Елшилер 2 bob

Мухаддес Руўхтың түсиўи (1-13), Петрдиң сөзи (14-47).

1 Елиўинши күни байрамы келгенде, исениўшилердиң ҳәммеси бир жерге жыйналды.
2 Тосаттан аспаннан күшли самал ескендей болып, бир шаўқым еситилди ҳәм олар отырған үйди пүткиллей толтырып жиберди.
3 Оттың жалыны сыяқлы тиллерге уқсаған бир нәрселер оларға көринип, бөлинип-бөлинип ҳәр бириниң үстине түсти.
4 Олардың ҳәммеси Мухаддес Руўхқа толып, Руўхтың айтқызыўы бойынша басқа тиллерде сөйлей баслады.
5 Сол ўақытта Ерусалимде дүньяның ҳәр түрли еллеринен келген диншил яҳудийлер жасайтуғын еди.
6 Бул сести еситип, көп халық бир жерге жыйналды. Олардың ҳәр бири өз тиллеринде айтылған сөзлерди еситкенликтен ҳайран болды.
7 Ҳәмме қатты таң қалысып, былай деди: – Қараңлар, бул сөйлеп атырғанлардың ҳәммеси галилалы емес пе?
8 Онда қалай олардың бизлердиң ҳәр биримиздиң туўылған жеримиздиң тилинде сөйлеп атырғанын еситип турмыз?
9 Арамызда парфиялылар, мидиялылар, еламийлилер бар. Месопотамияда, Яҳудияда ҳәм Кападокияда, Понтус ҳәм Азияда,
10 Фрикия ҳәм Памфилияда, Мысыр ҳәм Ливияның Киренеге жақын үлкелеринде жасайтуғынлар бар.
11 Өзлери яҳудий болған ҳәм яҳудий динине өткен Римнен келген қонақлар, критлилер ҳәм араблар да бар. Бирақ бизлер Қудайдың уллы ислери ҳаққында ҳәр биримиз өз тиллеримизде еситип турмыз-ғо.
12 Олардың ҳәммеси аң-таң болысып, бир-биринен: – Буны қалай түсиниўге болады? – деп сорады.
13 Ал гейбиреўлери мысқыллап: – Олар таза шарап ишип, мәс болған, – дести.
14 Сонда он бир елши менен бирге Петр орнынан турды да, бәлент даўыс пенен халыққа қарата сөйледи: – Яҳудийлер ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары! Мен буны сизлерге түсиндирейин, сөзлериме қулақ салыңлар.
15 Бул адамлар сизлер ойлағандай мәс емес. Себеби ҳәзир азанғы саат тоғыз-ғо.
16 Бирақ бул көрип турғанларыңыз Иоел пайғамбар арқалы алдын ала айтылған еди:
17 «Қудай былай дейди: Соңғы күнлерде барлық адамлардың үстине Өз Руўхымды жаўдыраман. Улларыңыз ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық етеди. Жасларыңыз аянлар, қартайған адамларыңыз түслер көреди.
18 Сол күнлерде Өзимниң ер ҳәм ҳаял хызметшилеримниң үстине де, Өз Руўхымды жаўдыраман, Олар да пайғамбаршылық етеди.
19 Жоқарыда, аспанда таң қаларлық нәрселер, Төменде, жер жүзинде кәраматлы белгилер: Қан, от ҳәм бурқыраған түтинлерди көрсетемен.
20 Ийемиздиң уллы ҳәм салтанатлы күни келместен алдын, Күн қараңғыланады, ай қанға айланады.
21 Сонда Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады».
22 Израиллылар, мына сөзлерге қулақ салыңлар: хабарыңыз бар, Насыралы Ийса Қудайдың Ол арқалы араңызда ислеген кәраматлары, таң қаларлық ўақыялары ҳәм кәраматлы белгилери менен Қудай тәрепинен дәлилленген Адам еди.
23 Бул Ийса Қудайдың ерки ҳәм алдын ала белгилегени бойынша, сизлерге услап берилген еди. Сизлер Оны Қудайдың Нызамын билмейтуғын басқа миллет адамларының қолы менен атанақ ағашқа шегелеп өлтирдиңлер.
