Елшилер 10 bob

Римли жүзбасы Корнелий (1-8), Петр көрген аян (9-23), Петр Корнелийдиң үйинде (24-48).

1 Кесарияда «Италиян» деген әскерий бөлимниң жүзбасысы болған Корнелий атлы бир адам бар еди.
2 Ол пүткил шаңарағы менен Қудайдан қорқатуғын, диншил адам еди. Халыққа көп жәрдем берип, Қудайға бәрқулла дуўа ететуғын еди.
3 Бир күни түстен кейин саат үшлер шамасында Қудайдың бир периштесиниң оған келип: «Корнелий!» деп айтқанын ол бир аянда анық көрди.
4 Корнелийди қорқыныш бийлеп, ол көзлерин периштеге тикти де: – Неўе, Ийем? – деди. Периште оған жуўап берип: – Еткен дуўаларың менен берген қайыр-садақаларың Қудайға жетип барды. Қудай оларды есте сақлады.
5 Енди Яффаға адамларды жиберип, Петр деп аталатуғын Симон деген бир адамды шақырт.
6 Ол үйи теңиз жағасында жайласқан Симон атлы бир тери ийлеўшиниң үйинде қонақта, – деди.
7 Өзи менен сөйлескен периште кеткенде, Корнелий хызметшилеринен екеўин ҳәм өз жәрдемшилериниң ишинен бир диншил әскерди шақырды.
8 Оларға ҳәммесин түсиндирип, Яффаға жиберди.
9 Ертеңине саат он екилер шамасында олар жол жүрип қалаға жақынласқанда, Петр дуўа етиў ушын тамның төбесине шықты.
10 Ол аш болып, аўқат жегиси келди. Аўқат таярланып атырғанда, айрықша жағдайға түсти.
11 Сонда ол аспанның ашылғанын ҳәм дастурхан сыяқлы бир нәрсениң төрт мүйеши асылған ҳалында жерге түсип киятырғанын көрди.
12 Оның ишинде ҳәр түрли төрт аяқлы жаныўарлар, жер баўырлаўшылар ҳәм аспан қуслары бар еди.
13 Бир даўыс оған: – Петр, тур. Сойып же, – деди.
14 – Яқ, Ийем. Мен ҳеш қашан ҳарам ямаса патас зат жеген емеспен, – деди Петр.
15 Даўыс және екинши рет еситилип, Петрге: – Қудайдың ҳадаллағанын сен ҳарам деме! – деди.
16 Бул үш мәрте тәкирарланып, дастурхан дәрҳал аспанға көтерилип кетти.
17 Көрген аянының нени аңлататуғынын ойлап, Петр ҳайран болып турғанда, Корнелий жиберген адамлар Симонның үйин сорап, қапының алдында тоқтап қалды.
18 Олар даўыслап: – Петр деп аталатуғын Симон усы жерде турып атыр ма? – деп сорады.
19 Петр еле аян ҳаққында ойланып турғанда, Мухаддес Руўх оған: – Әне, үш адам сени излеп жүр.
20 Қәне, орныңнан турып, төменге түс. Ҳеш екиленбестен, олар менен бирге кет. Себеби оларды Мен жибердим, – деди.
21 Петр төменге түсип, адамларға: – Сизлер излеп жүрген адам мен боламан. Қандай жумыс пенен келдиңлер? – деди.
22 Олар Петрге: – Корнелий деген ҳақ ҳәм Қудайдан қорқатуғын, пүткил яҳудийлер ҳүрмет ететуғын бир жүзбасы бар. Оған бир мухаддес периште сени үйине шақыртып, сөзлериңди тыңлаўды буйырыпты, – деди.
23 Сонда Петр оларды ишке мирәт етип, мийман қылды.Ертеңине Петр турып, олар менен бирге жолға шықты. Яффадағы туўысқанлардың айырымлары да оның менен бирге кетти.
24 Олар келеси күни Кесарияға келди. Корнелий ағайин-туўғанларын ҳәм жақын досларын жыйнап, оларды күтип отырған еди.
25 Петр үйге киргенде, Корнелий оны қарсы алды да, аяқларына жығылып, оған табынды.
26 Бирақ Петр оны турғызып: – Тур, мен де адамман-ғо, – деди.
