Юхан 4 bob

Ийса ҳәм самариялы ҳаял (1-38), Самариялылардың Ийсаға исениўи (39-42), Ийсаның патша хызметкериниң улына шыпа бериўи (43-54).

1 Парисейлер Ийсаның Яқыяға қарағанда көп шәкирт арттырып, оларды шомылдырып жүргенин еситти.
2 Ҳақыйқатында Ийсаның Өзи емес, ал шәкиртлери шомылдыратуғын еди.
3 Ийемиз Ийса буны билгенде Яҳудиядан шығып, және Галилаға кетти.
4 Баратырып, Самария арқалы өтиўи керек еди.
5 Солай етип, Ол Самарияның Сихар деп аталған қаласына келди. Бул қала Яқыптың өз баласы Юсупке берген жерине жақын еди.
6 Сол жерде Яқыптың қудығы да бар еди. Ийса жол жүрип шаршағанлықтан, қудықтың қасында отырды. Саат он екилер шамасында еди.
7 Сол ўақытта самариялы бир ҳаял суў алыўға келди. Ийса оған: – Маған ишиўге суў бер, – деди.
8 Ал Ийсаның шәкиртлери азық-аўқат сатып алыў ушын қалаға кеткен еди.
9 Самариялы ҳаял: – Сен яҳудийсең, ал мен самариялы ҳаялман. Қалай меннен суў сорап турсаң? – деди. Өйткени яҳудийлер самариялылар менен қарым-қатнас жасамайды.
10 Ийса ҳаялға: – Егер сен Қудайдың сыйын ҳәм «Маған ишиўге суў бер», – деп айтып турғанның ким екенин билгениңде, сениң өзиң Оннан сорар едиң, Ол саған тири суў берер еди, – деп жуўап берди.
11 – Мырза! Сенде суў алатуғын ҳеш нәрсе жоқ-ғо, қудық болса терең. Сен тири суўды қаяқтан аласаң?
12 Сен бул қудықты бизлерге берген, өзи де, балалары да, маллары да оннан суў ишкен, бабамыз Яқыптан уллымысаң? – деди ҳаял.
13 Ийса ҳаялға былай деп жуўап берди: – Бул суўдан ишкен ҳәр бир адам және шөллейди.
14 Бирақ Мен беретуғын суўдан ишкен ҳәр бир адам мәңгиге шөллемейди. Керисинше, Мен беретуғын суў оның ишинде мәңгилик өмир беретуғын тири булаққа айланады.
15 Ҳаял Ийсаға: – Мырза, енди шөллемеўим ушын ҳәм суў алыўға бул жерге келмеўим ушын, усы суўдан маған бер, – деди.
16 – Барып, күйеўиңди бул жерге шақырып кел, – деди Ийса.
17 Ҳаял Оған: – Мениң күйеўим жоқ, – деп жуўап берди. – Күйеўим жоқ деп, сен дурыс айттың.
18 Сениң бес күйеўиң болды. Ҳәзир бирге жасап атырған адамың да күйеўиң емес. Буны сен дурыс айттың, – деди Ийса.
19 Ҳаял Оған: – Мырза, Сениң пайғамбар екениңе көзим жетип тур.
20 Атабабаларымыз бул таўда сыйынды, бирақ сизлер: «Сыйыныўға тийисли жер Ерусалимде», – дейсизлер, – деди.
21 Ийса оған былай деди: – Ҳаял, Маған исен, Қудай Әкеге бул таўда да, Ерусалимде де сыйынбайтуғын ўақыт киятыр.
22 Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар, ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден.
23 Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Қудай Әкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Әне, сол ўақыт ҳәзир келди. Қудай Әке де Өзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр.
24 Қудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис.
25 Ҳаял Ийсаға: – Қутқарыўшы Масихтың келетуғынын билемен. Ол келгенде, бизлерге ҳәммесин билдиреди, – деди.
26 Ийса оған: – Сениң менен сөйлесип турған Мен – Солман, – деди.
27 Сол ўақытта Ийсаның шәкиртлери келди ҳәм Оның бир ҳаял менен сөйлесип турғанын көрип, ҳайран қалысты. Бирақ олардың ҳеш қайсысы: «Сен оннан не сорап турсаң?» ямаса «Оның менен неге сөйлесип турсаң?» – деп сорамады.
