Елшилер 21 bob

Павелдиң Ерусалимге қарай жолға шығыўы (1-16), Павел Ерусалимде (17-26), Павелдиң қолға алыныўы (27-36), Павелдиң өзин ақлаўы (37-40).

1 Олар менен хошласқанымыздан кейин, кеме менен жүзип, туўры Кос атаўына кеттик. Ертеңине Родос атаўына, ол жерден Патара қаласына келдик.
2 Сол жерден Феникияға баратуғын кемени таўып миндик те, жүзип кеттик.
3 Кипр көрингенде, оның қубла тәрепинен өтип, Сирияға қарай жол алдық. Кеме Тир қаласында жүгин түсириў керек болғанлықтан, сол жерде тоқтадық.
4 Ол жерде шәкиртлерди излеп таўып, олар менен бирге жети күн қалдық. Шәкиртлер Мухаддес Руўхтың билдириўи менен, Павелден Ерусалимге бармаўды өтинди.
5 Бирақ кететуғын ўақтымыз болғанда шығып, жолымызды даўам еттик. Ҳәмме исениўшилер ҳаял ҳәм бала-шағалары менен бирге бизлерди қаланың сыртына дейин шығарып салды. Теңиздиң жағасында дизе бүгип, дуўа еттик.
6 Бир-биримиз бенен хошласқанымыздан соң, кемеге миндик. Ал олар үйлерине қайтты.
7 Тирден жолымызды даўам етип, Птолемайда қаласына келдик. Ол жердеги туўысқанларымыз бенен көрисип, олардың жанында бир күн қалдық.
8 Ертеңине шығып, Кесарияға келдик. Сайланған жети хызметшиниң бири болған, Хош Хабар жәриялаўшы Филиптиң үйине барып, оның менен қалдық.
9 Бул адамның пайғамбаршылық ететуғын, турмысқа шықпаған төрт қызы бар еди.
10 Сол жерде бир талай күн болғанымыздан соң, Яҳудиядан Агабус атлы бир пайғамбар келди.
11 Ол бизлерге келип, Павелдиң белбеўин алды да, оның менен өзиниң аяқ-қолларын байлап: – Мухаддес Руўх былай дейди: «Яҳудийлер бул белбеўдиң ийесин Ерусалимде усылай етип байлап, басқа миллет адамларына услап береди», – деди.
12 Бул сөзлерди еситип, бизлер ҳәм сол жердеги адамлар Павелден Ерусалимге бармаўын өтиндик.
13 Сонда Павел былай деп жуўап берди: – Не ислеп атырсызлар? Неге жыласып, жүрегимди езип атырсызлар? Мен Ийемиз Ийсаның аты ушын Ерусалимде тек аяқ-қолымды байлатыўға емес, ал өлиўге де таярман.
14 Павелди көндире алмағанлықтан: «Ийемиздиң қәлегени болсын», – деп қайтып үндемедик.
15 Сол күнлерден соң жолға таярланып, Ерусалимге келдик.
16 Кесариядағы шәкиртлердиң айырымлары да бизлер менен бирге келди. Олар бизлерди жасап турыў ушын дәслепки шәкиртлердиң бири болған, кипрлы Минасонның үйине алып барды. Бизлер сол үйде болдық.
17 Ерусалимге келгенимизде, туўысқанларымыз бизлерди қуўанышлы түрде қарсы алды.
18 Ертеңине бизлер Павел менен бирге Яқыпты көриўге бардық. Ақсақаллардың ҳәммеси де сол жерге жыйналған еди.
19 Павел олардан ҳал-аўҳал сорағаннан кейин, өз хызмети арқалы Қудайдың басқа миллетлер арасында ислеген ислерин бирим-бирим айтып берди.
20 Олар буны еситип, Қудайды алғыслады да, Павелге былай деди: – Туўысқанымыз Павел! Өзиң көрип турсаң, яҳудийлер арасында Ийемизге исениўши көп мыңлаған адамлар бар. Олардың ҳәммеси Мухаддес Нызамға жүдә инталы.
21 Олардың алған хабарына қарағанда, сен басқа миллетлер арасында жасайтуғын барлық яҳудийлерге балаларын сүннет етпеўлерин ҳәм үрп-әдетлеримизди орынламаўын айтып, Муўсаның Нызамынан бас тартыў кереклигин үйретип жүрген екенсең.