27 Петр Корнелий менен сөйлесип ишке киргенде, көп адамлардың жыйналып отырғанын көрип,
28 оларға былай деди: – Яҳудий адамның басқа миллет адамы менен қарым-қатнаста болып, оған барыўы қадаған екенин билесизлер. Бирақ Қудай маған ҳеш адамды ҳарам ҳәм иплас демеў кереклигин көрсеткен еди.
29 Сонлықтан шақырылғанымда бас тартпай усы жерге келдим. Енди мени не себептен шақырғаныңызды сораўыма бола ма?
30 Корнелий былай деди: – Төрт күн алдын усындай ўақытта, түстен кейин саат үште үйде дуўа етип отыр едим. Тосаттан жарқыраған кийимли бир адам алдымда пайда болып,
31 маған: «Корнелий! Қудай сениң дуўаңды еситип, берген қайыр-садақаларыңды есте сақлады.
32 Яффаға адам жиберип, Петр деп аталатуғын Симонды шақырт. Ол теңиз жағасында жасайтуғын тери ийлеўши Симонның үйинде турып атыр», – деди.
33 Сонлықтан мен сизге дәрриў адам жолладым. Сиз де келип, жақсы қылдыңыз. Енди бизлер ҳәммемиз Ийемиздиң сизге буйырған ҳәр бир нәрсесин тыңлаў ушын Қудай алдында отырмыз.
34 Сонда Петр былай деп сөзин баслады: – Қудайдың адамларды айырмайтуғынын,
35 бирақ Өзинен қорққан ҳәм ҳақ ис ислеўши адамды миллетине қарамай қабыл ететуғынын ҳақыйқаттан түсинип турман.
36 Қудай Израил халқына Ийса Масих арқалы тынышлық Хош Хабарын жәриялағанын билесизлер. Ийса Масих – ҳәр бир адамның Ийеси.
37 Яқыя суўға шомылдырылыўды жәриялағаннан соң, Галиладан баслап пүткил Яҳудияда болған мына ўақыялардан да хабарыңыз бар:
38 Қудай Насыралы Ийсаға Мухаддес Руўх ҳәм қүдирет берип, хызметке тайынлады. Ийса ҳәмме жерди айланып жақсылық иследи, шайтанның қол астында болғанлардың ҳәммесине шыпа берди. Өйткени Қудай Оның менен бирге еди.
39 Ийсаның яҳудийлердиң үлкесинде ҳәм Ерусалимде ислеген ислериниң ҳәммесине бизлер гүўамыз. Адамлар Оны атанақ ағашқа шегелеп өлтирген еди.
40 Бирақ Қудай Ийсаны үшинши күни өлимнен тирилтти ҳәм Оның адамларға көриниўине жол қойды.
41 Ол адамлардың ҳәммесине емес, ал Қудайдың алдын ала таңлаған гүўаларына, яғный бизлерге, өлимнен қайта тирилгеннен кейин Өзи менен бирге ишип-жегенлерге көринди.
42 Ол Өзиниң Қудай тәрепинен тирилерди ҳәм өлилерди ҳүким етиўши болып тайынланғанын халыққа жәриялаўымызды ҳәм бул ҳаққында гүўалық бериўимизди буйырды.
43 Пайғамбарлардың ҳәммеси Ийса ҳаққында гүўалық берип, Оған исенген ҳәр бир адамның гүналары Оның аты менен кеширилетуғынын айтқан еди.
44 Петр еле усы сөзлерди сөйлеп турғанда, Қудайдың сөзлерин еситкен ҳәр бир адамның үстине Мухаддес Руўх түсти.
45 Петр менен бирге келген исениўши яҳудийлер Мухаддес Руўхтың сыйы басқа миллет адамларының үстилерине де жаўғанына таң қалысты.
46 Себеби олардың басқа тиллерде сөйлеп, Қудайды алғыслап турғанын еситти. Сонда Петр:
47 – Булар да анық бизлер сыяқлы Мухаддес Руўхты алды. Олардың суўға шомылдырылыўына ким қадаған ете алады? – деди.
48 Солай етип, Петр олардың Ийса Масихтың аты менен суўға шомылдырылыўын буйырды. Соңынан олар Петрден бир неше күн қалыўын өтиниш етти.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16