Елшилер 24 bob

Павел ҳәким Феликс алдында (1-23), Павелдиң Кесарияда тутқын болыўы (24-27).

1 Арадан бес күн өткеннен соң, бас руўханий Ханания айырым ақсақаллар ҳәм Тертулус атлы нызам қәнийгеси болған бир шешен менен Кесарияға келип, ҳәкимге Павелдиң үстинен шағым жасады.
2 Павел шақырылғанда, Тертулус оны айыплай баслады: – Уллы мәртебели Феликс! Сизиң арқаңызда узақ ўақытлардан бери тынышлықта жасап атырмыз. Сизиң келешекти көре билетуғыныңыз арқалы бул миллеттиң абаданшылығы раўажланып бармақта.
3 Бизлер буны ҳәмме ўақытта, ҳәмме жерде үлкен миннетдаршылық пенен мойынлаймыз.
4 Бирақ сизиң ўақтыңызды алмаў ушын, бизлердиң айтажақ бир аўыз сөзимизди дыққат пенен тыңлаўыңызды өтиниш етемен.
5 Бизлер бул адамды обадай қәўипли, дүнья жүзиндеги пүткил яҳудийлер арасында қозғалаң көтериўши ҳәм «Насыралылар» деген азғын топардың жетекшилериниң бири деп таптық.
6 Ҳәтте, ол Ибадатханамызды да ҳарамламақшы болғанда, бизлер оны қолға алдық [ 7 ]
7 Сиз де оны тергегениңизде, бизлердиң оны не ушын айыплап атырғанымыздың ҳәммесин өзинен билип аласыз.
8 Яҳудийлер де Павелди айыплап, айтылғанлардың дурыс екенин мақуллады.
9 Ҳәким Павелдиң сөйлеўи ушын ишарат еткенде, Павел былай деп жуўап берди: – Сизиң көп жыллардан бери бул миллетке қазылық етип киятырғаныңызды билип, өзимди сизиң алдыңызда ақлайтуғыныма қуўанышлыман.
10 Мениң Ерусалимге сыйыныў ушын келгениме он еки күннен көп болмағанын өзиңиз билип алыўыңызға болады.
11 Олар мениң я Ибадатханада, я мәжилисханаларда, я қаланың басқа бир жеринде биреў менен тартысып турғанымды ямаса халыққа қозғалаң салып жүргенимди көрмеди.
12 Ҳәзир де маған тағып атырған айыпларын сизге дәлиллеп бере алмайды.
13 Бирақ, сизге мынаны мойынлайман: олар «азғын топар» деп атайтуғын жол бойынша мен ата-бабаларымның Қудайына сыйынып, Мухаддес Нызамда ҳәм пайғамбарлардың Жазыўларында айтылған ҳәр бир нәрсеге исенемен.
14 Бул адамлар сыяқлы мен де ҳақ адамлардың да, гүнакарлардың да қайта тирилиўин Қудайдан үмит етемен.
15 Сонлықтан да, мен Қудайдың ҳәм адамлардың алдында пәк ҳүжданлы болыўға ҳәмме ўақыт тырысаман.
16 Миллетиме қайыр-садақа, Қудайға қурбанлықлар бериў ушын, көп жылдан соң Ерусалимге қайтып келдим.
17 Мен тазаланыў рәсиминен өтип, усыларды ислеп атырғанымда, олар мени Ибадатханада көрди. Сонда мениң қасымда көп адам да, шаўқым да болған жоқ.
18 Бирақ ол жерде Азия үлкесинен келген айырым яҳудийлер бар еди. Сизиң алдыңызда әне солар турып, маған тағатуғын айыплары бар болса, айтыўлары керек.
19 Я болмаса, жоқарғы кеңестиң алдында турғанымда, меннен қандай айып тапқанын бул жердеги адамлар айтсын.
20 Мен тек олардың алдында турғанымда: «Өлилердиң қайта тирилетуғынына исенгеним ушын, бүгин мен ҳүким етилип атырман», – деп бақырған едим.
21 Сонда Феликс Ийсаның жолы туўралы жақсы билгенликтен: – Даўыңызды мыңбасы Лисяс келгенде шешемен, – деди де, истиң қаралыўын кейинге қалдырды
22 Соңынан ол жүзбасыға Павелди қараўыллаўды, бирақ еркинлик берип, досларының оған жәрдемлесиўине тыйым салмаўын буйырды.
23 Бир қанша күннен соң, Феликс өзиниң Друзилла атлы яҳудий ҳаялы менен бирге келди. Ол Павелди шақыртып алып, оның Масих Ийсаға исениў ҳаққында айтқанларын тыңлады.
24 Павел ҳақлық, өзин тыйыў ҳәм келешектеги ҳүким ҳаққында айтқанда Феликс қорқып кетип: – Ҳәзирше бара бер. Ўақыт тапсам, сени және шақыртып аламан, – деди.
25 Соның менен бирге, босатылыўы ушын Павелдиң өзине пара бериўинен үмит ететуғын еди. Сонлықтан оны тез-тез шақыртып, оның менен гүрриңлесетуғын еди
26 Бирақ арадан еки жыл өткенде, Феликстиң орнына Порций Фест келди. Феликс яҳудийлерге жағынғысы келгенликтен, Павелди қамақта қалдырып кетти.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16