24 Ал Қудай өлим азабының тусаўларын үзип, Оны тирилтти. Өйткени Оны өлимниң услап турыўы мүмкин емес еди.
25 Ол ҳаққында Даўыт былай деген: «Ийемди ҳәмме ўақыт көз алдымда көрдим, Ол мениң оң жағымда болғанлықтан, мен албырамайман.
26 Сонлықтан кеўлим қуўанып, тилим шадланып сөйлейди. Денем де үмит ишинде жасайды.
27 Себеби Сен жанымды өлилер мәканына таслап кетпейсең, Өз Мухаддесиңди ширитип қоймайсаң.
28 Маған өмир жолларын үйреттиң, Мени Өз жаныңда қуўанышқа бөлейсең».
29 Туўысқанларым! Мен сизлерге уллы бабамыз Даўыт ҳаққында ашық айта аламан: ол өлди ҳәм жерленди. Оның қәбири бүгинге дейин усы жерде, бизлерде сақланған.
30 Даўыт пайғамбар болғанлықтан, Қудайдың оған: «Сениң урпағыңнан Бирин тахтыңа отырғызаман», – деп өзине ант ишип, ўәде бергенин билди.
31 Сонлықтан ол келешекте не болатуғынын көрип, Масихтың қайта тирилетуғыны туўралы былай деген еди: «Ол өлилер мәканына таслап қалдырылмады, Денеси де ширимеди».
32 Қудай усы Ийсаны өлимнен тирилтти, буған бизлердиң ҳәммемиз гүўамыз.
33 Ол Қудайдың қүдирети менен аспандағы жоқары ҳәмелге көтерилип, Әкеден ўәде етилген Мухаддес Руўхты алды. Ҳәзир көргениңиз ҳәм еситкениңиз сыяқлы, сол Руўхты бизлерге жаўдырды.
34 Даўыт аспанға көтерилмеген болса да былай деген еди:
35 «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр“».
36 Солай етип, пүткил Израил халқы анық билип қойсын: Қудай сизлер атанақ ағашқа шегелеген сол Ийсаны ҳәм Ийемиз, ҳәм Масих қылды.
37 Буны еситкенлердиң жүреклерине қанжар суғылғандай болды. Олар Петр ҳәм басқа елшилерден: – Туўысқанлар, бизлер не ислеўимиз керек? – деп сорады.
38 Петр оларға былай деди: – Гүналарыңыздың кеширилиўи ушын тәўбе етип, ҳәр бириңиз Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыңлар. Сонда Мухаддес Руўхты сыйға аласызлар.
39 Бул ўәде сизлерге, сизлердиң балаларыңызға ҳәм алыстағылардың ҳәммесине, яғный Қудай Ийемиз шақырған ҳәр бир адамға берилген.
40 Петр басқа да көп сөзлер менен оларға гүўалық берип: – Бул бузық әўладтан қутқарылыңлар, – деп өтиниш етти.
41 Оның сөзин қабыл еткенлер суўға шомылдырылып, сол күни оларға үш мыңға шамалас адам қосылды.
42 Олар өзлерин елшилердиң тәлимине бағышлап, бир-бири менен қарым-қатнаста болды ҳәм бирге нан сындырып*, дуўа ететуғын еди.
43 Елшилер арқалы көп таң қаларлық нәрселер ҳәм кәраматлы белгилер көрсетилгенликтен, ҳәммени қорқыныш бийледи.
44 Исениўшилердиң ҳәммеси бирге жыйналып, ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды.
45 Мал-мүликлерин сатып, ҳәр кимниң мүтәжлигине қарай үлестиретуғын еди.
46 Олар ҳәр күни бирге Ибадатхананың ҳәўлисинде жыйналысып, үйлерде нан сындырысты. Қуўанышлы түрде ҳақ кеўил менен бирге аўқатланды.
47 Қудайға мақтаўлар айтып, пүткил халықтың алғысына бөленди. Ийемиз де қутқарылғанларды оларға күн сайын қосып барды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16