Елшилер 1 bob

Матиястың Яҳуданың орнына сайланыўы (12-26).

1 Ҳүрметли Теофил! Мен биринши китабымда Ийсаның ислеўге ҳәм үйретиўге кирискенинен баслап,
2 Өзи таңлаған елшилерине Мухаддес Руўх арқалы буйрықлар бергеннен соң, аспанға алынған күнине дейин болған ўақыялардың ҳәммесин жазған едим.
3 Ол азап шегип өлгеннен кейин, көп исенимли дәлиллер менен елшилерге Өзиниң қайта тирилгенин көрсетти. Қырық күн даўамында оларға көринип, Қудайдың Патшалығына байланыслы нәрселер ҳаққында айтты.
4 Олар менен бирге болғанда мына буйрықты берди: – Ерусалимнен кетип қалмаңлар. Ал өзлериңиз Меннен еситкен Әкемниң ўәдесиниң орынланыўын күтиңлер.
5 Себеби Яқыя суў менен шомылдырған еди, бирақ сизлер көп күн өтпей Мухаддес Руўх пенен шомылдырыласызлар.
6 Елшилер бирге жыйналғанда, Ийсадан былай деп сорады: – Ийем, Израилға патшалықты ҳәзир қайтарып бережақсаң ба?
7 Ийса оларға: – Әкениң Өз бийлиги менен белгилеп қойған ўақыт-мәҳәллерин билиў сизлерге берилмеген.
8 Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар, – деди.
9 Ийса усыларды айтып болып, олардың көз алдында аспанға алынды. Оны бир булт қаплап, олардың нәзеринен узақластырды.
10 Ийса көтерилип баратырғанда, олар көзлерин аспанға тигип турған еди. Бирден олардың қасында ақ кийимли еки адам пайда болып:
11 – Ҳәй, галилалылар, неге аспанға қарап турсызлар? Сизлерден аспанға алынған бул Ийсаның қалай көтерилгенин көргениңиздей, Ол анық солай қайтып келеди, – деди.
12 Буннан соң, елшилер Зәйтүн таўы деп аталған таўдан Ерусалимге қайтып келди. Бул таў Ерусалимге жақын болып, бир шақырымдай жерде жайласқан еди.
13 Қалаға кирип, өзлери болып атырған үйдиң жоқарғы қабатына көтерилди. Олар: Петр, Юхан, Яқып, Андрей, Филип, Томас, Бартоломей, Матта, Алпейдиң улы Яқып, ўатансүйер Симон ҳәм Яқып улы Яҳуда еди.
14 Булардың ҳәммеси ҳаял-қызлар, Ийсаның анасы Мәриям ҳәм Оның туўысқанлары менен бирликте үзликсиз дуўа ететуғын еди.
15 Сол күнлердиң биринде жыйналған бир жүз жигирмаға шамалас исениўшилердиң арасынан Петр орнынан турып былай деди:
16 – Туўысқанларым! Мухаддес Руўхтың Ийсаны услап алғанларға жолбасшылық еткен Яҳуда ҳаққында Даўыт арқалы әўелден билдирген Мухаддес Жазыўы орынланыўы керек еди.
17 Яҳуда да бизлердиң арамызда бири болып, усы хызметтен үлесин алған еди.
18 (Бул адам өз қылмысының ҳақысына бир егислик жер сатып алды. Ол сол жерде ет-бетинен жығылып, қарны жарылды ҳәм барлық ишеклери ақтарылды.
19 Бул ўақыя Ерусалим турғынларының ҳәммесине мәлим болды. Сонлықтан сол егислик жер олардың тилинде «Хакелдама» деп аталып, «Қан жери» деген мәнисти аңлатады.)
20 Өйткени Забурда: «Оның мәканы қаңырап қалсын, Онда жасаўшы болмасын». Және де: «Оның орнын басқа биреў ийелесин», – деп жазылған.
21 Сонлықтан Ийемиз Ийса бизлер менен бирге болғанда, яғный Яқыяның суўға шомылдырыўынан баслап,
22 Ийсаның аспанға алынған күнине дейин, бәрқулла бизлердиң арамызда болған адамлардың бири Оның қайта тирилгенине бизлер менен бирге гүўа болыўы тийис.
23 Солай етип, еки адам: лақабы Юстус болған Барсаба деп аталатуғын Юсуп ҳәм Матияс усынылды.
24 Соңынан олар былай деп дуўа етти: – О, Ийемиз, Сен ҳәр бир адамның кеўлин билесең.
25 Усы еки адамның қайсысын елшилик хызметине таңлағаныңды бизлерге көрсет. Ал Яҳуда бул хызметти таслап, өзине ылайықлы жерге кетти.
26 Олар екеўине шек таслағанда, шек Матиясқа түсти. Солай етип, ол он бир елшиниң қатарына қосылды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16