Елшилер 12 bob

Петрдиң қамақтан азат етилиўи (1-19), Ҳирод патшаның өлими (20-25).

1 Сол ўақытта патша Ҳирод исениўшилер жәмәәтиниң гейбир адамларын қуўдалаў ушын тутқынға алды.
2 Ол Юханның туўысқаны Яқыпты қылыш пенен өлтиртти.
3 Буның яҳудий басшыларына жаққанын көрип, изинен Петрди де услатпақшы болды. Ашытқысыз нан байрамы күнлери еди.
4 Ҳирод Петрди услатып, қамаққа салдырды. Оны қараўыллаўды ҳәр бири төрт әскерден ибарат болған төрт әскерий топарға тапсырды. Себеби Қутқарылыў байрамынан соң, оны халықтың алдына шығарыў нийетинде еди.
5 Солай етип, Петр қамаққа алынды. Бирақ исениўшилер жәмәәти ол ушын Қудайға бар жигери менен дуўа етти.
6 Ҳиродтың Петрди халықтың алдына шығармақшы болған күнинен алдыңғы күни түнде, ол еки әскердиң ортасында қос шынжыр менен байлаўлы ҳалында уйықлап атыр еди. Қапының аўзында турған қараўыллар да қамақты қараўыллап тур еди.
7 Тосаттан Ийемиздиң бир периштеси пайда болып, қамақтың иши жарқырап кетти. Периште Петрдиң бүйиринен түртип, оны оятты да: – Тез орныңнан тур, – дегенде, Петрдиң қолларындағы шынжырлар шешилип, түсип кетти.
8 Периште оған: – Белиңди буўып, аяқ кийимиңди кий, – деди. Петр усылай иследи. Периште оған: – Шапаныңды кийип, мениң изиме ер, – деди.
9 Петр қамақхана бөлмесинен шығып, оның изине ерди. Бирақ, периштениң қылып атырған ислериниң оңында болып атырғанын билмей, аян көрип турман, деп ойлады.
10 Олар биринши ҳәм екинши қараўыллардан өтип, қалаға шығатуғын темир дәрўазаға келди. Дәрўаза оларға өз-өзинен ашылды. Олар сыртқа шығып бир көше өткенде, периште бирден Петрдиң жанынан ғайып болды.
11 Сонда өзине келген Петр: «Ийемиздиң Өз периштесин жиберип, мени Ҳиродтың қолынан ҳәм яҳудий халқының мениң басыма түседи, деп күткен барлық бәлелерден қутқарғанын енди ҳақыйқаттан түсинип турман», – деди.
12 Петр буны түсингеннен соң, Марк деп аталатуғын Юханның анасы Мәриямның үйине кетти. Ол жерде көп адамлар жыйналып, дуўа етип отырған еди.
13 Петр сыртқы қапыны қаққанда, Рода атлы бир хызметши қыз ким екенин билиў ушын қапыға келди.
14 Ол Петрдиң даўысын танып, қатты қуўанғанынан қапыны ашпай, қайтадан ишке жуўырып: «Петр қапының алдында тур», – деп хабар берди.
15 «Есиң дурыс па?» – дести оған. Ал қыз сөзинде турып алғанлықтан, олар: «Бул оның периштеси», – деди.
16 Бирақ Петр қапыны қағыўды даўам етти. Олар қапыны ашып, оны көргенде ҳайран қалысты.
17 Петр оларға үндемеўлерин қолы менен ымлап көрсетти де, Ийемиздиң оны қамақтан қалай шығарғанын айтып берди. Соңынан: «Бул хабарларды Яқыпқа ҳәм басқа туўысқанларымызға жеткизиңлер», – деп, сол жерден шығып, басқа жаққа кетти.
18 Таң атқанда, Петрге не болғанын түсинбей, әскерлер қатты албырасты.
19 Ҳирод Петрди излетти. Таба алмағаннан соң, қараўылларды сораўға тутып, оларды өлтириўди буйырды.Буннан соң, Ҳирод Яҳудиядан Кесарияға кетип, бир қанша ўақыт сол жерде қалды.
20 Ол Тир ҳәм Сидон турғынларына қәҳәрли еди. Сонда олар өз ара келисип, Ҳиродқа келди. Патшаның исенимли хызметшиси* Бластусты өз тәреплерине аўдарып, жарастырыўды сорады. Өйткени олардың үлкесиниң азық-аўқаты патшаның үлкесинен ғәрезли еди
21 Белгиленген күнде патшалық липасларын кийген Ҳирод тахтына отырды да, халыққа сөз сөйледи.
22 Сонда халық: «Бул адамның даўысы емес, қудайдың даўысы», – деп бақырысты.
23 Сол ўақытта-ақ Ийемиздиң бир периштеси Ҳиродты урып жиберди. Себеби ол Қудайға бериў керек болған даңқты өзи алған еди. Сонда оның денесин қуртлар кемирип, ол жан тапсырды.
24 Ал Қудайдың сөзи жайылып, исениўшилердиң саны арта берди.
25 Тапсырманы орынлаған Барнаба менен Саул Марк деп аталатуғын Юханды өзлери менен бирге алып, Ерусалимнен қайтып келди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16