Юхан 6 bob

Ийсаның бес мың адамды тойғызыўы (1-15), Ийсаның теңиздиң үсти менен жүриўи (16-24), Ийса – өмир наны (25-59), Мәңгилик өмир сөзлери (60-71).

1 Буннан соң, Ийса Галила, яғный Тиберия теңизиниң арғы жағасына өтти.
2 Оның аўырыўларға ислеген кәраматларын көргенликтен, көп халық изине ерди.
3 Ийса таўға шығып, шәкиртлери менен бирге сол жерде отырды.
4 Яҳудийлердиң Қутқарылыў байрамы жақынлап қалған еди.
5 Ийса басын көтерип, Өзине қарай көп халықтың киятырғанын көрип, Филиптен: – Бул адамларға жегизиў ушын нанды қаяқтан сатып аламыз? – деп сорады.
6 Ийса бул гәпти оны сынаў ушын айтты. Себеби Ол не ислейжақ екенин Өзи билетуғын еди.
7 Филип Оған: – Олардың ҳәр бирине аз-маз берсек те, еки жүз динарлық нан жетпейди-ғо, – деп жуўап берди.
8 Шәкиртлеринен бири, Симон Петрдиң туўысқаны Андрей Ийсаға:
9 – Бул жерде бир балада бес арпа наны менен еки балық бар. Бирақ усыншама адам ушын булар не болады? – деди.
10 Ийса: – Халықты жерге отырғызыңлар, – деди. Ол жерде шөп көп болғанлықтан, бес мыңға шамалас ер адам жерге жамбаслады.
11 Сонда Ийса нанларды алып, Қудайға шүкирлик етти де, отырғанларға үлестирип берди. Сол сыяқлы, оларға балықларды да қәлегенинше бөлип берди.
12 Ҳәмме жеп тойғанда, Ийса шәкиртлерине: – Аўысқан бөлеклерин жыйнап алыңлар, ҳеш нәрсе зая болмасын, – деди.
13 Солай етип, шәкиртлер адамлар жеген бес арпа нанынан аўысқан бөлеклерди жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
14 Халық Ийсаның ислеген кәраматын көрип: – Ҳақыйқаттан да, Бул дүньяға келетуғын пайғамбар екен, – дести.
15 Ийса олардың келип, Өзин патша қылыў ушын зорлық пенен услайжақ екенин билгенде, және жалғыз Өзи таўға шығып кетти.
16 Кеш болғанда, Ийсаның шәкиртлери теңизге барды.
17 Олар бир қайыққа минип, теңиздиң арғы жағасындағы Капарнаҳумға қарай жол алды. Қараңғы түссе де, Ийса еле олардың қасына келмеген еди.
18 Күшли самал есип, теңиз толқынлана баслады.
19 Шәкиртлер бесалты шақырымдай жүзгеннен соң, теңиздиң үсти менен жүрип, қайыққа жақынласып киятырған Ийсаны көрип, қорқып қалысты.
20 Бирақ Ийса оларға: – Бул – Мен, қорқпаңлар! – деди.
21 Сонда олар Ийсаны қайыққа миндирмекши болды. Қайық сол ўақытта-ақ олар баратырған жағаға келип тоқтады.
22 Ертеңине теңиздиң арғы жағасында қалған халық ол жерде тек бир қайық болғанын, Ийсаның Өзи шәкиртлери менен бирге бул қайыққа минбегенин, ал тек шәкиртлериниң өзлери кеткенин билди.
23 Сонда Ийемиз шүкирлик етип берген нанды халық жеген жердиң жақынына Тибериядан бир неше қайықлар келди.
24 Ийсаның да, шәкиртлериниң де ол жерде жоқ екенин көрген халық қайықларға минди ҳәм Ийсаны излеп, Капарнаҳумға кетти.
25 Олар Ийсаны теңиздиң арғы жағасынан таўып, Оннан: – Устаз, Сен бул жерге қашан келдиң? – деп сорады.
26 Ийса оларға жуўап берип: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер Мени кәраматлар көргениңиз ушын емес, ал нан жеп тойғаныңыз ушын излеп атырсызлар.
27 Сизлер бузылатуғын азық ушын емес, ал мәңгилик өмирге сақланатуғын азық ушын мийнет етиңлер. Оны сизлерге Адам Улы береди. Өйткени Қудай Әке Оған Өз мөрин басып, бийлик берди, – деди.
28 Олар Ийсадан: – Қудайға унайтуғын ислерди ислеўимиз ушын не қылыўымыз керек? – деп сорады.
29 Қудайға унайтуғын ис – Оның Жибергенине исениў, – деп жуўап берди Ийса.
30 Олар Ийсаға: – Бизлер көрип, Саған исениўимиз ушын, қандай кәрамат көрсетежақсаң? Не ислейжақсаң?
31 «Жеў ушын оларға аспаннан нан берди», – деп жазылғандай, ата-бабаларымыз шөлде манна* жеген, – деди
32 Ийса оларға: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлерге аспаннан нан берген Муўса емес, ал аспаннан ҳақыйқый нанды сизлерге берип турған – Мениң Әкем.
33 Себеби Қудайдың наны аспаннан келип, дүньяға өмир береди, – деди.
34 Халық Ийсаға: – Мырза, бизлерге бундай нанды ҳәмме ўақыт берип тур, – деди.