28 Сонда ҳаял гүзесин қалдырып, қалаға кетти ҳәм адамларға:
29 – Келиңлер, маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берген Адамды көриңлер. Ол Масих емес пе екен? – деди.
30 Адамлар қаладан шығып, Ийсаға қарай жүрди.
31 Соның арасында шәкиртлери Ийсадан өтинип: – Устаз, аўқат же! – деди.
32 Бирақ Ийса оларға: – Менде сизлер билмейтуғын аўқат бар, – деди.
33 Шәкиртлер бир-бирине: – Мүмкин, биреў Оған аўқат әкелген шығар? – дести.
34 Бирақ Ийса оларға былай деди: – Мениң аўқатым – Мени Жибергенниң еркин орынлаў ҳәм Оның исин тамамлаў.
35 Сизлер: «Жыйын-теримге еле төрт ай бар», – деп айтпайсызлар ма? Бирақ, сизлерге айтатуғыным: көзлериңизди ашып, егинликке қараңлар. Олар писип жетилисип, жыйын-теримге таяр тур.
36 Орақшы өз ҳақын алады ҳәм мәңгилик өмир ушын зүрәәт жыйнайды. Солай етип, еккен де, орған да бирге қуўанады.
37 «Биреўи егеди, басқасы орады», – деген нақыл усыған туўры келеди.
38 Мен сизлерди өзлериңиз мийнет етпеген зүрәәтти орыўға жибердим. Басқалар мийнет еткен еди, ал сизлер олардың мийнетиниң зүрәәтин алдыңлар.
39 «Ол маған ислеген ислеримниң ҳәммесин айтып берди», – деген ҳаялдың гүўалығы себепли, сол қаладағы самариялылардың көбиси Ийсаға исенди.
40 Сонлықтан самариялылар Ийсаға келип, өзлери менен қалыўды өтинди. Ол сол жерде еки күн қалды.
41 Ийсаның сөзин еситип, және де көбирек адамлар исенди.
42 Олар ҳаялға: – Бизлер енди сениң сөзлериң себепли емес, ал Оның сөзлерин өзлеримиз еситип, Оның ҳақыйқаттан да дүньяның Қутқарыўшысы екенин билип, исенемиз, – дести.
43 Еки күн өткеннен соң, Ийса сол жерден шығып, Галилаға кетти.
44 Ийсаның Өзи: «Пайғамбар өз ўатанында қәдирсиз», – деп айтқан еди.
45 Ол Галилаға келгенде, галилалылар Оны жыллы жүзлик пенен қабыл алды. Өйткени олар да Ерусалимдеги Қутқарылыў байрамына барып, Ийсаның сол жерде ислеген барлық ислерин көрген еди.
46 Ийса және Өзи суўды шарапқа айландырған Галиланың Кана қаласына келди. Сол жерде патшаның бир хызметкери болып, оның улы Капарнаҳумда аўырып атырған еди.
47 Ол Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгенин еситип, Оған барды. Келип, өлим төсегинде жатырған улына шыпа бериўди Ийсадан өтинди.
48 Ийса оған: – Сизлер кәраматлы белгилерди ҳәм таң қаларлық нәрселерди көрмегенше исенбейсизлер, ә! – деди.
49 Патша хызметкери Ийсаға: – Мырза, улым өлип қалмастан бурын келе гөр! – деди.
50 Ийса оған: – Бар, улың жасайды, – деди. Ол адам Ийсаның сөзине исенип, кетти.
51 Жолда киятырғанда оны хызметшилери қарсы алып, оған баласының тири қалғанын айтты.
52 Ол хызметшилеринен баласының аўҳалының саат нешеде жеңиллескенин сорағанда, олар: – Кеше түски саат бирде ыссылығы түсти, – дести.
53 Сонда баланың әкеси буның: «Улың жасайды», – деп Ийса айтқан ўақытта болғанын билип, оның өзи ҳәм шаңарағындағылардың ҳәммеси исенди.
54 Бул – Ийсаның Яҳудиядан Галилаға келгеннен соң ислеген екинши кәраматы еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16