Елшилер 25 bob

Павел Фесттиң алдында (1-12), Павел Агриппа патшаның алдында (13-27).

1 Фест үлкеге ҳәкимлик ўазыйпасына келгеннен соң үш күн өткенде, ол Кесариядан Ерусалимге барды.
2 Сонда бас руўханийлер менен яҳудийлердиң басшылары оған Павелдиң үстинен шағым жасады.
3 Мийримлилик көрсетип, Павелди Ерусалимге жибериўин оннан жалынып сорады. Ал өзлери Павелди жолда өлтирмекши болып, тил бириктирген еди.
4 Фест оларға жуўап берип, Павелдиң Кесариядағы қамақта екенин ҳәм өзиниң де жақында сол жерге баратуғынын айтты да:
5 – Араңызда бийлиги барлар мениң менен бирге барып, бул адам бир қылмыс ислеген болса, оны айыпласын, – деди.
6 Фест олардың жанында сегиз ямаса он күннен артық қалмай, Кесарияға қайтты. Ертеңине ол ҳүким гүрсисине отырып, Павелди алып келиўди буйырды.
7 Павел келгенде, Ерусалимнен барған яҳудийлер оның әтирапын қоршап алды да, оған өзлери дәлиллеп бере алмайтуғын көп аўыр айыплар тақты.
8 Павел өзин ақлап: – Мен я яҳудийлердиң нызамына, я Ибадатханаға, я Рим патшасы-Қайсарға қарсы ҳеш қандай жынаят ислегеним жоқ, – деди.
9 Бирақ яҳудийлерге жағынғысы келген Фест Павелге: – Ерусалимге барып, сол жерде усылар бойынша мениң алдымда ҳүким етилиўди қәлейсең бе? – деди.
10 Павел былай деди: – Мен Қайсардың ҳүким гүрсиси алдында турман. Мен усы жерде ҳүким етилиўим тийис. Мениң яҳудийлерге ҳеш қандай жаманлық ислемегенимди өзиңиз жүдә жақсы билесиз.
11 Егер мен айыплы болсам ҳәм өлимге ылайықлы бир нәрсе ислеген болсам, өлимнен бас тартпас едим. Ал егер булардың маған тағып атырған айыплары тийкарсыз болса, онда ҳеш бир адамның мени олардың қолына услап бериўге ҳақысы жоқ. Мен Қайсардың ҳүкимин талап етемен.
12 Сонда Фест кеңесгөйлери менен мәсләҳәтлескеннен соң: – Сен Қайсардың ҳүкимин талап еттиң, енди Қайсарға барасаң, – деп жуўап берди.
13 Бир қанша күннен соң, Агриппа патша менен Верника Фестти қутлықлаў ушын Кесарияға келди.
14 Олар сол жерде көп күн қалғанлықтан, Фест Павелдиң исин патшаға билдирип былай деди: – Бул жерде Феликс қамақта қалдырып кеткен бир адам бар.
15 Мен Ерусалимде болғанымда, яҳудийлердиң бас руўханийлери менен ақсақаллары оған айып тағып, оны жазалаўымды талап қылған еди.
16 Мен оларға: «Айыпланыўшы өз айыплаўшылары менен жүзлеспей турып, оған тағылып атырған айыплардан өзин қорғаўға мүмкиншилик берместен, оны услап бериў – римлилердиң әдетине қайшы келеди», – деп жуўап бердим.
17 Сонлықтан олар мениң менен бул жерге келгенде, мен ўақытты босқа жибермей, ертеңине-ақ ҳүким гүрсисине отырдым да, сол адамның алып келиниўин буйырдым.
18 Бирақ айыплаўшылар орынларынан турғанда, оған мен күткен айыплардың ҳеш бирин тақпады.
19 Тек олардың өз дини ҳәм бир Ийса атлы өлген, бирақ Павел тири деп тастыйықлаған Адам ҳаққында айырым тартыслары бар екен.
20 Мен бул мәселени қалай шешиўди билмей албырап, Павелден: «Ерусалимге барып, усылар бойынша сол жерде ҳүким етилиўди қәлейсең бе?» – деп сорадым.
21 Бирақ ол өз исин Қайсардың қараўын ҳәм оған дейин қамақта қалдырылыўын талап етти. Сонлықтан мен оны Қайсарға жоллаўыма дейин қамақта болыўын буйырдым.
22 Сонда Агриппа Фестке: – Бул адамды мен де тыңлағым келеди, – деди. – Оны ертең-ақ тыңлайсыз, – деди Фест.
23 Ертеңине Агриппа менен Верника уллы сән-салтанат пенен келип, мыңбасылар ҳәм қаланың абырайлы адамлары менен бирликте рәсмий залға кирди. Фесттиң буйрығы бойынша Павел алып келинди.
24 Фест былай деди: – Патша Агриппа ҳәм усы жердеги ҳәмме адамлар! Сизлер мына адамды көрип турсызлар. Ерусалимде де, бул жерде де, пүткил яҳудий халқы оның үстинен маған шағым жасап: «Ол буннан былай жасамаўы тийис» – деп бақырысқан еди.
25 Бирақ мен оның өлим жазасына ылайық ҳеш қандай ис ислемегенин анықладым. Оның өзи Қайсардың ҳүкимин талап еткенликтен, оны Қайсарға жибериўге қарар еттим.
26 Ал менде болса, ол ҳаққында ҳүкимдарға жазғандай, белгили ҳеш нәрсе жоқ. Сонлықтан бул тергеўдиң нәтийжесинде маған жазыўға бир нәрсе табылып қалар деп, оны сизлердиң алдыңызға, әсиресе, патша Агриппа, сизиң алдыңызға шығардым.
27 Өйткени тутқынды Қайсарға жоллап, оған қойылған айыпларды билдирмеў надурыс болар, деп ойлайман.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16