Елшилер 14 bob

Иконияда (1-7), Листра ҳәм Дербеде (8-20), Сирия Антиохиясына қайтыў (21-28).

1 Иконияда Павел менен Барнаба әдеттегидей яҳудийлердиң мәжилисханасына барып, сондай тәсирли ўаз айтқанлықтан, яҳудийлерден де, греклерден де көп адам исенди.
2 Бирақ, исенбейтуғын яҳудийлер басқа миллет адамларын туўысқанларға қарсы өшегистирип, олардың ақыл-ойын уўлады.
3 Сонлықтан ол жерде узақ ўақыт қалған Павел менен Барнаба Ийемизге сүйенип, Қудайдың сөзин батырлық пенен айтып жүрди. Ийемиз олар арқалы кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық нәрселерди көрсетип, Өз мийрими ҳаққында сөзлерди тастыйықлады.
4 Қала халқы екиге бөлинип, гейбиреўлери яҳудийлердиң, гейбиреўлери елшилердиң тәрепине өтти.
5 Яҳудийлер менен басқа миллет адамлары өз басшылары менен бирликте елшилерге жәбир берип, оларды тас пенен урмақшы болды.
6 Бирақ буны билип қойған Павел менен Барнаба Ликаонияның Листра, Дербе қалаларына ҳәм сол әтирапларға қашып барып,
7 сол жерлерде де Хош Хабарды жәриялаўды даўам етти.
8 Листрада еки аяғы ләң бир адам бар еди. Ол иштен ләң болып туўылып, ҳеш қашан жүрмеген еди.
9 Бул адам Павелдиң сөзлерин тыңлап отырғанда, Павел оған тигилип қарап, шыпа табатуғынына исеними бар екенин көрди де,
10 қатты даўыслап: – Аяқларыңда тик тур, – деди. Сол адам орнынан ушып турды да, жүре баслады.
11 Халық Павелдиң ислеген исин көргенде, ликаония тилинде: – Қудайлар адам пишинине енип, бизлерге келипти, – деп бақырысты.
12 Олар Барнабаны Зевс, Павелди сөз сөйлегени ушын Гермес деп атады.
13 Қаланың сыртында жайласқан Зевс ибадатханасының руўханийи қала дәрўазасына өгизлерди ҳәм гүл шеңберлерин алып келди де, халық пенен бирликте елшилерге қурбанлық бермекши болды.
14 Бирақ елшилер – Барнаба менен Павел буны еситкенде кийимлерин жыртып, көпшиликтиң арасына өзлерин урды да, былай деп бақырды:
15 – Адамлар! Неге бундай ислеп атырсызлар? Бизлер де сизлер сыяқлы адамлармыз-ғо! Сизлердиң бул мәниссиз нәрселерди таслап, аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардың ишиндегилердиң ҳәммесин жаратқан тири Қудайға қайтыўыңыз ушын Хош Хабарды жәриялап атырмыз.
16 Қудай өткен әўладлардың ўақтында барлық миллетлерди өз өмир жоллары менен жүриўге қалдырды.
17 Соған қарамастан, Өзи ҳаққында гүўалық бериўди тоқтатпай, сизлерге жақсылық ислеп келмекте: Ол аспаннан жаўын жаўдырып, жемислерге бай мәўсимлерди береди. Сизлерди азық пенен тойдырып, жүрегиңизди қуўанышқа толтырады.
18 Усы сөзлер менен, олар өзлерине қурбанлық бермеўге халықты зорға дегенде көндирди.
19 Бирақ Писидияның Антиохия ҳәм Икония қалаларынан келген айырым яҳудийлер халықты өз тәрепине аўдырып, Павелди тас пенен урды. Оны өлди деп ойлап, қаланың сыртына сүйреп шығарып таслады.
20 Деген менен, шәкиртлер әтирапына жыйналғанда, Павел өзине келип орнынан турды да, қалаға қайтты. Ертеңине ол Барнаба менен бирге Дербеге кетти.
21 Олар Хош Хабарды Дербе қаласында жәриялап, көп шәкирт арттырғаннан соң, Писидиядағы Листра, Икония ҳәм Антиохия қалаларына қайтып келди.
22 Жол-жөнекей шәкиртлердиң жанларына күш-қуўат берип, исенимде беккем турыўды үгит-нәсият етти де: «Қудайдың Патшалығына кириўимиз ушын, көп қыйыншылықлардан өтиўимиз тийис», – деди.
23 Павел менен Барнаба ҳәр бир исениўши жәмәәтте ақсақалларды тайынлады. Ораза тутып, дуўа еткеннен соң, оларды өзлери бурыннан исенетуғын Ийемиз Ийсаның қолына тапсырды.
24 Соңынан олар Писидия үлкеси арқалы өтип, Памфилия үлкесине келди.
25 Пергияда Қудайдың сөзин жәриялағаннан соң, Анталияға кетти.
26 Сол жерден кеме менен Антиохияға қайтты. Бул қалада олар өзлерине тапсырылған ис ушын өзлерин Қудайдың мийримине бағышлаған еди. Олар сол исти енди орынлады.
27 Ол жерге жеткенде, олар исениўшилер жәмәәтин бир жерге жыйнап, Қудайдың өзлери арқалы нелер ислегенин, басқа миллетлерге исеним қапысын қалай ашқанын билдирди.
28 Олар сол жердеги шәкиртлер менен бирге узақ ўақыт қалды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16