Юхан 9 bob

Ийсаның иштен соқыр болып туўылған адамға шыпа бериўи (1-34), Руўхый соқырлық (35-41).

1 Ийса өтип баратырғанда, иштен соқыр болып туўылған бир адамды көрди.
2 Шәкиртлери Ийсадан: – Устаз! Бул адамның соқыр болып туўылыўы кимниң гүнасы себепли болды, өзиниң бе ямаса ата-анасының ба? – деп сорады.
3 Ийса былай деп жуўап берди: – Бул адамның өзиниң де, ата-анасының да гүнасы себепли болған жоқ. Қудайдың ислери оның өмиринде көриниўи ушын, ол соқыр болып туўылды.
4 Еле күндиз екен, Мени Жибергенниң ислерин ислеўимиз керек. Түн келеди, сонда ҳеш ким ислей алмайды.
5 Мен дүньяда екенмен, дүньяның нурыман.
6 Ийса бул сөзлерди айтып болып, жерге түкирди де, түкириктен ылай ислеп, оны соқырдың көзлерине жақты
7 ҳәм оған: – Барып, Силоҳа ҳәўизинде жуўын, – деди. Силоҳа – «Жиберилген» деген мәнисти билдиреди. Ол барып жуўынды ҳәм көзлери көретуғын болып, қайтып келди.
8 Сонда қоңсылары ҳәм бурын оның тиленшилик етип отырғанын көргенлер: – Бул – тиленшилик етип отыратуғын сол адам емес пе? – деди.
9 Биреўлери: «Аўа, сол», десе, басқалары: «Яқ, ол тек соған уқсайды», дести. Ал оның өзи: «Мен сол адамман», деди.
10 – Олай болса, көзлериң қалай ашылды? – деп сорады олар.
11 Ол жуўап берип: – Ийса деген Адам ылай ислеп, көзлериме жақты ҳәм маған: «Силоҳа ҳәўизине барып, жуўын», – деди. Сонда мен барып, жуўындым ҳәм көзлерим көретуғын болды, – деди.
12 Олар: – Ол қаяқта? – деп сорады. – Билмеймен, – деди ол.
13 Адамлар бурын соқыр болған адамды парисейлердиң алдына алып барды.
14 Ийсаның ылай ислеп, соқырдың көзин ашқан күн дем алыс күни еди.
15 Сонда парисейлер де оннан көзлериниң қалай көретуғын болғанын сорады. Сол адам оларға: – Ийса мениң көзлериме ылай жақты. Мен жуўындым ҳәм енди көретуғын болдым, – деди.
16 Сонда гейбир парисейлер: – Бул Адам Қудайдан емес. Өйткени дем алыс күни жумыс ислеп атыр, – деди. Бирақ басқалары: – Гүнакар адам бундай кәраматларды қалай ислей алады? – деди. Солай етип, олардың арасында бөлиниў пайда болды.
17 Олар және бурын соқыр болған сол адамнан: – Көзлериңди ашқан сол Адам ҳаққында сен не айтасаң? – деп сорады. – Ол пайғамбар, – деди ол.
18 Бирақ яҳудий басшылары көзлери ашылған адамның атаанасын шақыртпағанша, оның бурын соқыр болғанына ҳәм енди көзлериниң көретуғынына исенбеди.
19 Олар оның ата-анасынан: – Иштен соқыр болып туўылды, деп айтқан улыңыз усы ма? Енди ол қалай көретуғын болды? – деп сорады.
20 Оның ата-анасы жуўап берип: – Оның бизлердиң улымыз екенин ҳәм соқыр болып туўылғанын билемиз.
21 Бирақ, енди қалай оның көретуғын болғанын ҳәм оның көзлерин кимниң ашқанын билмеймиз. Өзинен сораң, ол ержеткен, өзи ушын өзи сөйлесин, – деди.
22 Соқыр адамның ата-анасы яҳудий басшыларынан қорққанлықтан усылай деди. Себеби яҳудий басшылары: «Ким Ийсаның Масих екенин тән алса, ол мәжилисханадан қуўылсын», – деп тил бириктирген еди.
23 Сонлықтан оның ата-анасы: «Ол ержеткен, өзинен сораң», – деген еди.
24 Солай етип, парисейлер соқыр болған адамды екинши мәрте шақырып, оған: – Ҳақыйқатын айтып, Қудайды мақта! Бизлер бул Адамның гүнакар екенин билемиз, – деди.
25 – Ол гүнакар ма, гүнакар емес пе, билмеймен. Мен тек бир нәрсени билемен: соқыр едим, енди көретуғын болдым, – деп жуўап берди ол.
26 Олар және оннан: – Ол саған не иследи? Көзлериңди қалай ашты? – деп сорады.
27 – Мен сизлерге жаңа ғана айттым-ғо, бирақ сизлер тыңламадыңлар. Және не еситпекшисизлер? Сизлер де Оның шәкиртлери болыўды қәлейсизлер ме? – деп жуўап берди ол.
28 Сонда яҳудийлер оған жекиринип: – Сен Оның шәкирти! Ал бизлер Муўсаның шәкиртлеримиз!
29 Қудайдың Муўса менен сөйлескенин билемиз. Бирақ бул Адамның қаяқтан келгенин билмеймиз, – деди.
30 Көзи ашылған адам оларға: – Таң қаларлығы сол-дә! Сизлер Оның қаяқтан келгенин билмейсизлер, бирақ Ол мениң көзлеримди ашты.
31 Бизлер Қудайдың гүнакарларды тыңламайтуғынын билемиз. Бирақ ким де ким Қудайды сыйлап, Оның еркин орынласа, соны тыңлайды.
32 Дүнья бар болғалы, иштен соқыр болып туўылған адамның көзин биреўдиң ашыўы – ҳеш еситилмеген гәп.
33 Егер бул Адам Қудайдан болмағанда, ҳеш нәрсе ислей алмас еди, – деди.
34 Яҳудийлер оған жуўап берип: – Өзиң пүткиллей гүнаға батып туўылғансаң, сен бе бизлерди үйрететуғын? – деп, оны қуўып шығарды.
35 Парисейлердиң оны қуўып шығарғанын еситкен Ийса оны таўып: – Сен Адам Улына исенесең бе? – деп оннан сорады.
36 Ол жуўап берип: – Мырза, Ол ким? Маған айт, мен де Оған исенейин, – деди.
37 Ийса оған: – Сен Оны көрдиң. Мине, сениң менен сөйлесип турған – Оның Өзи, – деди.
38 Сонда ол: – Ийем, исенемен, – деп, Ийсаға табынды.
39 Ийса: – Соқырлар көрсин, көретуғынлар соқыр болсын деп, Мен бул дүньяны ҳүким етиўге келдим, – деди.
40 Ийсаның қасында болған айырым парисейлер бул сөзлерди еситип, Оған: – Не, бизлер де соқырмыз ба? – деди.
41 Ийса оларға: – Егер сизлер соқыр болғаныңызда, гүнаңыз болмас еди. Бирақ: «Көзлеримиз көреди» дегениңиз ушын, гүнаңыз мойныңызда қалады, – деди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16