Елшилер 20 bob

Павел Македония менен Грецияда (1-6), Павелдиң Евтихты тирилтиўи (7-12), Троастан Милитке сапар (13-16), Павелдиң ефесли ақсақаллар менен хошласқанда сөйлеген сөзи (17-38).

1 Ефестеги топалаң басылғаннан кейин, Павел шәкиртлерди шақыртып жигерлендирди. Соңынан олар менен хошласып, Македонияға кетиў ушын жолға шықты.
2 Ол жол-жөнекей үлкелерди аралағанда, исениўшилерди көп сөзлер менен жигерлендирип, Грецияға келди.
3 Ол жерде үш ай қалды. Кеме менен Сирияға кетпекши болғанда, яҳудийлер өзине қарсы тил бириктиргенликтен, Македония арқалы изине қайтыўға қарар етти.
4 Пир улы вериялы Сопатер, салоникалылардан Аристарх пенен Секундус, дербели Гаюс ҳәм Тимофей, Азия үлкесинен Тихик пенен Трофим оның менен бирге кетти.
5 Булар бурын кетип, бизлерди Троас қаласында күтип турды.
6 Ал бизлер Ашытқысыз нан байрамынан соң, Филиптен кеме менен жолға шығып, бес күнде оларға, Троасқа жетип келдик. Ол жерде жети күн болдық.
7 Ҳәптениң биринши күни нан сындырыў ушын бир жерге жыйналғанымызда, Павел исениўшилерге сөз сөйледи. Ертеңине кететуғын болғанлықтан, оның ўазы ярым ақшамға дейин созылды.
8 Бизлер жыйналған жоқарғы қабаттағы бөлмеде көп шыралар жанып турған еди.
9 Евтих атлы бир жас жигит әйнекке минип отыр еди. Павелдиң сөзи созылып кеткенликтен, Евтихты уйқы басты. Ол уйықлап кетип, үшинши қабаттан қулап түсти. Оны жерден көтерип алғанда, ол өлип қалған еди.
10 Павел төменге түсип, жигиттиң үстине еңкейди де, оның еңсесинен көтерип: «Уўайымламай-ақ қойың, оның жаны бар!» – деди.
11 Соңынан жоқарыға көтерилип, нан сындырып жеди. Олар менен таң атқанша көп сөйлескеннен соң, жолға шықты.
12 Жигитти үйине тири апарып, исениўшилер үлкен жубаныш алды.
13 Бизлер бурынырақ кеме менен кетип, Асос қаласына бардық. Ол жерден Павелди мингизип алыўымыз керек еди. Өйткени оның өзи пияда жүргиси келгенликтен, бизлерге усылай тапсырған еди.
14 Павел менен Асоста ушырасып, оны кемеге мингиздик те, Митилина қаласына бардық.
15 Ол жерден кеме менен жолға шығып, ертеңине Хиос атаўының қарсысына келдик. Бир күннен соң Самос атаўына, оның ертеңине Милит қаласына бардық.
16 Азия үлкесинде ўақытты босқа жибермеў ушын, Павел Ефеске бармай өтиўди уйғарды. Егер мүмкин болса, ол Елиўинши күни байрамында Ерусалимде болыўға асықпақта еди.
17 Павел Милиттен Ефеске адам жиберип, исениўшилер жәмәәтиниң ақсақалларын жанына шақыртты.
18 Олар жанына келгенде, Павел былай деди: – Азия үлкесине қәдем басқан дәслепки күнимнен баслап, сизлер менен бирге болған ўақтымның ҳәммесинде қалай жасағанымды билесизлер.
19 Яҳудийлердиң қастыяншылықлары себепли басымнан өткен қыйыншылықларға қарамастан, Ийемизге толық кишипейиллик пенен, сизлер ушын көз жасларымды төгип хызмет еттим.
20 Және де, пайдалы болған ҳәр қандай нәрсени қалдырмай, сизлерге халық алдында ҳәм үйлерде тәлим бериўди тоқтатпадым.
21 Яҳудийлерге де, греклерге де тәўбе етип Қудайға қайтыўды ҳәм Ийемиз Ийсаға исениўди жәрияладым.
22 Ал енди болса, Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен Ерусалимге баратырман. Ол жерде маған не болатуғынын билмеймен.
23 Бирақ Мухаддес Руўх мени қамақ ҳәм қыйыншылықлар күтип турғанын маған ҳәр бир қалада билдирип атыр.
24 Буған қарамастан, мен өз жанымды аямайман. Тек өз бәйгимди басып өтип, Қудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны.
25 Мен араңызда жүрип, Қудайдың Патшалығы ҳаққында жәрияладым. Енди болса, сизлердиң ҳеш қайсысыңыздың мениң жүзимди қайтып көрмейтуғынын билемен.
26 Сонлықтан бүгин сизлерге мынаны ашық айтаман, ким де ким араңызда қутқарылмаса, мен ол ушын жуўапкер емеспен.
27 Себеби сизлерге Қудайдың пүткил еркин толық жәрияладым.
28 Өзлериңизге ҳәм Мухаддес Руўх сизлерди бағыўшы қылып қойған пүткил сүриўге көзқулақ болыңлар! Қудайдың Өз Улының қаны менен сатып алған исениўшилер жәмәәтин бағыңлар!
29 Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен.
30 Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, өзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады.
31 Сонлықтан сергек болыңлар! Үш жыл бойы, күн-түн демей көз жасларымды төгип, ҳәр бириңизге үзликсиз ақыл-нәсият бергенимди еслериңизде сақлаңлар!
32 Енди мен сизлерди Қудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сөзге тапсыраман. Бул сөз сизлерди беккемлеп, Қудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди.
33 Мен ҳеш кимниң гүмисин, алтынын ямаса кийимин күсемедим.
34 Өзимниң ҳәм мениң менен бирге болғанлардың мүтәжликлери ушын усы қолларым менен мийнет еткенимди билесизлер.
35 Ийемиз Ийсаның: «Алған адамнан гөре, берген адам бахытлырақ», – деген сөзин умытпай, усылай мийнет етип, ҳәлсизлерге жәрдем бериў кереклигин сизлерге ислеген ҳәр бир исимде көрсеттим.
36 Павел усы сөзлерди айтып болғаннан соң, олардың ҳәммеси менен бирге дизе бүгип, дуўа етти.
37 Олардың ҳәммеси қатты жыласты ҳәм Павелдиң мойнынан қушақлап, оны сүйди.
38 Әсиресе оларды қатты қапа қылған, Павелдиң: «Мениң жүзимди қайтып көрмейсиз», – деген сөзлери болды. Соңынан оны кемеге дейин шығарып салды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16