22 Енди не қылыў керек? Олар, әлбетте, сениң усы жерге келгениңди еситеди.
23 Сонлықтан мына айтқанымызды исле. Арамызда Қудай алдында ант ишкен төрт адам бар.
24 Оларды жаныңа алып, тазаланыў рәсиминен өт. Олар шашларын алдырыўы ушын, керекли қурбанлықтың қунын сен төле. Солай етип, ҳәмме адам сен ҳаққында еситкенлериниң тийкарсыз екенин ҳәм сениң Мухаддес Нызам бойынша жасап атырғаныңды билсин.
25 Ал басқа миллет исениўшилерине келсек, бизлер оларға бутларға сойылған қурбанлықтың гөшинен, қаннан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм бузықшылықтан аўлақ болыўлары туўралы қарарымызды жазып жиберген едик.
26 Келеси күни Павел жанына сол төрт адамды алып, олар менен бирге тазаланыў рәсиминен өтти. Соңынан тазаланыў күнлериниң қашан тамам болатуғынын ҳәм ҳәр бири ушын қашан қурбанлық шалынатуғынын билдириў ушын, Ибадатханаға кирди.
27 Жети күнлик мүддет тамамланыўға шамаласқанда, Азия үлкесинен келген яҳудийлер Павелди Ибадатханада көрип, пүткил халыққа қозғалаң салды да, оны услап алып:
28 – Ҳәй, израиллылар, жәрдем бериңлер! Бул адам ҳәмме жерде ҳәмме адамларға бизиң халқымызға, Мухаддес Нызамға ҳәм Ибадатханаға қарсы тәлим берип жүр. Оның үстине, греклерди де Ибадатханаға алып келип, бул мухаддес орынды ҳарамлады, – деп бақырысты.
29 Өйткени олар буннан алдын Павелди қалада ефесли Трофим менен бирге көргенликтен, Павел оны Ибадатханаға алып келген, деп ойлайтуғын еди.
30 Пүткил қала аяққа турды. Ҳәр тәрептен жуўырысып келген халық Павелди услап, Ибадатхананың сыртына сүйреп шығарды. Сол ўақыттаақ Ибадатхананың дәрўазасы жабылды.
31 Олар Павелди өлтирмекши болып атырғанда, Рим мыңбасысына: «Пүткил Ерусалим қозғалаң көтерди!» – деген хабар жетип барды.
32 Мыңбасы дәрҳал әскерлер менен жүзбасыларды жанына алып, халық турған жерге жуўырып келди. Олар мыңбасы менен әскерлерди көргенде, Павелди урыўды тоқтатты.
33 Сонда мыңбасы жақынлап келип, Павелди тутқынға алды да, қос шынжыр менен байлаўды буйырды. Соңынан: – Бул ким? Ол не иследи? – деп сорады.
34 Халық ишинен биреўи анаў, биреўи мынаў, деп бақырды ҳәм шаўқым себепли жөнли жуўап ала алмағанлықтан, мыңбасы Павелди әскерий бөлимге алып кетиўди буйырды.
35 Павел басқышқа келгенде, халық сондай ғәзепли болғанлықтан, әскерлер оны көтерип жүриўге мәжбүр болды.
36 Халық оның изинен: – Оны жоқ етиңлер! – деп бақырып жүрди.
37 Әскерий бөлимге кирейин деп атырғанда, Павел мыңбасыға: – Сизге бир нәрсе айтсам бола ма? – деди. Мыңбасы: – Сен грекше билесең бе?
38 Демек, сен буннан бурын қозғалаң көтерип, төрт мың қозғалаңшыны шөлге апарған мысырлы емес екенсеңғо, – деди.
39 Павел: – Мен яҳудиймен. Киликияның белгили қаласы Тарсустың пуқарасыман. Сизден өтиниш, халыққа сөз сөйлеўге рухсат етиң, – деди.
40 Мыңбасы рухсат етиўден, Павел басқыштың үстинде турып, халыққа қолы менен ишарат етти. Терең тынышлық орнағаннан соң, оларға еврей тилинде сөйлей баслады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16