Елшилер 18 bob

Коринф қаласында (1-17), Павелдиң Антиохияға қайтыўы (18-23), Аполостың хызмети (24-28).

1 Буннан соң, Павел Афинадан шығып, Коринфке келди.
2 Сол жерде Акила атлы, понтлы бир яҳудийге дусласты. Акила ҳаялы Прискила менен жақында Италиядан келген еди. Себеби Клавдий патша барлық яҳудийлердиң Римнен шығып кетиўин буйырған еди. Павел оларға барды да,
3 кәсиплес болғанлықтан олар менен бирге қалып, жумыс иследи. Олардың кәсиби – шатыр соғыў еди.
4 Павел ҳәр дем алыс күни мәжилисханада айтысып, яҳудийлерди ҳәм греклерди исендириўге ҳәрекет етти.
5 Сила менен Тимофей Македониядан келгенде, Павел өзин Қудайдың сөзин жәриялаўға ҳәм яҳудийлерге Ийсаның Масих екени ҳаққында гүўалық бериўге толық бағышлады.
6 Бирақ яҳудийлер қарсы шығып, оны масқаралағанда, Павел кийиминиң шаңын қағып, оларға былай деди: – Өз обалыңыз өзиңизге! Мен жуўапкершиликтен азатпан. Буннан былай, басқа миллетлерге кетемен.
7 Павел сол жерден шығып, Қудайға сыйынатуғын Титус Юстус атлы бир адамның үйине келди. Оның үйи мәжилисханаға иргелес еди.
8 Мәжилисхана басшысы болған Криспус пүткил үй-иши менен Ийемизге исенди. Павелди тыңлаған коринфлилердиң көбиси де исенип, суўға шомылдырылды.
9 Бир күни түнде Ийемиз Павелге аян көрсетип: «Қорқпа, үнсиз қалмай, сөйлей бер!
10 Мен сениң менен биргемен, жаманлық ислеў ушын саған ҳеш ким қол тийгизе алмайды. Өйткени бул қалада Мениң адамларым көп», – деди.
11 Солай етип, Павел ол жерде бир ярым жыл қалды ҳәм халыққа Қудайдың сөзин үйретиўин даўам етти.
12 Галио Ахая үлкесиниң ҳәкими болған ўақытта яҳудийлер биригип, Павелге қарсы шықты. Оны қазыханаға алып барып:
13 – Мына адам халықты үгитлеп, Қудайға сыйыныўды бизлердиң нызамымызға қайшы келетуғын жол менен үйретип жүр, – деди.
14 Павел енди сөзин басламақшы болғанда, Галио яҳудийлерге былай деди: – Ҳәй, яҳудийлер! Егер бир нызамсызлық ямаса бир аўыр жынаят исленген болса, мен сизлерди сабырлылық пенен тыңлар едим.
15 Бирақ, сөзлерге, атларға ҳәм өзлериңиздиң нызамыңызға байланыслы мәселелер болса, өзлериңиз шешиңлер. Мен бундай нәрселерге қазылық етким келмейди.
16 Солай етип, Галио оларды қазыханадан қуўып жиберди.
17 Сонда олардың ҳәммеси мәжилисхананың басшысы Состенисти услап алып, қазыхананың алдында сабап таслады. Ал Галио буларға кеўил де аўдарған жоқ.
18 Павел сол жерде және бир неше күн болғаннан соң, туўысқанлар менен хошласты. Прискила ҳәм Акила менен бирге Сирияға барыў ушын кемеге минди. Қудайға ант бергенликтен, Павел Кенхреяда шашын қыйдырып таслады.
19 Ефеске келгенде, Прискила менен Акиланы сол жерде қалдырып, өзи мәжилисханаға барды да, яҳудийлер менен айтыса баслады.
20 Олар көбирек ўақыт қалыўын өтиниш етсе де, Павел қайылшылық бермеди.
21 Бирақ олар менен хошласып атырып: – Қудай қәлесе, сизлерге және қайтып келемен, – деди. Соңынан кеме менен Ефестен жөнеп кетти.
22 Ол Кесарияда кемеден түсип, Ерусалимге кетти ҳәм сол жердеги исениўшилер жәмәәтине сәлем бергеннен соң, Антиохияға барды.
23 Антиохияда бир неше ўақыт қалғаннан соң, Павел жолға шықты. Тәртип бойынша Галатия ҳәм Фрикия үлкелерин аралап, ҳәмме шәкиртлерге руўхый күш-қуўат берип жүрди.
24 Сол ўақытта негизи искендериялы болған Аполос атлы бир яҳудий Ефеске келди. Ол Мухаддес Жазыўларды жүдә жақсы билетуғын, сөзге шешен адам еди.
25 Ийемиздиң жолында тәлим алған ол жалынлы руўх пенен сөйлеп, Ийса ҳаққында дурыс үйрететуғын еди. Бирақ ол тек Яқыяның суўға шомылдырыўын ғана билетуғын еди.
26 Аполос мәжилисханада батыллық пенен сөйлей баслады. Буны Прискила менен Акила еситкенде, оны үйине апарып, Қудайдың жолын анығырақ түсиндирип берди.
27 Аполос Ахаяға кетпекши болғанда, туўысқанларымыз оны қоллап қуўатлады. Сол жердеги шәкиртлердиң оны қабыл қылыўы ушын хат жазып берди. Аполос сол жерге жетип барып, Қудайдың мийрими менен исенгенлерге көп жәрдем берди.
28 Себеби ол Ийсаның Масих екенин Мухаддес Жазыўлар арқалы дәлиллеп, яҳудийлерди халық алдында күшли түрде әшкаралады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16