Юхан 5 bob

Ҳәўиздеги ләңниң шыпа табыўы (1-18), Қудай Улының бийлиги (19-47).

1 Буннан соң, яҳудийлердиң бир байрамы болып, Ийса Ерусалимге кетти.
2 Ерусалимдеги Қой дәрўазасы қасында еврейше Бейтеста деп аталған бес айўанлы бир ҳәўиз бар еди.
3 Бул жерде соқыр,
4 ақсақ ҳәм ләң болған жүдә көп кесел адамлар жататуғын еди.
5 Сол жерде отыз сегиз жылдан бери кесел болған бир адам бар еди.
6 Ийса оның жатырғанын көргенде, узақ ўақыттан бери усы аўҳалда екенин билип, оннан: – Тәўир болыўды қәлейсең бе? – деп сорады.
7 Кесел адам Оған: – Мырза, суў қозғалғанда, мени ҳәўизге түсиретуғын ҳеш кимим жоқ. Мен бараман дегенше, басқа адам меннен бурын түсип алады, – деди.
8 Ийса оған: – Орныңнан тур, төсегиңди ал да, жүр, – деди.
9 Ол адам сол ўақытта-ақ шыпа тапты ҳәм төсегин алып жүрип кетти. Бул дем алыс күни еди.
10 Сонлықтан яҳудий басшылары шыпа тапқан адамға: – Бүгин дем алыс күни-ғо, төсегиңди алып жүриўге болмайды, – деди.
11 Бирақ, сол адам оларға былай деп жуўап берди: – Маған шыпа берген Адам: «Төсегиңди ал да, жүр», – деди.
12 – Саған: «Төсегиңди ал да, жүр», – деген Адам ким? – деп сорады олар.
13 Ал шыпа тапқан адам Оның ким екенин билмейтуғын еди. Себеби Ийса сол жердеги халықтың арасында көринбей қалған еди.
14 Соңынан Ийса сол адамды Ибадатханада ушыратып қалды ҳәм оған: – Мине, сен шыпа таптың. Саған және де жаманырақ нәрсе болмаўы ушын, буннан былай гүна ислеме, – деди.
15 Сол адам барып, өзине шыпа берген Адамның Ийса екенин яҳудий басшыларына айтып берди.
16 Сонлықтан бундай ислерди дем алыс күни ислегени ушын, яҳудий басшылары Ийсаны қуўдалай баслады.
17 Бирақ Ийса оларға былай деп жуўап берди: – Әкем усы күнге дейин мийнет етип киятыр, Мен де мийнет етип атырман.
18 Сол себепли яҳудий басшылары Оны өлтириў ушын және де көбирек ҳәрекет етти. Өйткени Ол тек дем алыс күнин бузып ғана қоймай, Қудайды Әкем деп, Өзин Қудайға теңлестирген еди.
19 Ийса яҳудийлерге былай деди: – Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Ул Әкениң қылған ислерин көрмегенше, Өзлигинен ҳеш нәрсе ислей алмайды. Әке нени ислесе, Улы да соны ислейди.
20 Себеби Әке Улын сүйеди ҳәм ислегенлериниң ҳәммесин Оған көрсетеди. Сизлерди ҳайран қалдыратуғын булардан да уллырақ ислерди Оған көрсетеди.
21 Әкениң өлилерди тирилтип, оларға өмир бергени сыяқлы, Улы да қәлеген адамына өмир береди.
22 Әке ҳеш кимди ҳүким қылмайды, Ол пүткил ҳүкимди Улына тапсырған.
23 Солай етип, ҳәмме адам Әкени ҳүрмет еткени сыяқлы, Улды да ҳүрмет етсин. Улды ҳүрмет етпеген Оны жиберген Әкени де ҳүрмет етпеген болады.
24 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң сөзлеримди тыңлап, Мени Жибергенге исенген адамда мәңгилик өмир бар. Ол ҳүким етилмей, өлимнен өмирге өтти.
25 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: өлилердиң Қудайдың Улының даўысын еситетуғын ўақты келеди ҳәм ол ҳәзир келди де. Оның даўысын еситкенлер тириледи.
26 Өйткени Әкениң Өзи өмирдиң тийкары болғаны сыяқлы, Улдың Өзине де өмирдиң тийкары болыўды рухсат етти.
27 Оған ҳүким етиў бийлигин де берди. Себеби Ол – Адам Улы.
28 Буған ҳайран қалмаңлар. Қәбирдегилердиң ҳәммесиниң Оның даўысын еситетуғын ўақты киятыр.
29 Олар қәбирлерден шығады. Жақсылық қылғанлар жасаў ушын, жаманлық қылғанлар ҳүким етилиў ушын қайта тириледи.
30 Мен Өзлигимнен ҳеш нәрсе ислей алмайман. Қалай еситсем, солай ҳүким қыламан ҳәм Мениң ҳүкимим әдил. Өйткени Мен Өз еркимди емес, ал Мени жиберген Әкемниң еркин орынлаўға тырысаман.
31 Егер Мен Өзим туўралы Өзим гүўалық берсем, гүўалығым ҳақыйқый болмайды.
32 Бирақ Мен туўралы гүўалық бериўши басқа Биреў бар, Оның Мен туўралы берип атырған гүўалығының ҳақыйқат екенин билемен.
33 Сизлер Яқыяға адамларды жибердиңлер, ол ҳақыйқат ҳаққында гүўалық берди.
34 Мен адамның гүўалығына мүтәж болмасам да, буларды сизлердиң қутқарылыўыңыз ушын айтып атырман.
35 Яқыя – жанып, нур шашып турған шыра еди. Сизлер оның нурында аз ўақыт қуўаныўды қәледиңлер.
36 Бирақ Менде Яқыяникинен уллырақ гүўалық бар. Себеби Әкемниң Маған орынлаўым ушын тапсырған ислери, усы ислеп атырған ислеримниң өзи Мени Әкемниң жибергени ҳаққында гүўалық берип атыр.
37 Мени жиберген Әкемниң Өзи Мен туўралы гүўалық берип тур. Сизлер ҳеш қашан Оның даўысын да еситпегенсизлер, жүзин де көрмегенсизлер.
38 Оның сөзлери де сизлерде жай алмайды, өйткени сизлер Оның Жибергенине исенбей атырсызлар.
39 Сизлер Мухаддес Жазыўларды изертлейсизлер, себеби олар арқалы мәңгилик өмирге ийе боламыз, деп ойлайсызлар. Ал олар Мен туўралы гүўалық береди.
40 Бирақ сизлер мәңгилик өмирге ийе болыў ушын, Маған келиўди қәлемейсизлер-ғо.
41 Мен адамлардан мақтаў қабыл қылмайман.
42 Бирақ сизлерди билемен, кеўиллериңизде Қудайдың сүйиспеншилиги жоқ.
43 Мен Әкемниң атынан келсем де, Мени қабыл етпей атырсызлар. Егер басқа биреў өз аты менен келсе, оны қабыл етесизлер.
44 Сизлер бирбириңизден мақтаў еситиўди жақсы көресизлер, бирақ жалғыз Қудайдың мақтаўына ерисиўге умтылмайсызлар. Олай болса, Маған қалай исене аласызлар?
45 Мени Әкемниң алдында сизлерди айыплайды, деп ойламаңлар. Сизлерди айыплаўшы өзлериңиз үмит ететуғын Муўса болады.
46 Муўсаға исенгениңизде, Маған да исенер едиңлер. Өйткени ол Мен туўралы жазған ед+.
47 Бирақ Муўсаның Жазыўларына исенбесеңлер, Мениң сөзлериме қалай исенесизлер?



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16