуғынын ҳәм биринши болып өлимнен тирилетуғынын, Өз халқына ҳәм басқа миллетлерге нур ҳаққында жәриялайтуғынын билдирген еди.
24 Павел усы тәризде өзин ақлап турғанда, Фест бәлент даўыс пенен: – Павел, сениң есиң дурыс емес! Көп оқығаның сени ақылыңнан аздырыпты! – деди.
25 Павел былай деди: – Есим дурыс, ҳүрметли Фест! Мениң сөзлерим ҳақыйқатқа ҳәм ақылға сай.
26 Патша бул нәрселер ҳаққында жақсы билгенликтен, мен оның менен еркин сөйлесип турман. Булардың ҳеш бириниң оның дыққатынан шетте қалмағанына исенемен. Өйткени бул бир шетте болған жоқ.
27 Патша Агриппа! Сиз пайғамбарлардың сөзлерине исенесиз бе? Билемен, исенесиз.
28 Сонда Агриппа Павелге: – Мени аз-маз ўақыттың ишинде көндирип, масихый қылмақшымысаң? – деди.
29 – Аз болсын, көп болсын, тек сиз емес, ал бүгин мени тыңлап отырғанлардың ҳәммеси мына шынжырларсыз мен сыяқлы болыўын Қудайдан тилеймен, – деди Павел.
30 Сонда патша, ҳәким, Верника ҳәм олар менен отырғанлар орынларынан турды.
31 Олар сыртқа шығып, өз ара: «Бул адам өлимге ямаса қамалыўға ылайық ҳеш нәрсе ислемеген», – дести.
32 Агриппа Фестке: «Егер бул адам Рим патшасы-Қайсардың ҳүкимин талап етпегенде, оны азат қылыўға болар еди», – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16