35 Ийса оларға былай деди: – Мен – өмир наныман. Маған келген адам ҳеш қашан аш болмайды ҳәм Маған исенген адам ҳеш қашан шөллемейди.
36 Бирақ Мен сизлерге: «Мени көрдиңлер, сонда да Маған еле исенбей атырсызлар», – дедим-ғо.
37 Әкемниң Маған бергенлериниң ҳәммеси Маған келеди. Маған келгенлерди ҳеш қашан қуўып шығармайман.
38 Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени Жибергенниң еркин орынлаў ушын аспаннан келдим.
39 Оның Маған бергенлериниң ҳеш бирин жойтпаўым, ал ақырғы күнде ҳәммесин тирилтиўим – бул Мени Жибергенниң ерки.
40 Әкемниң ерки – Оның Улын көрип, Оған исенген ҳәр бир адамның мәңгилик өмирге ийе болыўы. Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
41 Сонда «Мен аспаннан келген нанман», – дегени ушын, яҳудийлер Ийсаға наразылық билдире баслады.
42 – Бул – Юсуптың улы Ийса емес пе? Бизлер Оның ата-анасын таныймыз-ғо. Енди қалай Ол: «Аспаннан келдим», – деп айтып отыр? – дести олар.
43 Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Өз ара наразы болмаңлар.
44 Егер Мени Жиберген Әкем алып келмесе, ҳеш ким Маған келе алмайды, ал Маған келгенди ақырғы күни тирилтемен.
45 Пайғамбарлардың Жазыўларында: «Ҳәммеси Қудай тәрепинен үйретиледи», – деп жазылған. Әкемнен еситип, Оннан үйренген ҳәр бир адам Маған келеди.
46 Қудайдан Келгеннен басқа ҳеш ким Әкени көрген емес, Әкени тек ғана Ол көрген.
47 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: исенген адам мәңгилик өмирге ийе.
48 Мен – өмир наныман.
49 Ата-бабаларыңыз шөлде манна жесе де, өлип кетти.
50 Бул жерде аспаннан келген бир нан бар, оны жеген адам өлмейди.
51 Мен – аспаннан келген тири нанман. Егер ким де ким бул нанды жесе, мәңги жасайды. Дүньяға өмир бериў ушын, Мен беретуғын бул нан – Өз денем
52 Сонда яҳудийлер: – Ол қалай бизлерге Өз денесин жеўге бере алады? – деп өз ара тартыса баслады.
53 Ийса оларға былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Адам Улының денесин жеп, қанын ишпесеңлер, сизлерде өмир болмайды.
54 Мениң денемди жеп, қанымды ишкен адамда мәңгилик өмир бар ҳәм Мен оны ақырғы күни тирилтемен.
55 Себеби Мениң денем – ҳақыйқый азық, қаным – ҳақыйқый ишимлик.
56 Денемди жеп, қанымды ишкен адам Менде жасайды, Мен онда жасайман.
57 Мени тири Әкем жибергендей ҳәм Мениң Әкем арқалы жасап атырғанымдай, Мениң денемди жеген адам да Мен арқалы жасайды.
58 Аспаннан түскен нан, мине – усы. Бул нан ата-бабаларыңыз жеген маннаға уқсамайды. Олар өлип кетти, ал бул нанды жеген адам мәңги жасайды.
59 Ийса бул сөзлерди Капарнаҳумдағы мәжилисханада тәлим бергенде айтты.
60 Шәкиртлериниң көбиси буны еситип: – Қандай қыйын сөзлер! Буны ким қабыллай алады? – деди.
61 Шәкиртлериниң буған наразы болғанын билип, Ийса былай деди: – Бул сөзлер исениўиңизге тосқынлық қылып атыр ма?
62 Егер Адам Улының бурын болған жерине көтерилгенин көрсеңиз ше?
63 Руўх өмир береди, ал дене пайда келтирмейди. Сизлерге айтқан сөзлерим руўх ҳәм өмир.
64 Бирақ араңызда исенбейтуғынлар бар. Өйткени Ийса кимлердиң исенбейтуғынын ҳәм кимниң Өзине сатқынлық ислейтуғынын бурыннан-ақ билетуғын еди
65 Ийса және: – «Әкем жол қоймаса, ҳеш ким Маған келе алмайды», – деп сол себепли айтқан едим, – деди.Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң көбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды.
66 Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң көбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды.
67 Сонда Ийса он еки шәкиртинен: – Сизлер де кетпекшимисиз? – деп сорады.
68 Симон Петр жуўап берип: – Ийем, бизлер кимге барамыз? Сенде мәңгилик өмир сөзлери бар.
69 Бизлер исенемиз ҳәм билемиз: Сен – Қудайдың Мухаддесисең, – деди.
70 Ийса оларға: – Сизлерди, он екини таңлап алған Өзим емес пе? Бирақ араңыздағы бириңиз – шайтан, – деди.
71 Ол Симон улы Яҳуда Исқариот ҳаққында айтқан еди. Себеби Яҳуда он екиниң бири болса да, кейин Ийсаға сатқынлық иследи



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16